Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

«Темур түзиклери» бес тилде басып шығарылды

2020-04-02 | Порталдағы өзгерислер

Әмир Темур туўылған күниниң 684 жыллығына

Саҳыпқыран бабамыз Әмир Темурдың бизге шекем жетип келген «Темур түзиклери» шығармасының қолжазба ҳәм тас баспа көширмелери Мир Абу Толиб ал-Ҳусайний ат-Турбатий аўдармасы тийкарында жаратылған болып, XVIII әсирден берли дүнья илимпазларының дыққат-итибарында болып келмекте.

Орайлық Азияда ҳүким сүрген ханлықлар дәўиринде де бул шығармаға оғада үлкен қызығыўшылық билдирилген. Сонлықтан, бул шығарманың парсыша қол жазбасы бир неше рет көширилген. Негизинде өзбек тилинде жазылған бул шығарманы тәғдирдиң қәлеўи менен мине усы тилге аўдарыўға зәрүрлик туўылған. Кейинги еки әсир даўамында «Темур түзиклери» бир неше рет тилимизге аўдарылған. 1836-жылы Қоқанд ханы Муҳаммад Алихан (1822-1841)ның буйрығына бола, Хўжанд қазысы Набижон Маҳдум Ҳотиф бул шығарманың бир бөлегин аўдарған. 1856-1857-жылларда Хийўа ханлығында бул шығарманы Муҳаммад Юсуф Рожий қысқартылған ҳалда өзбекшелестирген. Арадан бир жыл өтип, Хийўада және бир дилмаш Паҳлавон Ниёз Девон – Комил Хоразмийдиң шығармасы тийкарында, Муҳаммад Ризо Огаҳийдиң усынысына бола, жаңадан шығарма дөреткен. Бул шығармалардың қол жазбалары бүгинги күнде Россия Илимлер академиясы Шығыс қолжазбалар институтында сақланбақта.

1967-жылы белгили илимпаз Алихонтўра Соғуний (1885-1976) шығарманың Орта Азия ҳәм Қазақстан мусылманлары мәкемесиниң китапханасында сақланып атырған парсы тилиндеги қол жазбадан өзбек тилине аўдарып, оның бир бөлегин «Гулистон» журналында жәриялаған.

«Темур түзиклери» – патшалардың жасаў-турмыс ҳәм әдеп-икрамлылық нормаларын белгилеўши қағыйда болып есапланады. Шығарма еки бөлимнен ибарат. Биринши бөлимде жәҳән тарийхында белгили фатих, сәркарда ҳәм қәбилетли мәмлекетлик ғайраткер сыпатында ат қалдырған Әмир Темурдың жети жасы (1342)нан қайтыс болғанға шекем (1405-жыл, 18-февраль) өткен өмири ҳәм жәмийетлик-сиясий жумысы, анығырақ етип айтқанда, оның Маўераннаҳрда орайлық ҳәкимиятты қолға киргизиў, феодаллық келиспеўшиликти сапластырыў ҳәм орайласқан мәмлекет дүзиў, қоңсылас ел ҳәм мәмлекетлерди, мәселен, Иран ҳәм Аўғанстанды өз қарамағына өткериў, Алтын Орда ҳүкимдары Тоқтамысхан (1376-1395), пүткил Европаға қорқыныш салған  Түркия султаны Баязид Йилдирим (1389-1402)ға қарсы ҳәм ақыр-ақыбетинде, уллы саҳыпқыранның Әзербайжан, Грузия ҳәм Ҳиндстанға еткен әскерий жүрислери ықшам тәризде билдирилген.

Екинши бөлими саҳыпқыранның атынан айтылған ҳәм оның тахт даўамшыларына аталған өзине тән ўәсият ҳәм насиятларынан ибарат. Онда мәмлекетти басқарыўда кимлерге сүйениў, тахт ийелериниң ўазыйпалары, ўәзир ҳәм әскер баслықларын сайлаў, сипоҳийлер (әскерлер)диң мийнет ҳақысы, мәмлекетлерди басқарыў тәртиби, мәмлекетлик ғайраткерлер ҳәм әскер баслықларының миннетлеме ҳәм ўазыйпалары, әмирлер, ўәзирлер ҳәм басқа да лаўазымлы шахслардың тахт алдында көрсеткен айрықша хызметлерин сыйлықлаў тәртиби ҳәм басқалар ҳаққында сөз жүргизиледи.

«Темур түзиклери»ниң елимиз тарийхындағы орны ҳәм илимий әҳмийетин итибарға алып, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы тәрепинен усы тарийхый шығарма өзбек, рус, инглис, француз ҳәм парсы тиллеринде бир том түринде жыйналып, басып шығарылды.

Бул қайырқомлық жумыс барлық ўатанласларымызды уллы тарийхымыз ҳәм ата-бабаларымыздың бийбаҳа илимий мийрасы менен танысыўына және бир мәрте имканият жаратады, деп ойлайман.

Фахриддин МУҲАММАДИЕВ,

Ислам цивилизациясы орайының баспасөз хаткери

ӨзА

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться