Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Банклер жумысыныӊ турақлылығын тәмийинлеў мәселелери көрип шығылды
2020-04-09 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 9-апрель күни коронавирус пандемиясы шараятында банк системасының турақлы ислеўин және экономикаға финанслық жәрдемши болыўын тәмийинлеў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.
Мәмлекетимизде коронавирус пандемиясы дәўиринде халық, экономика тармақларын ҳәм исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў бойынша барлық илажлар көрилмекте. Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 19-март ҳәм 3-апрель күнлери қабыл етилген пәрманларында бул бағдарда көплеген жеңилликлер ҳәм префенциялар белгиленди.
Атап айтқанда, исбилерменлер ҳәм халықтың жәми 19,5 триллион сумлық кредит қарызларын төлеў мүддети 1-октябрьге шекем кешиктириледи. Әлбетте, бул оларға карантин шараятында үлкен жәрдем болады. Бирақ, соның менен бирге, қаржы-кредит мәкемелерине түсетуғын қаржының азайыўын да нәзерден шетте қалдырып болмайды.
Сонлықтан мәжилисте банклердиң турақлы ислеўин тәмийинлеў, бәнтлик ҳәм халық дәраматларын сақлап қалыў мәселелери додаланды.
Жәҳән экономикасында басланып атырған кризис жағдайларын есапқа алып, банклердиң жойбарлар портфелин сын көзқараста көрип шығыў ўазыйпасы қойылды. Яғный, еле басланбаған, узақ мүддетли жойбарларды анықлап, оларды усы жылдың өзинде нәтийже бериўди баслайтуғын жаңа жойбарларға алмастырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Бул бағдарда банклерге қаржыларды тийкарғы түрде киши бизнес субъектлерине жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм үй шараятында өзин-өзи бәнт етиў ушын қаратыў усыныс етилди.
Быйылғы жылда «Агробанк», «Халық банки», «Микрокредитбанк» арқалы бәнтликти тәмийинлеў бағдарламаларына 4 триллион сум қаратыў нәзерде тутылған. Сондай-ақ, Кризиске қарсы гүресиў қоры арқалы Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорына қосымша 500 миллиард сум ажыратылады.
Бул қаржылар көплеген жаңа жойбарларға тийкар болады. Президентимиз биринши гезекте азық-аўқат қәўипсизлигин, аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў, киши бизнес ҳәм өнерментшилик жойбарларына үлкен әҳмийет қаратыў зәрүрлигин атап өтти.
Карантин дәўиринде де аграр тараўдағы жумыслар тоқтамайтуғынлығын есапқа алып, аўыл хожалығы тармақларына бириктирилген коммерциялық банклер ҳәзирдиң өзинде жаңа жойбарларды көбейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Бизге белгили, өткен ҳәптеде 24 банк баслама көрсетип, физикалық тәреплер ушын кредит дем алысын жәриялады. Мәжилисте банклер усы сыяқлы әпиўайы, бирақ айрықша исеним ҳәм ҳүрмет оятатуғын және көплеген басламалар менен шығыўы мақсетке муўапық екенлиги атап өтилди.
Мәселен, мүддети тамамланған аманатлардың мүддети созылып, бул ҳаққында ғалаба хабар қуралларында жәрияланса, карантин ўақтында үйинде отырған халыққа қолайлылық жаратылады.
Карантин тамамланғаннан кейин көплеген кәрханаларға өз жумысын тиклеў ушын бир қанша ўақыт ҳәм қаржы керек болады. Сонлықтан Орайлық банкке өндирис кәрханаларының жумысы тоқтап қалмаўы ушын банклер арқалы 30 триллион сум айланыс қаржылар ажыратылыўын тәмийинлеў тапсырылды. Зәрүр жағдайларда, кәрханаларға мийнет ҳақы төлеў ушын да кредитлер ажыратылыўын жолға қойыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Аралықтан турып хызмет көрсетиў түрлерин ҳәм қамтып алыныўын кеңейтиў бойынша да ўазыйпалар белгиленди.
Видеоконференцбайланыс түринде өткен мәжилисте тараў жуўапкерлери ҳәм коммерциялық банклердиң басшылары тийисли мәлимлеме берди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги