Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
«Хазарасп» ЕЭЗ да 800 ге шамалас жумыс орны жаратылатуғын заманагөй тигиўшилик кәрханасы жумыс басламақта
2020-03-12 | Сиясат
Мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, ишки базарды өзимизде ислеп шығарылған сапалы кийимлер менен толтырыўда орынларда шөлкемлестирилип атырған тигиўшилик кәрханаларының айрықша орны бар.
Мәмлекетимиз басшысы Хорезм ўәлаятына сапар етиўи шеңберинде «Хазарасп» еркин экономикалық зонасы аймағында жайласқан боялған трикотаж гезлеме ҳәм текстиль өнимлери ислеп шығылатуғын «Develop Textile» ЖШЖ түриндеги сырт ел кәрханасының жумысы менен де жақыннан танысты.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 12-январьдағы ««Ургут», «Ғыждуван», «Қоқанд» ҳәм «Хазарасп» еркин экономикалық зоналарын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы пәрманы және 2017-жыл 7-августтағы «Еркин экономикалық зоналар нәтийжели жумыс ислеўи ушын министрликлер, уйымлар ҳәм орынлардағы мәмлекетлик ҳәкимият уйымларын муўапықластырыўды күшейтиў ҳәм олардың жуўапкершилигин арттырыў илажлары хаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бағдарында Хорезм ўәлаятында да кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Президентимиз сол жылдың 14-15-октябрь күнлери Хорезм ўәлаятына сапары даўамында «Хазарасп» еркин экономикалық зонасының жумысын және де раўажландырыў жойбарларының презентациясы менен танысып, аймақтың экономикасына тиккелей инвестицияларды тартыў бойынша анық тапсырмалар берген еди. Ҳәзирги күнде усы бағдарда кең көлемли әмелий жумыслар жедел алып барылмақта.
Дәслеп «Хазарасп» еркин экономикалық зонасы ушын Хазарасп районының 2 аймағынан 325 гектар бос жер майданлары ажыратап берилген еди. Қурылыс және инфраструктура тармақларын өткериў қәрежетлерин азайтыў мақсетинде еркин экономикалық зона кәрханаларын биринши гезекте бос турған имаратлар ҳәм комплекслер негизинде жайластырыў бойынша усыныслар үйренилип және 7 аймақта жайласқан 89 гектар жер майданлары еркин экономикалық зона аймағына қосып берилди. Нәтийжеде «Хазарасп» еркин экономикалық зонасының аймағы Бағат, Хийўа, Үргенш районларынан ажыратылған майданлардың есабынан кеңейип, улыўма 414 гектарға жетти.
Бүгинги күнде «Хазарасп» ЕЭЗда улыўма баҳасы 306,3 миллион долларлық 19 жойбар бойынша жумыслар алып барылмақта. Өткен дәўир аралығында 15 жойбар толық иске түсирилди ҳәм нәтийжеде сендвич панельлер, жуўыў қураллары, автомобиль радиаторлары, темирден қурылыс материаллары, таяр трикотаж өнимлер, қуяш ысытқышлары, бир мәртелик стерилленген медициналық қолқаплар ҳәм аяқ-кийимлер ислеп шығарылыўы жолға қойылды.
Сондай-ақ, баҳасы 19,5 миллион долларға тең 5 жойбар 2020-жылдың биринши ярым жыллығы жуўмағына шекем иске түсириледи ҳәм және 500 ден аслам адам турақлы жумыс орнына ийе болады. Медициналық тест таяқшалары, турмыслық техникалар ушын электр двигательлер, чемоданлар ҳәм басқа да өнимлер ислеп шығарыў жолға қойылады.
Соның менен бирге, еркин экономикалық зонада 801,5 миллион долларлық 9 перспективалы жойбарды әмелге асырыў бойынша жумыслар баслап жиберилген. Усы жойбарлар әмелге асырылыўы есабынан 1500 ге шамалас жаңа жумыс орны жаратылады. Еркин экономикалық зона аймағында өз алдына бажыхана режими, салық жеңилликлериниң әмел етиўи аймақтың инвестициялық тартымлылығын арттырып, тиккелей инвестицияларды тартыўда әҳмийетли фактор болмақта.
Мысал ушын, Малайзияның «Serba Dynamik Group Bhd.» компаниясы әне усы жеңилликлер есабынан 250,0 миллион долларға тең «Каустикалық сода ҳәм суйық хлор ислеп шығарыў» жойбарын әмелге асырмақшы. Ҳәзирги күнде «Хазарасп» ЕЭЗда 215,1 гектар жер бос майданлары бар. ЕЭЗдың 1 ҳәм 2-аймақларында әмелге асырылыўы мүмкин болған баҳасы 87,1 миллион долларға тең 11 жойбар бойынша дәслепки есап-санақлар таярланып, сырт ел исбилермен топарлары арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде Сыртқы ислер министрлигине усынылған. «Develop Textile» ЖШЖ түриндеги сырт ел кәрханасы еркин экономикалық зона аймағындағы перспективалы жойбарлардан бири. Бүгинги күнде жойбарды әмелге асырыўға байланыслы қурылыс жумыслары жуўмақланған. Кең, жақты цехлар, қоймахана ҳәм басқа да қосымша ханалар қурылған. Жумысшылардың өнимли мийнет етиўи ҳәм дем алыўы ушын зәрүр қойлайлықлар жаратылған. Қытай, Германия, Түркия ҳәм басқа да мәмлекетлерде ислеп шығарылған заманагөй тигиўшилик үскенелери орнатылған. Технологиялық үскенелер сынақтан өткерилмекте.
Ири жойбарларды иске түсириў ушын 13,14 миллион доллар қаржы жумсалды. Соннан, тиккелей сырт ел инвестициясы 4,16 миллион долларды қурады. 8,98 миллион доллары коммерциялық банктиң кредит қаржысы болып есапланады.
Мәмлекетимиз басшысы усы кәрханада болып, қәнигелер ҳәм тигиўшилер менен сәўбетлести. Ислеп шығарылған бәсекиге шыдамлы тигиўшилик өнимлериниң үлгилерин көзден өткерди. Президентимиз усы сыяқлы заманагөй кәрханаларды көбейтиў арқалы пахта шийки затын қайта ислеўди жолға қойыў, енди тек таяр өнимди экспорт етиў зәрүр екенлигин атап өтти. Жойбардың иске түсирилиўи менен 800 ге шамалас жумыс орны жаратылады. Кәрхана жылына 4 мың тонна ҳәр түрли таяр боялған тигиссиз трикотаж гезлеме, 14 миллион дана трикотаж-тигиў өнимлерин ислеп шығарып, 12 миллион долларлық бәсекиге шыдамлы өнимди Германия, Франция ҳәм Европаның басқа да мәмлекетлерине экспорт етиўди режелестирген. Жуўмақлап айтқанда, «Хазарасп» еркин экономикалық зонасы кең имканиятлар майданы болып, аймақта өндирис ҳәм ресурс потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, усы тийкарда жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў, нәтийжеде халықты турақлы дәрамат дәреги менен тәмийинлеўге хызмет етеди. Бул болса миллий экономикамыздың раўажланыўын, елимиздиң тынышлығын, халқымыздың абаданлығын тәмийинлеўге мүнәсип үлес болып қосылады. Усы жерде Хорезм ўәлаятында әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлар, шөлкемлестирилетуғын өндирис аймақларының жайласыўы ҳәм басқа да жойбарлар ҳаққында да мағлыўмат берилди.
Мәмлекетимиз басшысы жойбарларды өз ўақтында ҳәм сапалы жуўмақлаў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги