Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ХАЛЫҚТЫҢ ДЕНСАЎЛЫҒЫ ҲӘМ ЭКОНОМИКАНЫҢ ТУРАҚЛЫЛЫҒЫ – ТУРМЫСЛЫҚ ӘҲМИЙЕТЛИ ЎАЗЫЙПАЛАР
2020-07-20 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 20-июль күни, сондай-ақ, аймақларда коронавирус инфекциясы тарқалыўын азайтыў және экономиканың турақлылығын тәмийинлеў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Мәмлекетимиз, халқымыз усы жылдың басында өз алдына үлкен мақсетлер қойған еди. Пүткил дүньяға тарқалған коронавирус инфекциясы март айында елимизге кирип келип режелер өзгерип кетти. Мәмлекетимиз биринщи гезекте адамлардың денсаўлығын сақлаў илажларын көрди.
Респубикалық арнаўлы кмиссия дүзилди. Медицина мәкемелери айрықша жумыс режимине өткерилди. Қысқа мүддетте арнаўлы емлеўхана ҳәм карантин зоналары қурылды. Саламатлық ҳәм дем алыс орайлары карантин мәкемелерине бейимлестирилди. Медицина орайлары дәри-дәрмақ, қорғаныў ҳәм диагностика қураллары менен жетерли дәрежеде тәмийинленди. Бул ушын бюджеттен зәрүр қаржылар ажыратылды.
Усы тәшўишли бес айда Президентимиз коронавируске байланыслы бир қатар пәрманлар ҳәм қарарлар қабыл етти. Оларға муўапық, халық, экономика тармақлары ҳәм исбилерменлик субъектлери илажы болғанынша қоллап-қуўатланбақта.
Мәмлекетимиз басшысы эпидемиологиялық жағдайды қатаң қадағалаўға алған. Дерлик ҳәр бир мәжилисте бул мәселеге итибар қаратылмақта. Бизге белгили, алдын пайтахтымыз ҳәм Ташкент ўәлаятында коронавируске байланыслы жағдай ҳәр тәреплеме талланған еди. Бул гезектеги видеоселектор мәжилисинде барлық аймақлардағы жағдай, әҳмийетли илажлар додаланды.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимлери кеселлик көрсеткишлери, емленип атырғанлардың саны ҳәм бул бағдарда жаратылған резерв орынлары бойынша есабат берди. Халықтың мүрәжатлары, тез медициналық жәрдем машиналары, дәри-дәрмақ пенен тәмийинлеў бойынша жағдай талланды.
Мәжилисте орынлардағы машқалалар ашық-айдын додаланды. Коронавирусқа қарсы гүресиў ушын қайсы аймаққа қандай техникалар ҳәм қураллар керек екенлиги белгиленди.
Президент жуўапкерлерге жағдайдың ҳақыйқый ҳалатын реал ўақыт режиминде қадағалап, жүзеге келип атырған машқалаларды тез шешип барыў бойынша қатаң тапсырма берди.
Емлеў жумысларын сапалы ҳәм қәўипсиз шөлкемлестириў, соның менен бирге, халық ҳәм объектлерди дезинфекция қураллары менен тәмийинлеп, кеселлик жуғыўының алдын алыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Ҳәр бир аймақты зәрүрлигинен келип шығып, жетерли дәри-дәрмақ, медициналық буйымлар ҳәм тест системалары менен тәмийинлеў, медицина хызметкерлерин материаллық хошаметлеў дәреклери белгиленди.
Мәжилисте денсаўлықты сақлаў тараўының жуўапкерлери ҳәм аймақлардың басшылары есабат берди.
Сондай-ақ, видеоселекторда аймақлардың басшылары пандемия шараятында экономиканы турақлы раўажландырыў, инвестицияны тартыў ҳәм экспорт көлемин арттырыў бағдарындағы 6 айлық жуўмақлары бойынша да есабат берди.
Кескин пәтлерде даўам етип атырған пандемияның экономикаға көрсетип атырған тәсирин алдыннан баҳалаў ҳәм мәмлекеттиң макроэкономикалық турақлылығын тәмийинлеў, инвестициялық жойбарларды өз ўақтында әмелге асырыў, аўыл хожалығы, санаат ҳәм қурылыс тараўындағы прогнозларды орынлаў, экспортты көбейтиў, аймақларды комплексли раўажландырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша көрилип атырған илажлардың нәтийжелери талланды.
Мәмлекетимиз басшысы ҳәр бир аймақтағы кәрханаларда пул түсимлериниң азайғанын атап өтти, 2020-жыл 1-октябрьге шекем коммерциялық банклер менен бирге қурылыс ҳәм санаат кәрханаларының көпшилик бөлегин, жылдың ақырына шекем болса 100 процент кәрханалардың жумысын тиклеў бойынша тапсырма берди.
Аўыл хожалығы тараўында да бир қатар аймақларда экономикалық прогнозлар орынланбағанын көриў мүмкин. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасында аўыл хожалығы жалпы өниминиң баҳасы прогнозға салыстырғанда 59 миллиард сумға кем болған. Бул көрсеткиш Қашқадәрья ўәлаятында 177 миллиард, Сырдәрья ўәлаятында 173 миллиард, Ташкент ўәлаятында 129 миллиард сумды қурайды.
Шавкат Мирзиёев ҳәр бир аймақта тәкирарый егислик жерлердиң есабынан овощ ҳәм палыз өнимлериниң өндиристеги артта қалыўшылығын қаплаў, халықтың үйлерине қусларды тарқатыў жумысларын жеделлестириў және шарўашылық, балықшылық тараўында интенсив техногияларды кеңнен қолланыў ҳәм жыл ақырына шекем аймақлардың потенциалын инабатқа алған ҳалда аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўды 3-4 процентке арттырыў бойынша көрсетпелер берди
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги