Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Халықтың қыйтақ жерлеринен пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында
2020-07-02 | Ҳүжжетлер
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Соңғы жыллары республикамызда дийқан хожалықларына ҳәм қыйтақ жер ийелерине ажыратылған майданлардан нәтийжели пайдаланыў, олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў, аўыл халқының бәнтлигин ҳәм турмыс дәрежесин арттырыў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.
Қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланыў, «Қыйтақ жер хызмети» ЖШЖның материаллық-техникалық базасын беккемлеў, жумысын буннан былай да кеңейтиў ҳәм халықтың қыйтақ жерлерин хызметлери менен қамтып алыў дәрежесин арттырыў, сондай-ақ, өнимлерди экспорт етиў имканиятларын буннан былай да көбейтиў мақсетинде:
Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси, Өзбекстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлериниң:
халықтың қыйтақ жерлерине кепилленген нәл ҳәм туқымларды системалы жеткерип бериўди шөлкемлестириў ушын «Қыйтақ жер хызмети» ЖШЖларға ыссыхана, музлатқышлы қоймаханалар, шарўашылық комплекслерин қурыў ушын тийкарланған есап-санақларға муўапық жер майданын ажыратыў;
«Қыйтақ жер хызмети» ЖШЖлардың бақлаў кеңеслериниң қурамына, районлық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлиминиң баслығы, районлық фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң баслығы ағза болып кириўи;
халықтың қыйтақ жерлерине кепилленген нәл ҳәм туқымларды системалы жеткерип бериў, өнимлерди сатыўды шөлкемлестириў ушын ўәлаятлар ҳәм район (қала)лардағы орайлық дийқан базарларында, халық көп пунктлерде «Қыйтақ жер хызмети» ЖШЖлар ушын арнаўлы саўда майданларын ажыратыў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийлери кеңеси Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан:
1-қосымшада келтирилген кластер усылында жумыс ислейтуғын «Қыйтақ жер хызмети» ЖШЖ ларға 3 жыл мүддетке кредит ямаса олардың устав капиталына кейин ала сатыў ҳуқықы менен үлес ажыратсын;
халықтың қайтақ жерлеринде жетистирилген аўыл хожалығы өнимлерин сақлаў ушын 20-30 тонналық киши көлемли музлатқышлар қурыў ушын кредит ажыратсын;
коммерциялық банклер менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң тийкарғы ставкасында үш ай жеңиллетилген дәўир менен бир жыл мүддетке 4 процент банк маржасын есапқа алған ҳалда халықтың қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланыў бағдарында 2 миллион сумға шекем Шаңарақлық исбилерменлик орайының шешимисиз Оn-line тәризде қыйтақ жер ийелерине микрокредитлер ажыратыў механизмлерин енгизсин.
Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры тәрепинен:
2023-жыл 1-январьға шекем «Қыйтақ жер хызмети» ЖШЖ ҳәм аўыл хожалығы кооперативлерине берилетуғын кредитлер бойынша кредит суммасының 50 процентине шекем, бирақ 3 миллиард сумнан артық болмаған муғдарда кепиллик берилетуғыны белгиленсин;
фермер, дийқан хожалығы ҳәм қыйтақ жер ийелери, «Қыйтақ жер хызмети» ЖШЖ ҳәм аўыл хожалығы кооперативлерине Фермер, дийқан хожалығы ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры ҳаққындағы режениң талапларын есапқа алған ҳалда, ажыратылатуғын кредитлер процент ставкасының 7,5 процентли пунктине шекем қаплап бериў системасы енгизилсин.
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Кризиске қарсы гүресиў қорынан Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленетуғын тәртип тийкарында кеминде 30 халықтың қыйтақ жерлерин суўғарыў ушын жер асты суўларына қудықларды бураўлаў қәрежетлериниң 70 процентин, бирақ 120 миллионнан аспайтуғын бөлегин қаплаўға субсидия ажыратсын.
2022-жыл 1-январьға шекем 2-қосымшаға муўапық товарларды алып кириўде бажыхана бажының (бажыхана рәсмийлестириўи ушын төлем ҳәм қосымша қун салығынан тысқары) нольлик ставкалары белгиленсин.
«Өзбекшарўанәсил» агентлиги бир ай мүддетте цистернада автоматласқан сүт көлемин өлшеў ҳәм тазалаў механизмине ийе сүт өнимлерин жыйнаў машиналары және мотокультиваторларға болған талапты есапқа алған ҳалда «Өзавтосанаат» АЖға техникалық ўазыйпаны киргизсин.
«Өзавтосанаат» АЖ «Өзбекшарўанәсил» агентлигиниң техникалық ўазыйпасы тийкарында, бир ай мүддетте цистернада автоматластырылған сүт көлемин өлшеў ҳәм тазалаў механизмине ийе сүт өнимлерин жыйнаў машиналары және мотокультиваторларды лоакализациялаў бойынша анық илажларды көрсин.
Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги, Суў хожалығы министрлиги менен биргеликте ҳәр жылы 1-апрель ҳәм 1-августқа шекем суў тәмийнаты қыйын аймақлардағы халықтың қыйтақ жерлеринде қазылатуғын қудықлардың мәнзилли бағдарламасын қәлиплестиретуғыны ҳәм тастыйықлайтуғыны;
жойбар интакерлерине белгиленген тәртипте тастыйықланатуғын дизимге тийкарланып ажыратылатуғын субсидиялар 2020-2021-жыллары Кризиске қарсы гүресиў қорының есабынан ҳәм 2022-жылдан баслап Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси жанындағы Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан қаржыландырылатуғыны белгилеп қойылсын.
Аўыл хожалығы министрлиги:
бир ай мүддетте топырақ-ықлым өзгешеликлеринен келип шығып, аўыл хожалығы егинлериниң туқым ҳәм нәллерин аймақлар кесиминде егиў, жетистириў ҳәм сапалы өним алыў бойынша усыныслар ислеп шығылыўын ҳәм орынларға жеткерилиўин;
2021-жыл 1-январьға шекем Ферғана ўәлаятында «Қыйтақ жер хызмети» ЖШЖ усыныслары тийкарында Ташкент мәмлекетлик аграр университети ҳәм оның филиаллары жанындағы «Мәлимлеме-мәсләҳәт орай»лары (Extension center) және «In-vitro» лабораториясы тәрепинен аймақлардың топырақ-ықлым шараятларынан келип шығып, аўыл хожалығы егинлериниң туқымларын ҳәм нәллерин таярлаў, жеткерип бериў, өсимликлерди кеселликлер ҳәм зыянкеслерден қорғаў және жетистириў агротехникасы, аўыл хожалығы өнимлерин тақлаў ҳәм қайта ислеў бойынша мәсләҳәтлер ҳәм усыныслар бериў бойынша хызметлерди шәртнама тийкарында шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин.
Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси менен биргеликте халық арасында түсиник жумысларын алып барып, коронавирус пандемиясының унамсыз ақыбетлерин жумсартыў мақсетинде азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў көлемин арттырыў ушын халықтың қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланған ҳалда еки мәрте зүрәәт алыў жумысларын шөлкемлестирсин.
Ташкент мәмлекетлик аграр университети, Ферғана ўәлаяты Қува районындағы қыйтақ жер участкаларын раўажландырыў илимий-әмелий орайы «Қыйтақ жер хызмети» ЖШЖлардың усыныслары тийкарында олардың хызметкерлерин ҳәм бирге ислейтуғын қыйтақ жер ийелериниң маманлығын арттырыўды системалы шөлкемлестирсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Ҳүкиметтиң айырым ҳүжжетлерине 3-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизсин.
Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ў.И.Барноевқа ҳәм Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң баслығы А.Хаитовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы, 2020-жыл 30-июнь
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги