Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Репрессия қурбанларының мийрасын буннан былай да терең үйрениў ҳәм олардың естелигин мәңгилестириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында
2020-10-08 | Ҳүжжетлер
Өзбекстан Республикасы Президентиниң бийлиги
Ўатанымыздың ғәрезсизилиги, халқымыздың азатлығы ҳәм еркинлиги, келешек әўладлардың тыныш ҳәм абадан турмысын тәмийинлеў жолында мәртлик пенен гүрес алып барып әзиз жанларын пидә еткен, езиўши дүзим дәўиринде репрессия етилген ата-бабаларымыздың естелигин мәңгилестириў, олардың ислерин ҳәм мийрасын үйрениў және үгит-нәсиятлаў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
Соның шинде, өткен дәўирде бул бағдарда әҳмийетли пәрманлар ҳәм қарарлар қабыл етилди. Елимизде 2001-жылдан берли ҳәр жылы 31-август – «Репрессия қурбанларын еске алыў күни» сыпатында кеңнен белгиленип келмекте. «Шейитлер естелиги» естелик комплекси қурылды. «Шейитлер естелиги» жәмийетлик фонды, Репрессия қурбанларының естелиги мәмлекетлик музейи және аймақлардағы жоқары билимлендириў мәкемелери жанында оның бөлимлери шөлкемлестирилди.
Маҳмудхожа Беҳбудий, Абдулла Авлоний, Исҳоқхан Ибрат, Абдурауф Фитрат, Абдулҳамид Шолпан, Абдулла Қадирий сыяқлы уллы ағартыўшы ата-бабаларымыздың естелигине бағышланған салаўатлы естеликлер, музейлер қурылды, дөретиўшилик мектеплериниң жумысы жолға қойылды. Сиясий репрессия жылларында наҳақтан қурбан болған ўатанласларымыздың атларын анықлаў, олардың қалдырған мийрасын үйрениў ҳәм кең жәмийетшиликке жеткериўге қаратылған илимий-изертлеў жумыслары, көркем ҳәм ҳүжжетли шығармалар жаратылмақта.
Дүньяда глобал қәўип-қәтерлер күшейип баратырған және миллий өзлигимизди аңлаў ҳәм ҳақыйқый тарийхымызды тиклеў ҳәр қашанғыдан да үлкен әҳмийетке ийе болып атырған бүгинги дәўирде езиўши дүзим тәрепинен аяўсыз репрессия етилген мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, илим, мәденият ҳәм көркем өнер, әдебият ғайраткерлериниң, әпиўайы кәсип ийеси болған мыңлаған ўатанласларымыздың исмлерин ҳәм естеликлерин мәңгилестириў, олардың ерлиги мысалында жас әўладымызды Ўатанымыз ҳәм халқымызға муҳаббат және садықлық руўхында тәрбиялаў әҳмийетли ўазыйпа болып қалмақта.
Бул бағдардағы тарийхый мағлыўматларды қалыс ҳәм шын мәнисинде үйрениў мәмлекетимиз ғәрезсизлиги қандай қыйын ҳәм қурамалы гүреслер менен қолға киргизилгенин, бүгинги еркин, азат ҳәм абат турмысымызды қәстерлеп сақлаў, қәдирлеп жасаў керек екенлигин буннан былай да терең аңлаўға хызмет етеди.
Көп миллетли халқымыздың пидайы перзентлери, ағартыўшы ата-бабаларымыздың турмысы ҳәм жумысы менен байланыслы ҳақыйқатты толық жүзеге шығарыў, оларға болған тарийхый әдилликти тиклеў, бул бағдардағы жумыслардың көлемин ҳәм нәтийжесин арттырыў мақсетинде:
1. Өзбекстан ветеранларының жәмийетлик жумысын қоллап-қуўатлаў «Нураний» қоры, Репрессия қурбанларының естелиги мәмлекетлик музейи, «Шейитлер естелиги» жәмийетлик фонды, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги, Мәденият министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Илимлер академиясы, Жазыўшылар аўқамы, Республикалық руўхый ҳәм ағартыўшылық орайы, Көркем өнер академиясы және кең жәмийетшиликтиң репрессия қурбанларының мийрасын буннан балый да терең үйрениў ҳәм олардың естелигин мәңгилестириў ҳаққындағы усыныслары қоллап-қуўатлансын.
2. Репрессия қурбанларының мийрасын буннан балый да үйрениў, олардың естелигин мәңгилестириў жумысларын шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў бойынша Республикалық жумысшы топар (кейинги орынларда – Жумысшы топар) шөлкемлестирилсин ҳәм оның қурамы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
3. Төмендегилер Жумысшы топардың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимликлери менен биргеликте тәжирийбели илимпазлар ҳәм қәнигелерден ибарат тийисли топарларды дүзиў;
репрессия қурбанларын ўәлаят, район ҳәм қалалар кесиминде атпа-ат анықлаў, олардың турмысы ҳәм жумысы, тарийхый хызметлери ҳаққындағы мағлыўматларды, архив ҳәм музейлерде сақланып атырған ҳүжжетлерди топлаў ҳәм үйрениў бойынша усы топарлардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў;
репрессия қурбаны болған ўатанласларымыздың әўладлары ҳәм туўысқанлары, сол дәўир ўақыяларын терең билетуғын адамлардың еске түсириўлерин жазып алыў, шаңарақлық архив ҳәм китапханаларда сақланып атырған тарийхый материалларды, баҳалы сүўретлерди топлаў жумысларын муўапықластырыў;
анықланған репрессия қурбанларының атларын Ташкент қаласындағы «Шейитлер естелиги» естелик комплексинде қурылатуғын символикалық китап бетлерине киргизиў;
шейит болған ўатанласларымыздың естелигин болажақ әўладларға мәңги жеткериў мақсетинде көп томлық «Репрессия қурбанлары» китабының баспаға таярланыўы ҳәм басып шығарылыўын тәмийинлеў;
Репрессия қурбанларының естелиги мәмлекетлик музейи және оның аймақлардағы жоқары билимлендириў мәкемелери жанындағы бөлимлериниң фондлары ҳәм экспозицияларының жаңадан табылған мағлыўматлар, ҳүжжетлер ҳәм басқа да экспонатлар менен турақлы түрде байытып барылыўын шөлкемлестириў;
сырт мәмлекеттеги түрли архив, музей, китапхана ҳәм басқа илимий-ағартыўшылық мәкемелер және тийисли қәнигелер менен бирге ислесиў орнатқан ҳалда, илимий экспедициялар шөлкемлестириў;
үйрениўлер процесинде анықланған, белгили себеплерге бола реабилитацияланбай қалып кеткен репрессия қурбанларын ақлаў бойынша белгиленген тәртипте усыныслар киргизип барыў;
репрессия қурбанларының турмысы ҳәм жумысын илимий изертлеў, олар ҳаққында илимий-тарийхый китаплар, көркем ҳәм ҳүжжетли фильмлер дөретиў жумысларын муўапықластырыў;
репрессия қурбанларының естелигин мәңгилестириў мақсетинде олар туўылып өскен ҳәм жасаған мәҳәллелер ҳәм улыўма билим бериў мектеплеринде еслеў мүйешлерин қурыў;
«Инсан – әзиз, еслеў – муққадес» деген идея тийкарында барлық район, қала ҳәм мәҳәллелерде халық, әсиресе, жас әўладты ғәрезсизлик ҳәм әдиллик салтанаты ушын гүрескен пидайы ата-бабаларымыздың естелигине ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, олардың көрсеткен ерлиги ҳәм ибратлы жумысларын үгит-нәсиятлаўға қаратылған руўхый-ағартыўшылық үгит-нәсиятлаў жумысларын шөлкемлестириў.
4. Репрессия қурбанларының атларын тиклеў ҳәм естелигин мәңгилестириў бойынша «Жол картасы» 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
5. Жумысшы топарға репрессия қурбанларының атларын анықлаў ҳәм олардың естелигин мәңгилестириўге байланыслы жумысларды әмелге асырыў ушын мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң, илимий-изертлеў мәкемелериниң жоқары маман қәнигелерин, экспертлерди, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының сырт мәмлекетлердеги дипломатиялық ўәкилханаларының ўәкиллерин тартыў ҳуқықы берилсин.
6. Министрлер Кабинети еки ай мүддетте Ташкент қаласындағы «Шейитлер естелиги» естелик комплексинде репрессия қурбанларының атлары жазылатуғын символикалық китапты жаратыў, Репрессия қурбанлары естелиги мәмлекетлик музейи ҳәм оның аймақлардағы жоқары билимлендириў мәкемелери жанындағы бөлимлериниң, сондай-ақ, «Шейитлер естелиги» жәмийетлик фондының материаллық-техникалық базасын беккемлеў, фондтың қәўендерлер топарының қурамын жаңалаў ҳәм олар тәрепинен қоллап-қуўатлаўды күшейтиў және халықаралық финанс институтлары, сырт ел шөлкемлери, донор мәмлекетлер ҳәм шөлкемлердиң грантларын тартыў бойынша Ҳүкимет қарарын қабыл етсин.
Онда, соның ишинде, сырт елдеги түрли архив, музей, китапхана ҳәм басқа да илимий-ағартыўшылық мәкемелер және тийисли қәнигелер менен бирге ислесиў, сырт елдеги бар дәреклерди излеп табыў ҳәм үйрениў, сондай-ақ, репрессия қурбанлары ҳаққында жаңа көркем ҳәм ҳүжжетли фильмлер таярлаў, естелик китапларын ҳәм фотоальбомларды басып шығарыў, шөлкемлестириўшилик жумысларды қаржыландырыў мәселелери нәзерде тутылсын.
7. Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына усы бийликтиң орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған илажларды кеңнен сәўлелендириў, темаға байланыслы телекөрсетиў ҳәм радиоеситтириўлерди эфирге шығарыў және баспасөз ҳәм Интернет бетлеринде мақалалар жәриялаў усыныс етилсин.
8. Усы бийликтиң орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйлери Р.С.Қосимов ҳәм А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жыл 8-октябрь
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги