Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

2025-жылғы жаслар Азия ойынлары Өзбекстанда болып өтеди

2020-08-10 | Жаслар

 «2025-жылы Өзбекстанда жаслар арасындағы IV жазғы Азия ойынларын өткериўге таярлық көриў илажлары ҳаққында»ғы Ҳүкимет қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, Өзбекстан Миллий олимпиада комитети жанында «Ташкент-2025» жазғы Азия ойынларын өткериў дирекциясы шөлкемлестириледи.

Азия ойынларын жоқары дәрежеде шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша халықаралық ҳәм республикалық көлемдеги илажлар және оның шеңберинде көргизбелер, конференциялар, илимий-әмелий әнжуманлар ҳәм басқа да илажларды өткериў Дирекцияның тийкарғы ўазыйпаларынан бири етип белгиленди.

Сондай-ақ қарар менен, «Ташкент-2025» жазғы Азия ойынларын өткериўди шөлкемлестириў бойынша шөлкемлестириў комитетениң қурамы және илажлар бағдарламасы тастыйықланды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться