Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
«Уллы халық қүдирети толқыған заман»
2020-04-14 | Сиясат
Президент Шавкат Мирзиёев 14-апрель күни глобал кризис ҳәм пандемия шараятында Өзбекстан аўыл хожалығы алдында турған әҳмийетли ўазыйпаларды додалаўға бағышлап өткерилген видеоселектор мәжилиси алдынан коронавирус инфекциясына қарсы гүресиў шеңберинде мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған жумысларға және бир мәрте айрықша тоқтап өтти. Мәмлекетимиз басшысы, атап айтқанда, былай деди:
-Күнделикли баспасөзден хабарыңыз бар, пүткил дүньяда, атап айтқанда, мәмлекетимизде де кеселликке шалынғанлардың саны барған сайын көбейип баратырғаны бәршемизден, пүткил халқымыздан сергеклик ҳәм қырағылықты кескин күшейтиўди, карантинге байланыслы енгизилген барлық тәртип-қағыйдаларға сөзсиз ҳәм қатаң әмел етиўди талап етпекте.
Бар жағдайдан келип шығып, Ҳүкимет комиссиясы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, тийисли министрликлер менен уйымлардың басшылары кешиктирип болмайтуғын төмендеги илажларды көриўи зәрүр.
Бириншиден, биз пандемияға байланыслы процесслердиң изинен қуўып емес, ал оның ерте алдын алыў ушын бар күш-имканиятларымызды ҳәм барлық ресрурсларымызды жумсаўымыз тийис.
Екиншиден, бар жағдайды ҳәр тәреплеме терең таллап, болажақ қәўип-қәтерлерди, олар менен байланыслы машқалаларды алдыннан прогноз етиўимиз ҳәм олардың шешимине анық реже ҳәм пуқта илажлар менен таяр турыўымыз зәрүр.
Үшиншиден, бул кеселликти жеңиў ушын барлық мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлер менен өз-ара бирге ислесиўди және де күшейтиўимиз керек.
Қытай, Қубла Корея, Россия, Израил, Уллы Британия, Германия ҳәм Японияның жетекши қәнигелери менен наўқасларды емлеў бойынша телемедицина арқалы алып барып атырған қарым-қатнасықларымызды басқа алдынғы мәмлекетлер менен де кеңейтиўимиз, олардың усынысларын өзимизде жедел енгизиўимиз шәрт.
Бүгин Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң Европа регионаллық бюросы экспертлери менен өткерилген видеоконференция да, әлбетте, наўқасларды емлеўде өзиниң унамлы нәтийжесин береди, деп беккем исенемен.
Төртиншиден, Республикалық комиссия жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар менен бирге, орынлардағы ҳәкимлер, секторлар басшыларының коронавирус тарқалыўының алдын алыў және оның экономика ҳәм инсанлардың өмирине унамсыз тәсирин мүмкиншилиги болғанынша шеклеў ушын жуўапкершилигин және де арттырыў илажларын күшейтиўи керек.
Әсиресе, ҳәкимлер ҳәм сектор басшылары халықтың ең әҳмийетли турмыслық талапларын толық тәмийинлеў, баҳаның артып кетпеўине ерисиў ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумыслардың нәтийжелилиги ушын жеке жуўап береди.
Соның менен бирге кем тәмийинленген, жәрдемге зәрүрлиги бар ҳәм мүтәж шаңарақларға мүриўбет ҳәм сақаўат көрсетиў, олардың жағдайынан хабар алыў, усы сыяқлы ийгиликли басламаларды көбейтиў орынлардағы барлық жуўапкер басшылардың тийкарғы ўазыйпаларынан бири болыўы тийис.
Ҳүрметли дослар!
Пандемия ҳәм карантин менен байланыслы бар қыйыншылықларға қарамастан, халқымыз түскинликке ҳәм албыраўшылыққа түспегенлигин атап өтиў керек.
Мәмлекетимизде жумыс ислеп атырған бирде-бир система тоқтап қалмады. Биз жағдайдан келип шығып, халқымыздың денсаўлығын ойлап, жумысымызды басқа түрде шөлкемлестирип атырмыз.
Ақыл мийнети, тәлим-тәрбияға байланыслы жумыс түрлери аралықтан турып, «онлайн» режимде алып барылмақта.
Соның менен бирге, басшыларға мүрәжат етип соны айтпақшыман, елимиз аймақларында аўыл хожалығында, санаат ҳәм қурылыс, экономиканың басқа да тийкарғы тармақларында, исбилерменлик субъектлеринде жумысты нәтийжели даўам еттириўимиз керек.
Себеби ўақыт күтип турмайды, өмир даўам етпекте. Бүгинги жоғалтылған ўақыт ҳәм имканиятларды ертең қайтарып болмайды.
Бизиң алдымызды 34 миллионлық әзиз халқымызды бағыў менен бирге қаншадан-қанша жетистирген өнимлеримизди сыртқа экспорт етиў ўазыйпасы да тур.
Әлбетте, биз жақсы түсинемиз, үйде отырыў аңсат емес, бирақ биз соның менен бирге елимиздиң саламатлығын ҳәм өмирин сақлап қалыў ушын ең мақул қурал сыпатында усы усынысқа әмел етиўге мәжбүрмиз.
Биз карантинди қашан бийкарлаўды халқымыз бенен мәсләҳәтлесип, ҳәр тәреплеме терең ойлап ҳәм таллап, әлбетте, көрип шығамыз.
Көпти көрген, түрли сынақларды жеңип өткен мәрт ҳәм жигерли халқымыз бенен ўақтыншалық бул қыйыншылықларды биз, әлбетте, жеңип өтемиз.
Уллы шайырымыз Абдулла Ориповтың қәлемине тийисли, ҳәммемиз мақтаныш пенен айтатуғын Өзбекстанның Мәмлекетлик гимнинде «Уллы халық қүдирети толқыған заман», деген терең мәнили сөзлер бар.
Шынында да, мине усындай шийеленискен ўақытларда биз уллы ҳәм мийнеткеш халқымыздың қүдирети, ақыл-парасаты ҳәм сабырлылығы, жигерлилиги, мийрим-шәпәәти ҳәм шын кеўиллиги менен усы қыйын сынақларды да, әлбетте, жеңип өтемиз,-деп атап өтти Президент Шавкат Мирзиёев.
Мәмлекетимиз басшысы, сондай-ақ, орайлық уйымлардың басшыларынан, басқа да жуўапкерлерден олар бириктирилген аймақларда ҳәр бир наўқастың жағдайы бойынша есабат алды, жаратылған шараятлар ҳаққында ҳәр тәреплеме сорастырды.
Буннан тысқары, республикалық қәнигелестирилген медицина илимий орайларының басшылары өзлери жуўапкер болған аймақлардағы ҳәр бир наўқастың жағдайынан жеке хабар алыўы, мәмлекетимиз тәрепинен және қандай шараят ҳәм жәрдем кереклиги үстинде тынымсыз қайғырыўы зәрүрлиги атап өтилди. Ҳеш бир пуқара қыйыншылық пенен жүзбе-жүз жалғыз қалмаўы және бир мәрте айрықша атап өтилди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги