Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
«Тәбийғый газди қадағалаў ҳәм есабының автоматластырылған системасын енгизиў» жойбарын әмелге асырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында
2020-09-25 | Ҳүжжетлер
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 18-июньдеги «Тәбийғый газ ҳәм электр энергиясын сатыў механизмин жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-6010-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў, заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў арқалы тәбийғый газди есапқа алыў системасын жетилистириў, шығынларды сапластырыў, сондай-ақ, пайдаланылған тәбийғый газ ушын төлемлердиң өз ўақтында ҳәм толық өндирилиўин тәмийинлеў мақсетинде:
1. «Тәбийғый газди қадағалаў ҳәм есабының автоматластырылған системасын енгизиў» жойбарын (кейинги орынларда-Жойбар) әмелге асырыў шеңберинде «Ҳудудгазтаъминот» АЖ тәрепинен жергиликли ислеп шығарыўшылар арасында белгиленген тәртипте өткерилген тендер нәтийжелерине муўапық «Технопарк» ЖШЖ менен электрон газ есаплағышларын ҳәм зәрүр болған үскенелерди жеткерип бериў ҳаққында шәртнама дүзилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2. Жойбарды әмелге асырыў:
а) төмендеги тийкарғы бағдарлар негизинде жеделлестирилсин:
тәбийғый газди қадағалаў ҳәм есабының автоматластырылған системасын (кейинги орынларда-Система) «өндирис-газ бөлистириў станциясы-район (қала) шегарасы-ири участкалардың кириў бөлими-тутыныўшы» принципи тийкарында пүткил тармақ бойынша енгизиў;
есаплағышларды биринши гезекте халықтың тәбийғый газден пайдаланыўы ҳәм қарыздарлық дәрежеси жоқары болған аймақларға орнатыў, сондай-ақ, ири тутыныўшылар ҳәм исбилерменлик субъектлерин олардың есабынан Системаға жалғаў;
елатлы пунктлерде барлық тутыныўшылардың (турмыслық, санаат ҳәм бюджет) есаплағышларын және ири участкалардың кириў бөлиминдеги есаплағышларды бир ўақыттың өзинде орнатыў ҳәм Системаға жалғаў және тармақтағы шығынларды сапластырыў бойынша жумысларды шөлкемлестириў
есаплағышларды орнатыў ҳәм Система имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша әмелий сабақларды шөлкемлестириў арқалы орынлардағы барлық хызметкерлердиң көнликпесин ҳәм маманлығын арттырыў;
б) төмендеги тәртипте шөлкемлестирилсин:
«Ҳудудгазтаъминот» АЖ қаржылары есабынан 2020-жыл 1-октябрьге шекем Қибрай, Зангиата ҳәм Ташкент районларында Системаны орнатыў;
Тиклениў ҳәм раўажланыў қорынан ажыратылатуғын кредит қаржылары есабынан 2021-жыл 1-февральға шекем Орта Шыршық, Чиназ, Жоқары Шыршық, Янгийўл ҳәм Кармана районлары және Ташкент, Әндижан, Бухара, Гүлистан, Жиззақ, Наманган, Нөкис, Самарқанд, Термиз, Үргенш, Қаршы, Каттақўрғон, Қоқанд, Марғилан қалаларында ҳәм басқа да қарыздарлық дәрежеси жоқары болған аймақларда Системаны орнатыў;
2021-жыл 1-августқа шекем республиканың басқа аймақларында тутыныўшыларға заманагөй есаплағышларды орнатып, Системаны толық енгизиў;
еки ай мүддетте ири тутыныўшылар, автомобильлерге газ қуйыў шақапшалары ҳәм қурылыс материалларын ислеп шығарыўшыларды, 2020-жылдың ақырына шекем қалған исбилерменлик субъектлерин оларды өз қаржылары есабынан және 2021-жыл 1-майға шекем социаллық тараў объектлерин Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан Системаға жалғаныўын тәмийинлеў.
3. Жойбарды қаржыландырыў ҳәм 2021-жыл 1-августқа шекем әмелге асырыў ушын:
а) Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының 1 жыллық жеңиллетилген дәўирин өз ишине алған ҳалда 4-жыл мүддетте қайтарыў шәрти менен, 6 айлық ЛИБОР плюс 3 процент жыллық ставкада, жеңиллетилген дәўирде тийкарғы қарыз бойынша есапланған процентлер капитализацияланыўы есапқа алынып, 150 миллион АҚШ доллары муғдарындағы кредити тартылсын;
б) төмендегилердиң тартылатуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин:
«Өзсанаатқурылысбанк» АКБның 27,5 миллион АҚШ доллары эквиваленти муғдарындағы кредити;
электрон газ есаплағышларын жыйнаў ушын зәрүр болған аўысық бөлеклерин Италиядан сатып алыўға жумсалатуғын Италияның «SACE» мәмлекетлик экспорт-кредит агентлигиниң қамсызландырыў қапламасы астында сырт ел коммерциялық банклериниң кредити;
Жойбардың жергиликли қәрежетлерин қаплаў ушын биринши орында республика қорлары менен жергиликли коммерциялық банклердиң қаржылары ҳәм зәрүрликке бола сырт ел финанслық шөлкемлериниң қарыз қаржылары.
Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Қаржы министрлиги, Энергетика министрлиги ҳәм «Өзсанаатқурылысбанк» АКБ менен биргеликте усы жылдың ақырына шекем Италияның «SACE» мәмлекетлик экспорт-кредит агентлиги ҳәм сырт ел финанслық шөлкемлери менен сөйлесиўлердиң жуўмақланыўын және зәрүр муғдардағы қаржылар тартылыўын тәмийинлесин.
Қаржы министрине «Худудгазтаъминот» АЖның Жойбар шеңберинде тәмийнат бойынша финанс шөлкемлери, қорлар ҳәм банклер алдындағы миннетлемелери бойынша тийисли кредит шәртнамаларының талаплары тийкарында Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик кепилликлерин бериў ўәкиллиги берилсин.
4. Төмендегилер:
Жойбар шеңберинде электрон газ есаплағышларын жеткерип бериў ҳәм орнатыў графиклери 1- ҳәм 2-қосымшаларға муўапық;
тәбийғый газден пайдаланыў ҳәм қарыздарлық дәрежеси жоқары болған аймақларда Системаны енгизиў графиги 3-қосымшаға муўапық;
тәбийғый газден пайдаланылыўы ҳәм қарыздарлық дәрежеси жоқары болған аймақлардың ири участкаларының кириў бөлегине электрон газ есаплағышларын 2020-жылы орнатыў графиги 4-қосымшаға муўапық;
тәбийғый газден көтере пайдаланыўшылардың Жойбар мағлыўматлар базасына жалғаныў графиги 5-қосымшаға муўапық;
тәбийғый газ есаплағышларын орнатыў және Система имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша 2020-жыл октябрь айында өткерилетуғын әмелий сабақлар графиги 6-қосымшаға муўапық;
Системаны енгизиўди шөлкемлестириў бойынша жумысшы топардың үлги қурамы 7-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
5. Системаны енгизиўди шөлкемлестириў бойынша жумысшы топарлары:
бир ҳәпте мүддетте есаплағышларды орнатыў ҳәм Системаға жалғаў жумысларын шөлкемлестириўге мәҳәлле ақсақалларын ҳәм инспекторларын тартыў және системалы түрде халық арасында кеңнен түсиник жумысларын алып барыўды шөлкемлестирсин;
есаплағышлар орнатылған шаңарақларда жумсалған тәбийғый газ ушын төлемлерди өз ўақтында әмелге асырыў ҳәм пайда болған қарыздарлықларды өндириў жумысларын системалы шөлкемлестирсин;
аймақта Система имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў, орнатылған есаплағышларға сервис хызметлерин көрсетиў жумысларын шөлкемлестирсин;
Системаны енгизиў бойынша күнделикли қадағалаўды орнатсын;
әмелге асырылған жумыслар ҳаққында жуўапкер шөлкемлер басшыларының есапларын ҳәр ҳәптеде районлық ҳәм қалалық халық депутатлары Кеңеслеринде және ҳәр айда ўәлаят дәрежесинде тыңлаўды шөлкемлестирсин.
6. Системаның енгизилиўин қадағалаў. нәтийжелилигин үйрениў ҳәм таллаў комиссиясы 8-қосымшаға муўапық қурамда шөлкемлестирилсин.
Төмендегилер усы комиссияның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
Системаның енгизилиўи бойынша қадағалаў орнатыў, анықланған кемшиликлерди өз ўақтында сапластырыў;
Системаны енгизиўди шөлкемлестириў бойынша жумысшы топарлардың жумысларының нәтийжелилигин, дебитор қарыздарлықты азайтыў ҳәм нызамсыз жалғаныўларға шек қойыў нәтийжелилигин баҳалаў, усы бағдарларда жуўапкер басшылардың лаўазымға ылайықлылығы бойынша министрлер Кабинетине усыныслар киргизиў.
7. Министрлер Кабинети Есап палатасы, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Энергетика министрлиги менен биргеликте 2020-жыл 1-октябрьден баслап усы қарарға 3-қосымшада нәзерде тутылған аймақларда халыққа сатылған тәбийғый газ бойынша қосымша түсимлердиң бир бөлегин «Худудгазтаъминот» АЖның ҳәр бир аймақ кесиминде арнаўлы есап бетлеринде жыйнаў және усы қаржылар есабынан Тиклениў ҳәм раўажланыў қорынан тартылған кредит қаржыларын қайтарыў тәртибин енгизсин.
8. Есап палатасы структурасында хызметкерлердиң улыўма шекленген саны ҳәм мийнетке ҳақы төлеў фонды шеңберинде 5 штат бирлигинен ибарат Электр энергиясы ҳәм тәбийғый газди есапқа алыў ҳәм қадағалаўдың автоматластырылған системаларының енгизилиўин және есап-санақлар жағдайын мониторинг етиў секторы шөлкемлестирилсин.
Есап палатасына төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленсин:
Тәмийнлеўши кәрханалардың бөлистириў тармақларында электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ шығынларының өзгериўин таллаў;
электр энергиясы ҳәм тәбийғый газди есапқа алыў және қадағалаўдың автоматластырылған системаларын енгизиў жағдайы, электр энергиясы ҳәм тәбийғый газден пайдаланыўын, өз-ара есап-санақлар ҳәм бар дебитор-кредитор қарыздарлықлардың талланыўын ҳәм мониторингин алып барыў, усы бағдарларда тийисли илажлар көрип барыў;
арнаўлы есап бетлерге ақша түсимлери, олардың мақсетли жумсалыўы және Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының кредит қаржылары толық ҳәм өз ўақтында қайтарылыўы үстинен системалы қадағалаў орнатыў.
9. «Худудгазтаъминот» АЖ:
2021-жыл 1-январьдан баслап тәбийғый газди есаплаўды толық жолға қойыў, төлемлерди өз ўақтында ҳәм толық өндириўди тәмийинлеў, Система арқалы анықланған жағдайларды жедел орнына шығып үйрениў ҳәм сапластырыў жумысларын системалы шөлкемлестириўди;
Жойбар шеңберинде ажыратылатуғын қаржылардан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыўды және белгиленген илажларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыўды;
тәбийғый газ есаплағышларын орнатыў ҳәм Системаның имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша усы қарарға 6-қосымшадағы график тийкарында әмелий сабақлар өткерилиўин шөлкемлестирип, орынлардағы барлық жумысшылардың көнликпе ҳәм маманлығын арттырыўды;
ҳәр бир район ҳәм қалада есаплағыш орнатыў топарларын қәлиплестириў, талапқа бола, районлараралық мобиль орнатыў топарларын қәлиплестирип, график тийкарында аймақларға тартыўды жолға қойыўды;
аймақлық газ тәмийнаты шөлкемлери тәрепинен Жойбар шеңберинде тәбийғый газ есаплағышларының тутыныўшыларға орнатылыўында белгиленген тәртипке қатаң әмел етилиўин ҳәм тутыныўшылар ҳуқықлары бузылыўының алдын алыўды;
жергиликли өндирис кәрханалары менен дүзилген шәртнамалар шеңберинде белгиленген төлемлерди өз ўақтында әмелге асырыўды;
жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте Жойбардың техникалық-экономикалық тийкарланыўының экспертизасын жуўмақлап, 2020-жыл 1-декабрьге шекем тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизиўди;
2021-жыл 1-июньға шекем Система менен биргеликте ислейтуғын заманагөй биллинг системасы жаратылыўын;
«Өзэлтехсанаат» ассоциациясы менен биргеликте район ҳәм қалалар кесиминде электрон газ есаплағышлардың өз ўақтында жеткерип берилиўин, сондай-ақ, ҳәр бир аймақта есаплағыш ҳәм басқа үскенелерди оңлаў ҳәм оларға сервис хызметин көрсетиў шақапшалары шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин.
10. Министрлер Кабинети еки ҳәпте мүддетте тутыныўшылардың «Худудгазтаъминот» АЖ алдындағы пайдаланылған тәбийғый газ ушын қарыздарлықларын өндириў графигин ислеп шығып, оны әмелге асырыў илажларын көрип барсын.
11. Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры тәрепинен жойбарды қаржыландырыў ушын ажыратылатуғын кредитти сөндириў және бул кредит бойынша процент ҳәм комиссияларды төлеўдиң болжаў кестеси 9-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.12. Энергетика министрлиги Жойбар шеңберинде:
«Худудгазтаъминот» АЖға ажыратылатуғын қарыз қаржыларынан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў;
тәбийғый газ есабын жүргизиў;
халыққа жеткерип берилип атырған тәбийғый газ шығынларын сапластырыў бойынша режелестирилген нәтийжелиликти тәмийинлеў;
төлемлердиң өз ўақтында ҳәм толық муғдарларда өндирилиўин тәмийинлеў үстинен қатаң қадағалаў орнатсын.
13. Министрлер Кабинети жанындағы Уйымлараралық тариф комиссиясы еки ҳәпте мүддетте:
«Худудгазтаъминот» АЖның Жойбар бойынша миннетлемелерин есапқа алған ҳалда тәбийғый газди сатып алыў баҳаларын ҳәм тәбийғый газди сатыўдан түскен қаржыларды бөлистириў тәртибин қайта көрип шығып, тастыйықласын;
республикадағы ыссылық тәмийнаты кәрханаларының пул қаржыларының бөлистирилиў тәртибин «Худудгазтаъминот» АЖ алдындағы жеткерип берилген тәбийғый газ ушын бар қарыздарлықты сөндириўди есапқа алған ҳалда ислеп шығып, тастыйықласын.
14. «Худудгазтаъминот» АЖға Жойбардың әмелге асырылыўында, бурынғысынан басқаша тәризде, оның техникалық-экономикалық тийкарланыўы тастыйықланыўына шекем Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры және «Өзсанаатқурылысбанк» АКБ менен биргеликте орнатылған тәртипте экспертизадан өткен импорт шәртнамалары, сондай-ақ, жергиликли жумысты бөлип алып ислеўши ҳәм тәмийнлеўши шөлкемлер менен дүзилген шәртнамалар бойынша қаржыландырыўға руқсат берилсин.
15. Энергетика министрлиги Жойбар өз ўақтында әмелге асырылыўына жуўапкер орынлаўшы уйым болып есапланатуғыны;
«Худудгазтаъминот» АЖ Жойбар шеңберинде тартылып атырған кредитлер бойынша қарыз алыўшы болып есапланатуғыны, ол тийкарғы қарызды төлейтуғыны, тийисли қаржылар есабынан процентлер, комиссиялар ҳәм кредитлерге хызмет көрсетиў бойынша басқа қәрежетлерди қаплайтуғыны және тартылатуғын қарыз ҳәм кредит қаржыларынан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў ушын жуўапкер болып есаланатуғыны;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаят ҳәкимликлери «Худудгазтаъминот» АЖ менен биргеликте усы қарарға 3- ҳәм 4-қосымшаларға муўапық электрон газ есаплағышларының толық орнатылыўын тәмийинлейтуғыны;
усы қарарға 5-қосымшада белгиленген мүддетлерден соң ири тутыныўшылар менен шәртнамалық қатнасықларға мағлыўматлардың Системаға тек ғана онлайн түрде жиберилиўи тәмийинленген ҳалда жол қойылатуғыны белгилеп қойылсын.
16. Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги «Худудгазтаъминот» АЖ менен биргеликте:
еки ҳәпте мүддетте Система орнатылатуғын аймақларда байланыс ҳәм Интернет пенен қамтып алыныўы тәмийинленгенлиги және байланыс сапасының техникалық талапларға сәйкеслиги дәрежесин үйренсин;
бир ай мүддетте барлық аймақларды байланыс ҳәм Интернет пенен қамтып алыныўы 2020-жыл ақырына шекем тәмийинлеў және байланыс сапасын техникалық талапларға бейимлестириў бойынша әмелий илажлар режесин ислеп шықсын ҳәм оның әмелге асырылыўын тәмийинлеп барсын.
17. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Есап палатасы баслығының бириши орынбасары Б.Т.Турабоевқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жыл 24-сентябрь
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги