Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының екинши жалпы мәжилиси ҳаққында мәлимлеме

2020-03-02 | Сиясат

2020-жыл 28-февраль күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының екинши жалпы мәжилиси болып өтти.

Жалпы мәжилисте ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, мәмлекетимиз ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилисте Сенат ағзалары тәрепинен социаллық-экономикалық, суд-ҳуқық тараўларында реформаларды избе-из даўам еттириў, мәҳәлле ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў, бала ҳуқықын қорғаў менен байланыслы бир қатар нызам ҳүжжетлери ҳәм әҳмийетли мәселелер додаланды.

Жалпы мәжилистиң жумысы Олий Мажлис Сенатының веб-сайтында ҳәм социаллық тармақлардағы рәсмий бетлеринде тиккелей көрсетилди.

Сенат ағзалары жаңа редакциядағы «Өзбекстан Республикасының пуқаралығы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамын додалаўдан баслады.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти усы жыл 24-январь күни парламентке жоллаған Мүрәжатында инсан ҳуқықларын тәмийинлеў, пуқаралық ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин жетилистириў бағдарында әҳмийетли қәдем қойыў ҳәм мәмлекетимизде узақ ўақыттан берли жасап келген, бирақ Өзбекстан Республикасы пуқарасы статусын алмаған ўатанласларымыздың машқаласын нызамға муўапық шешиў бойынша шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый илажларды көриў зәрүрлигин атап өтти. 1995-жылға шекем Өзбекстанға келген ҳәм соннан берли жасап атырған шахсларға Өзбекстан пуқаралығын автомат түрде бериў усынылды. Бул 50 мыңға шамалас ўатанласларымыздың турмысындағы ең әҳмийетли машқала есапланады.

Нызамның әмелдеги редакциясы 28 жыл бурын қабыл етилгенлиги ҳәм оның дерлик барлық нормалары ескирип, заман талапларына жуўап бермей қойылғанлығын атап өтти. Нызамда пуқаралық тараўдағы ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларды және де әпиўайыластырыў, тиккелей әмел етилетуғын нызамшылық базасын жаратыў, шахслардың Өзбекстан Республикасы пуқаралығын алыў ҳәм бийкар етиў бағдарындағы ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеўдиң ҳуқықый механизмлерин беккемлеў нәзерде тутылған.

Нызам менен беккемленип атырған жаңа нормалар ҳаққында сөз етилгенде Өзбекстан Республикасы Президенти  жанындағы Пуқаралық мәселелери бойынша комиссияның дәрежеси, тийкарғы ўазыйпалары ҳәм ўәкилликлери белгилеп қойылғанлығы атап өтилди. Буннан тысқары, туўылған жери ямаса ата-анасының пуқаралығы бойынша балалардың Өзбекстан Республикасы пуқаралығын белгилеў тәртиби беккемленди. Өзбекстан Республикасы пуқаралығы мәселелерин көрип шығыўда уйымлараралық электрон бирге ислесиў механизмлери нәзерде тутылған.

Шығып сөйлегенлер нызам қабыл етилиўи менен тараўға байланыслы нызамшылық ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелияты бир түрде болыўы, инсан ҳуқықлары менен еркинликлери исенимли қорғалыўын тәмийинлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соң парламенттиң жоқарғы палатасының ағзалары «Халықты дизимге алыў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамын көрип шықты.

Нызам Мәмлекетлик статистика комитети тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 5-февральдағы «Өзбекстан Республикасында 2022-жылда халықты дизимге алыўды өткериў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы Пәрманын орынлаў мақсетинде ислеп шығылғанлығы атап өтилди.

Шығып сөйлегенлер нызамның мақсети халықты дизимге алыў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат екенлигин атап өтти. Халықты дизимге алыў – бул Өзбекстан Республикасының халқы ҳаққында исенимли ҳәм ҳадал мәлимлеме жыйнаў. Халықты дизимге алыўдың тийкарғы принциплери төмендегилерден ибарат: дәўирлилик; улыўмалық ҳәм бир ўақытлық; дизимге алыўдың жеке тәртипте екенлиги (атпа-атлығы); шахсқа байланыслы мағлыўматлардың қупыялығы; халықты дизимге алыўды басқарыўдың орайластырылғанлығы.

Нызамда халықты дизимге алыўдың төмендеги тийкарғы ўазыйпалары белгиленбекте: шаңарақларға жәрдем көрсетиў бойынша илажларды ислеп шығыў мақсетинде халық қурамындағы, демографикалық жағдайдағы өзгерислерди баҳалаўға байланыслы мағлыўматлар базасын кеңейтиў; халықтың денсаўлығын беккемлеў, ҳаял-қызлар ҳәм балалар ушын шараятларды жақсылаў, қалаларды ҳәм басқа да елатлы пунктлерди социаллық-экономикалық раўажландырыўдың, мийнет ресурсларын жайластырыў және олардан пайдаланыўдың узақ, орта ҳәм қысқа мүддетли прогнозларын және бағдарламаларын таярлаў; халықты дизимге алыўлар аралығындағы дәўирде халық саны ҳәм қурамының ағымдағы есабын, есап-санақларын және прогнозларын әмелге асырыў; социаллық-экономикалық раўажландырыў мәселелери бойынша илимий изертлеўлерди әмелге асырыў.

Халықты дизимге алыў тараўын мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў Министрлер Кабинети, Өзбекстан Республикасында халықты дизимге алыўды өткериўге жәрдем бериў бойынша республикалық комиссиясы, халықты дизимге алыў тараўындағы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым – Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитети, сондай-ақ, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен әмелге асырылады. Буннан тысқары, олардың бул тараўдағы ўәкилликлери ашып бериледи.

Соның менен бирге, министрликлер, мәмлекетлик комитетлер, уйымлар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң халықты дизимге алыўдағы қатнасы нәзерде тутылмақта, сондай-ақ, респондентлер ҳәм дизимге алыўшы хызметкерлердиң ҳуқықлары менен миннетлемелери ашып берилмекте.

Сенаторлардың атап өткениндей, нызамның қабыл етилиўи халықаралық стандартларға жуўап беретуғын, халықты дизимге алыў тараўындағы қатнасықларды системалы ҳәм комплексли тәртипке салатуғын бейимлесиўши ҳәм ашық-айдын ҳуқықый нормаларды жаратыўды даўам еттириўге және бир қатар әҳмийетли ўазыйпаларды орынлаўға жәрдем береди. Соның ишинде, халықтың қурамында жүз берген глобал өзгерислерди баҳалаў, демографиялық сиясатты, адамлардың саламатлығын беккемлеў, ҳаял-қызлар ҳәм балалардың жағдайын жақсылаў, сондай-ақ, Турақлы раўажланыўдың миллий мақсетлерин қәлиплестириў ҳәм мониторинг етиў сыяқлы ўазыйпаларды орынлаў тәмийинленеди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин сенаторлар жаңа редакциядағы «Метрология ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамын көрип шықты.

Атап өтилгениндей, усы нызам ҳүжжетлерин метрология тараўындағы халықаралық «Стандартластырыў, метрология ҳәм сертификатластырыў тараўында келисилген сиясатты әмелге асырыў ҳаққындағы келисим» қатнасыўшы мәмлекетлердиң миллий нызам ҳүжжетлери ҳәм өлшеўлери бирлигин тәмийинлеў тараўындағы тийкар болыўшы мәмлекетлераралық ҳүжжетлердиң қағыйдаларына үйлестириў мақсетинде Министрлер Кабинети тәрепинен ислеп шығылды.

«Метрология ҳаққында»ғы әмелдеги нызамның кейинги бәнтлери бир түрде талланылыўын тәмийинлеў ушын тийкарғы түсиниклер «мәмлекетлик метрология хызмети», «метрологиялық бақлаўшылық», «өлшеўлер анықлығының көрсеткиши» сыяқлы терминлер менен толықтырылмақта. Бундай терминлердиң киргизилиўи менен «өлшеў әсбапларын салыстырыў» ҳәм «метрология хызмети» терминлериниң түсиниги өзгертилмекте.

Буннан тысқары, өлшеў бирлигин тәмийинлеў тараўында жумыс алып барып атырған субъектлер, атап айтқанда, мәмекетлик метрология хызмети, мәмлекетлик басқарыў уйымларының метрология хызметлери ҳәм юридикалық тәреплер метрология хызметлери тәрепинен метрология қадағалаўын өткериў ҳуқықлары белгиленбекте. Сондай-ақ, өз алдына статьяларда метрология хызметлериниң ҳуқықлары менен миннетлемелери беккемленбекте.

Нызамда өлшеўлердиң бирден-бир бирликте болыўын тәмийинлеўге байланыслы нормативлик ҳүжжетлер түрлерниниң төмендеги дизими белгиленбекте: өлшеў әсбапларын  салыстырыў методикасы; өлшеў әсбапларын калибрлеў методикасы; өлшеўлердиң орынлаў методикасы; сынақ әсбапларын аттестациялаў методикасы.

Сенаторлар тәрепинен атап өтилгениндей, нызамның қабыл етилиўи өлшеўдиң исенимсиз нәтийжелери пайда болыўының ҳәм әмелде қолланылыўының алдын алыў арқалы пуқаралар, жәмийиет ҳәм мәмлекеттиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаўға қаратылған өлшеў бирлигин тәмийинлеў тараўындағы ҳуқықый нормаларды әмелге асырыў нәтийжелилигин арттырыўға жәрдем береди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин сенаторлар «Халықаралық коммерциялық арбитраж ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамын көрип шықты.

Атап өтилгениндей, экономикамыздың глобалласыўы тез пәт пенен раўажланып атырған, хожалықлараралық, мәмлекетлераралық байланыслар раўажланып атырған және регионаллық ҳәм халықаралық дәрежелерде нызамшылық бир түрге енгизилип атырған бир жағдайда ҳәм миллий, ҳәм халықаралық дәрежеде базар қатнасықларының тийкарғы элементлеринен бири есапланған  халықаралық арбитраж коммерциялық кеклиспеўшиликлерди шешиўдиң альтернатив, судтан тысқары түри сыпатында барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Усыларды инабатқа алып, бул нызамның зәрүрлиги бир қатар факторлар менен тийкарланады. Өзбекстан Республикасы халықаралық коммерциялық арбитраж судларының жумысын шөлкемлестириў ҳәм сапластырыў тәртибин ҳуқықый тәртипке салыў, олардың жумысының тийкарғы принциплерин белгилеў, сырт ел инвесторларының, сондай-ақ, миллий компаниялардың сырт елли шериклер менен өз-ара қатнасықларында олардың  ҳуқықый ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғаўды тәмийинлеў сыяқлы факторлар усылардың ишине киреди.

Бирақ сенаторлардың атап өткениндей, нызамда бир қатар концептуал кемшиликлер бар. Мәселен, нызамның 3-статьясында оның қолланылыў тараўы белгиленген болса-да, халықаралық коммерциялық арбитраж түсиниги ҳәм принциплери ашып берилмеген.

Сондай-ақ, 6-статьяда нызамның қолланылыў тараўын ҳәр тәреплеме түсиндириў орнына шешиў ушын халықаралық коммерциялық арбитражға тапсырылыўы мүмкин болған келиспеўшиликлер санап өтилген. Сенаторлардың пикиринше, бул нормада халықаралық коммерциялық арбитраж көрип шығыўы мүмкин болған келиспеўшилик предмети толық жарытылмаған. Усы ҳәм басқа да кемшиликлер себепли нызамды дийдиленген нормаға  жеткериў зәрүрлиги атап өтилди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланбады.

Соң Олий Мажлис Сенаты ағзалары «Мәҳәлле системасы хызметкерлери күнин белгилеў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамын көрип шықты.

Нызам Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 18-февральда қабыл етилген «Жәмийетте социаллық – мәнаўий орталықты жақсылаў, мәҳәлле институтын және де қоллап-қуўатлаў және шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў системасын жаңа дәрежеге алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманын орынлаў мақсетинде ислеп шығылғанлығы атап өтилди.

Нызам менен 22-март «Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни» етип белгиленбекте. Шығып сөйлегенлердиң атап өткениндей, жәмийетте нызам үстинлигин тәмийинлеў, социаллық-мәнаўий орталықты жақсылаўда мәҳәлле институтының роли үлкен. Елимиздиң бай тарийхы менен тығыз байланыслы бул өзине тән институттың абырайын және де арттырыўда мәҳәлле системасы хызметкерлериниң жумысы жәмийетте үлкен әҳмийетке ийе. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соң жоқары палатаның ағзалары «Бала ҳуқықларының қосымша кепилликлери белгилениўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамын додалады.

Атап өтилгениндей, нызам Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 22-апрельдеги «Бала ҳуқықлары кепилликлерин буннан былай да  күшейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарын орынлаў мақсетинде ислеп шығылған ҳәм Бала ҳуқықлары ҳаққындағы конвенция талапларын ҳәр тәреплеме турмысқа енгизиў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўға қаратылған.

Өзбекстан Республикасының Шаңарақ кодексине, Пуқаралық процессуал кодексине, «Бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында»ғы, «Физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлары ҳаққында»ғы нызамларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў нәзерде тутылмақта. Соның ишинде, Шаңарақ кодексине киргизилип атырған қосымшаларда шаңарақта баланың мәплерине байланыслы ҳәр қандай мәселе шешилип атырғанда бала өз пикирин билдириўге, сондай-ақ, ҳәр қандай суд додалаўы ямаса ҳәкимшилик  додалаў дәўиринде сөйлеўге ҳақылы екенлиги нәзерде тутылмақта.

Бунда қарар қабыл етиўге ўәкилликли болған уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслар баланың мәплерине байланыслы мәселелерди шешиўде баланың пикирин, оның жасына қарамастан, көрип шығыўы және баланың ең үстин мәплеринен келип шыққан ҳалда қарарлар қабыл етиўи керек. Ата-ана ҳәм бала бөлек-бөлек жасаған жағдайда, ғамхорлық ҳәм қәўендерлик уйымлары, сондай-ақ, он төрт жаста болған бала бир ўақыттың өзинде ата ҳәм анадан жас өспирим балалардың тәмийнаты ушын алимент өндириў ҳаққында даўа қозғаўға ҳақылы.

Сондай-ақ, «Бала ҳуқықларының кепилликклери ҳаққында»ғы нызамға өзгерислер киргизилип, оған бола баланың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплери бузылғанда, соның ишинде, ата-ана (олардан бири) ямаса ата-ананың орнын басатуғын шахслар балаға тәмийнат, тәрбия ҳәм билим бериў бойынша миннетлемелерин орынламағанда ямаса зәрүр дәрежеде орынламағанда ата-аналық ҳуқықларын нызамсыз пайдаланғанда бала өзиниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғалыўын сорап ғамхорлық ҳәм қәўендерлик уйымына, сондай-ақ, басқа да мәмлекетлик уйымларға еркин түрде мүрәжат етиўге ҳақылы. Бундай мүрәжатларды бала толық қарым-қатнас жасаў уқыбына ийе болмағанлығы себепли көрип шықпастан қалдырыўға жол қойылмайды.

Буннан тысқары, «Физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлары ҳаққында»ғы нызам жаңа статья менен толықтырылмақта. Оған муўапық, жас өспирим шахслар өз ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерине әмел етилиўи мәселелери бойынша мәмлекетлик уйымларға, шөлкемлерге ямаса олардың лаўазымлы шахсларына усы нызамда белгиленген тәртипте еркин түрде мүрәжат етиўге ҳақылы.

Нызам менен Пуқаралық процессуал кодексине де тийисли өзгерислер киргизилмекте. Оған муўапық, жас өспирим, яғный жасы он төрттен он сегизге шекемги  пуқаралардың, сондай-ақ, қарым-қатнас жасаўға уқыплылығы шекленген деп табылған пуқаралардың ҳуқықлары менен нызам менен қорғалатуғын мәплери судта олардың ата-аналары, оларды перзентликке алғанлар ямаса қәўендерлер тәрепинен қорғалады. Бирақ бул жас өспиримлерди ҳәм қарым-қатнас жасаўға уқыплылығы шекленген деп табылған пуқараларды бундай ислерде жеке қатнасыў ҳуқықынан айырмайды.

Сенаторлар бул нызам Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм нызамларында нәзерде тутылған бала ҳуқықлары кепилликлерин тәмийинлеўге жәрдем беретуғынын атап өтти. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин сенаторлар «Суд ислерин жүргизиў тәртибин жетилистириў мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамын көрип шықты.

Атап өтилгениндей, бул нызам Өзбекстан Республикасының «Судлар ҳаққында»ғы, «Хожалық жүргизиўши субъектлер жумысының шәртнамалық-ҳуқықый базасы ҳаққында»ғы нызамлары, Салық кодекси, сондай-ақ, Пуқаралық процессуал кодекси, Экономикалық процессуал кодекси ҳәм Ҳәкимшилик суд атқарыўшылығы ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўди нәзерде тутады.

Өзбекстан Республикасының «Судлар ҳаққында»ғы нызамындағы нормалар ислерди судьялар арасында бөлистириў районлараралық, район (қала) лық судлары басшыларының ўәкиллиги есапланатуғыны, сондай-ақ, Жоқарғы судтың тийисли судлаў коллегиялары мәжилислеринде ислерди көрип шығыў ушын судлаў қурамларын қәлиплестириў судлаў коллегиялары басшыларының ўәкиллиги есапланатуғыны ҳаққындағы нормалардың бар екенлиги судларда ислерди электрон системадан пайдаланған ҳалда инсанның араласыўысыз, автомат түрде шешиў тәртибин әмелиятқа толық енгизиў имканиятын жаратып береди.

«Хожалық жүргизиўши субъектлер жумысының шәртнамалық–ҳуқықый базасы ҳаққында»ғы нызамға өзгерислер киргизилип, нәтийжеде хожалық жүргизиўши субъектлер арасындағы келиспеўшиликлерди тез шешиўге ерисиледи. Сондай-ақ 2020-жыл 1-февральдан баслап юридикалық шахслар тәрепинен даўа арзасы ҳәм оның қосымшаларын жуўапкер және экономикалық судқа салық төлеўшиниң жеке кабинети арқалы электрон тәризде жибериў имканияты жаратылыўы белгиленген.

Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 150-статьясына даўагер тәрепинен даўа арзасы ҳәм оған қосымша етилген ҳүжжетлердиң көширме нусқаларын жуўапкерге ҳәм үшинши шахсларға электрон тәризде жибериў имканиятын нәзерде тутатуғын қосымша киргизилмекте.

Бунда даўагер – салық төлеўши даўа арзасы ҳәм қосымша ҳүжжетлерин судқа усыныўдан алдын салық төлеўшиниң жеке кабинети арқалы басқа салық төлеўши – жуўапкер ҳәм үшинши шахсларға жибериў және ҳүжжетлердиң жиберилгенлиги ҳаққындағы тастыйықлаўшы мағлыўматты кейиншелик судқа усыныў ушын мәлимлеме системасы арқалы жүклеп алыў имканиятына ийе болады. Нызам сенаторлар тәреинен мақулланды.

Соң парламент ағзалары «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамын көрип шықты.

Атап өтилгениндей, нызам мәмлекетимизди социаллық-экономикалық раўажландырыў, жәмийетте турақлылықты тәмийинлеў ҳәм реформаларды тереңлестириўге қаратылған бир қатар нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди орынлаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, Орайлық банки, Бас прокуратурасы, Есап палатасы, сондай-ақ, Әдиллик министрлиги тәрепинен ислеп шығылған.

Өзбекстан Республикасының 4 нызамы, 2 кодексине ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң 2001-жыл 12-майдағы «Әмелге асырылыўы ушын лицензиялар талап етилетуғын жумыс түрлериниң дизими ҳаққында»ғы 222-88-санлы қарарының 1-қосымшасына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў нәзерде тутылмақта.

Соның ишинде, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекс тойлар, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлер өткериў тәртибин бузғанлығы ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгилеўди нәзерде тутатуғын нормалар менен толықтырылмақта.

Сондай-ақ, киргизилип атырған қосымшаларда Есап палатасы бюджет ҳәм смета-штат тәртибин бузғанлықта айыпкер шахсларды белгиленген тәртипте ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў бойынша Есап палатасы ўәкилликлерин әмелге асырыў, Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигиниң Мәмлекетлик финанслық қадағалаў уйымларының лаўазымлы шахслары тәрепинен ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққында протокол дүзиў ҳәм оны ҳәкимшилик судқа жибериў нәзерде тутылмақта.

«Сиясий партиялар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына Өзбекстан Республикасы Есап палатасының лаўазымлы шахслары сиясий партияларға ағзалығын шеклеўди нәзерде тутатуғын қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.

Көрсетилетуғын микроқаржыландырыў хызметлерин арттырыў, халық ҳәм исбилерменлик субъектлериниң микроқаржыландырыў хызметлерине болған артып баратырған талабын қанаатландырыў, сондай-ақ, төлеў қәбилетин жақсылаў ҳәм социаллық қорғаўды күшейтиў мақсетинде «Микроқаржыландырыў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына белгили суммадан артпайтуғын муғдарда микроқаржыландырыў хызметлериниң суммасын белгилеўди, соның ишинде, қарыз алыўшыға исбилерменлик жумысын әмелге асырыў ушын 300 миллион сумнан артпайтуғын суммада микрокредит бериўди нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.

«Өзбекстан Республикасының Есап палатасы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамында нәзерде тутылған Есап палатасының ўазыйпалары, функциялары ҳәм ўәкилликлерин әмелге асырыў мақсетинде Бюджет кодексине тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

«Өзбекстан Республикасының Конституциялық суды ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызамы норма менен толықтырылмақта. Онда Өзбекстан Республикасы Конституциялық судының мәжилислеринде қатнасыў, оның көрип шығыўы ушын мәселелер киргизиў ҳәм көрилип атырған мәселе бойынша пикир билдириў бойынша Есап палатасы баслығының ўәкилликлерин әмелге асырыў белгиленбекте. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Парламент ағзалары тәрепинен «Халықаралық жеке ҳуқық бойынша Гаага конференциясы Уставын (Гаага, 1951-жыл 31-октябрь) ратификациялаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамы да көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, нызам Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң тапсырмасын орынлаў мақсетинде ислеп шығылған ҳәм халықаралық жеке ҳуқық нормаларын басқышпа-басқыш бир түрге енгизиўге жәрдемлесиўге қаратылған.

Конференцияның бир ҳәм оннан аслам сессиясында қатнасқан ҳәм оның Уставын қабыл еткен мәмлекетлер Халықаралық жеке ҳуқық бойынша Гаага конференциясының ағзалары есапланатуғыны атап өтилди. Өзбекстанның Гаага конференциясына ағза болыўы халықаралық шаңарақлық ҳәм жеке ҳуқық нормаларын бирдей етиў тәртип-қағыйдасында мәмлекеттиң қатнасыўын тәмийинлеў, жәҳән стандартларын есапқа алған ҳалда ҳуқық системасын буннан былай да раўажландырыў, мәмлекет пуқараларының ҳуқық ҳәм мәплерин сырт елде қорғаў нәтийжелилигин арттырыў имканиятын береди.

Буннан тысқары, мәмлекетимиз Гаага конференциясы Кеңесине кириў арқалы оның жумыс бағларламасын белгилеўде қатнасыўы, Гаага конференциясы тәрепинен көрип шығылып атырған жаңа конвенциялар бойынша сөйлесиўлерде қатнасыўы ҳәм халықаралық майданда өз мәплерин үгит-нәсиятлаўы мүмкин.

Нызам мәмлекетимиздиң дүнья жәмийетшилигине интеграцияласыўын буннан былай да тереңлестириўге жәрдемлесетуғыны атап өтилди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соңынан Сенат ағзалары Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жәмийетте социаллық-мәнаўий орталықты жақсылаў, мәҳәлле институтын және де қоллап-қуўатлаў және шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў системасын жаңа дәрежеге алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманын тастыйықлаў мәселесин көрип шықты.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 78-статьясы ҳәм «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызамының 8-статьясына муўапық, министрликлер, мәмлекетлик комитетлер ҳәм мәмлекетлик басқарыўдың басқа да уйымларын шөлкемлестириў ҳәм сапластырыў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президенти пәрманларын тастыйықлаў парламенттиң жоқары палатасының ўәкилликлерине киреди.

Бул Пәрманда Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигин, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасында, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында министрликтиң бөлимлерин шөлкемлестириў нәзерде тутылып атырғанлығы себепли Пәрман парламент ағзалары тәрепинен көрип шығылды.

Бул ҳүжжет социаллық тараўдағы реформаларды және де тереңлестириўге қаратылғанлығы және мәҳәлле ҳәм шаңарақ институтын беккемлеўге жәрдемлесетуғыны атап өтилди. Усы мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан кейин Сенат ағзалары Медициналық-мийнет эксперт комиссиялары тәрепинен пуқараларды медициналық тексериўден өткериў ҳәм майыплықты анықлаў мәселелери бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине парламентлик сораў жибериў ҳаққындағы мәселени көрип шықты.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде майыплығы болған шахсларды мәнзилли социаллық қорғаў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында белгиленген. Тийисли хызметлерди буннан былай да жетилистириўге қаратылған медициналық-социаллық жәрдем көрсетиў бағдарында бирден-бир сиясатты қәлиплестириў мақсетинде Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанында Медициналық-социаллық хызметлер агентлиги шөлкемлестирилген.

Бирақ алып барылып атырған жумыслар менен бир қатарда кемшиликлер ҳәм шешимин күтип атырған машқалалар сақланып қалмақта. Соның ишинде, майыплықты ерте анықлаў ҳәм алдын алыў, майыплығы болған шахсларға социаллық-жәмийетлик жәрдем көрсетиў ҳәм қоллап-қуўатлаўдың нәтийжели механизми жолға қойылмаған. Пуқараларды тереңлестирилген медициналық тексериўден өткериў жумыслары системалы жолға қойылмағанлығы ақыбетинде майыплығы болған шахслардың саны кейинги үш жылда 9 процентке артқан.

Майыплық профилактикасы, бундай шахсларды медициналық-социаллық ҳәм қәнигелик реабилитациялаў бойынша жақын, орта ҳәм узақ мүддетли стратегияның жоқ екенлиги бундай шахсларды медициналық-социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў системасын жаратыўға тосқынлық етпекте.

Усы мүнәсибет пенен бул парламентлик сораўды жоллаў зәрүрлиги пайда болды. Бул мәселе бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан соң Сенат ағзалары Өзбекстан Республикасы ишки ислер министриниң ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм олардың профилактика жағдайы ҳаққындағы 2019-жылдың жуўмағы бойынша мәлимлемесин тыңлады.

Атап өтилгениндей, 2019-жылы Өзбекстан Республикасы ИИБ тәрепинен ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм профилактикасы бойынша белгили бир жумыс алып барылды. Өткен жылы қабыл етилген илажлар нәтийжесинде жынаятлардың 3139 ға ямаса 10,5 процентке азайыўына ерисилген. Республикада мәҳәллелердиң 33,7 процентинде ямаса 3074 инде бирде-бир жынаят исленбеген. Жас өспиримлер (830/656) ҳәм ҳаял-қызлар (3378/2705) арасында жынаят ислеў жағдайлары азайған.

Ишки ислер ҳәм басқа да ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен өткерилген нәтийжели илажлар нәтийжесинде нәшебентлик, коррупция ҳәм социаллық бағдарларға байланыслы дерлик 4,5 мың жынаят анықланған.

Соның менен бирге, өткерилген үйрениўлер ишки ислер уйымларының жумысында белгили кемшиликлер, шешимин күтип атырған машқалалар ҳәм толық пайдаланылмаған имканиятлар бар екенлигин көрсетти.

Халықтың социаллық-турмыслық машқалаларын анықлаў ҳәм шешиўдеги жумыслар жетерли дәрежеде шөлкемлестирилмеген, шаңарақлардағы жәнжеллер көпшилик жағдайларда мәҳәлле белсендилери ҳәм профилактика инспекторларының итибарынан шетте қалғанлығы ақыбетинде оғада аўыр жынаятлардың ислениўи кеңнен түс алған.

Буннан тысқары, 2019-жыл 2-сентябрьде «Ҳаял-қызларды күш көрсетиў ҳәм зорлықтан қорғаў ҳаққында»ғы нызам қабыл етилген болыўына қарамастан, ИИБниң бул бағдардағы жумысларды тәртипке салыўшы буйрығы 2020-жыл 3-февраль күни қабыл етилген. Сол себепли күш көрсетиўге ушыраған ҳаял-қызлардың тек ғана үшеўине қорғаў ордери берилген. 142 жынаятшылықтың 70 и (49,2 проценти) ерли-зайыплылардың арасында келип шыққан келиспеўшиликлер себепли жүз берген.

Бул жынаятлардың көпшилигиниң өз ўақтында алдын алыў илажлары бар болса-да, оған орынлардағы профилактика инспекторлары, тийисли ҳәкимлер, сектор басшылары, жәмийетлик шөлкемлер ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары тәрепинен жетерли итибар қаратылмаған.

Аўыр турмыс шараятында жасап атырған ҳаял-қызлардың машқалалары толық шешилмей атырғанлығы ақыбетинде 5032 ҳаял-қыз жынаят ислеген ҳәм бул жынаятларды ислеў жағдайлары Ташкент қаласы, Ташкент ҳәм Ферғана ўәлаятларында жоқарылығы менен қалған.

Адам саўдасы жынаятларының саны 2012-2019-жыллар даўамында алты есеге азайыўына (574/94) ерисилген болса-да, усы дәўирде балалар саўдасына байланыслы жынаятлар артып атырғанлығын көрсетпекте.

Сондай-ақ, жаслар менен ислесиўде елеге шекем көплеген машқалалар сақланбақта. Өткен жылы республикада дизимге алынған ҳәр төртинши жынаят (11787) жаслар тәрепинен исленген.

Додалаў даўамында сенаторлар тәрепинен Ишки ислер министрлигиниң жумысында анықланған кемшиликлерди сапластырыў бойынша анық усыныслар билдирилди. Соның ишинде, профилактика инспекторлары ҳәм мәҳәлле пуқаралар жыйынлары арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлар бойынша күнлик мәлимлеме алмасыўды қатаң қадағалаў, сондай-ақ, жынаят ислеўге алып келетуғын себеплерди мониторинг етиў ҳәм таллаў жумысларын күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Республиканың бир қатар аймақларындағы унамлы тәжирийбелерди, соның ишинде, жынаятшылықтын алдын алыў бойынша Әндижанның «Үлгили аймақ» концепциясын, ҳаял-қызлар менен ислесиўдиң Бухара тәжирийбесин, жаслар менен ислесиўдиң Ферғана тәжирийбесин басқа да аймақларға енгизиў зәрүрлигине итибар берилди.

Көрип шығылған мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Сенаторлар Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигиниң 2019-жылдағы жумысы ҳаққындағы мәлимлемесин де тыңлады.

Атап өтилгениндей, сыртқы сиясий байланысларды және де раўажландырыў бойынша министрлик тәрепинен белгили жумыс алып барылған. Министрликтиң тиккелей ҳәм белсене қатнасыўында 2019-жылы мәмлекетимиз басшысы ҳәм сырт мәмлекетлер ҳәм халықаралық структуралар басшыларының 20 сапар етиўи шөлкемлестирилди. Жоқары дәрежедеги сапар етиўлер ҳәм илажлардың жуўмақлары бойынша Өзбекстан Ҳүкимети тәрепинен сырт мәмлекетлер ҳәм халықаралық структуралар менен бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша 138 «Жол картасы» қабыл етилди.

Орайлық Азия регионы мәмлекетлери менен бирге ислесиўди раўажландырыў мақсетинде бир қатар жоқары дәрежедеги илажлар, атап айтқанда, Орайлық Азия мәмлекет басшыларының екинши Мәсләҳәтлесиў ушырасыўы өткерилди. Өзбекстанның  сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханаларының қатнасыўында инвестициялық бизнес-форумлар өткерилди, потенциаллы сырт ел инвесторларының көплеген сапар етиўлери әмелге асырылды.

Мәмлекетимиздиң сыртқы сиясий жумысының нызамшылығын буннан былай да жетилистириў бойынша еки тәреплеме жоқары дәрежедеги илажлар шеңберинде 122 еки тәреплеме халықаралық шәртнамаға қол қойылды, 28 көп тәреплеме халықаралық ҳүжжет ратификацияланды.

Соның менен бирге, министрликтиң жумысында бир қатар әҳмийетли машқалалар ҳәм кемшиликлер бар. Соның ишинде, министрлик ҳәм Өзбекстан дипломатиялық ўәкилханаларының мәлимлеме-таллаў жумысының нәтийжелилиги оғада төмен болып қалмақта. Исенимли мағлыўмат дәреклериниң аз екенлиги, тийкарынан ғалабалық мағлыўматларға сүйенген хабарнамалардың таярланыўы ҳәр тәреплеме терең ислеп шығылған әҳмийетли сиясий баслама ҳәм усыныслардың жетиспеўшилигине алып келмекте.

Сондай-ақ, шығып сөйлегенлер тәрепинен экономикалық дипломатия нәтийжелилигиниң оғада төмен екенлиги атап өтилди. Министрликтиң есабатына бола республиканың сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалары тәрепинен 1200 ден аслам бизнес-форумлар өткерилди, 3700 ден аслам өз-ара сапар етиўлер әмелге асырылды. Бирақ олардың әмелий нәтийжеси дерлик жоқ, айырым жағдайларда илажлар атына ҳәм нәтийжесиз өткерилмекте.

Сырт елли шериклер менен бирге ислесиў бойынша ҳәр  тәреплеме пуқта ойланған анық мақсетли режелердиң ислеп шығылыўына елеге шекем үстиртин қаралмақта. Сырт мәмлекеттеги компаниялардың усынысларына тийисли шөлкемлердиң жуўап бермеўи, қайта байланыстың жоқ екенлиги нәтийжесинде жойбарларды көрип шығыў мүддети созылып кетпекте. Уйымлараралық бирге ислесиўди муўапықластырыў мәселеси елеге шекем толық шешилмеген. Ҳаял-қыз кадрларды жоқары дипломатиялық лаўазымларға таярлаў жумыслары системалы жолға қойылмаған.

Усы мүнәсибет пенен сенаторлар тәрепинен министрликтиң жумысын жетилистириўге байланыслы бир қатар усыныслар билдирилди. Соның ишинде, Сыртқы ислер министрлигиниң мәлимлеме-таллаў жумысы ҳәм министрлик тәрепинен өткерилип атырған илажлардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша анық ҳәм оператив илажлар көриў зәрүрлиги атап өтилди. Өзбекстан дипломатиялық ўәкилханалары басшыларының оларға бириктирилген республика аймақларының сыртқы экономикалық жумыс нәтийжелилигин арттырыў ушын жеке жуўапкершилиги көрсетилди. Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан кейин сенаторлар ата-аналардың қарамағысыз қалған, Меҳрибанлық үйлеринде тәрбияланған жаслардың жәмийетке социаллық бейимлесиўиндеги әҳмийетли мәселелер ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораў нәтийжелерин көрип шықты.

Атап өтилгениндей, усы парламентлик сораўға берилген жуўап көрип шығылғаннан кейин, Сенаттың тийисли комитети тәрепинен бул бағдарда белгили жумыс алып барылғаны атап өтилди. Соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 11-февральдағы қарары менен тастыйықланған Жетим балалар ҳәм ата-анасының қарамағынан айырылған балаларды социаллық қорғаўды күшейтиў бойынша «Жол картасы»нда 2019-2023-жылларда орынланыўы зәрүр болған ўазыйпалар белгиленген.

Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 30-сентябрьдеги қарары менен жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды шаңараққа қабыл етип атырған талабанларды (пуқараларды) таңлаўға ҳәм тутынған ата-аналарды таярлаўға қаратылған тийисли режелер тастыйықланған. Меҳрибанлық үйлери ҳәм балалар қалашаларының 43 басшы хызметкери ҳәм 413 педагог хызметкери аттестациядан өткерилген.

Соның менен бирге, бул бағдардағы бир қатар кемшиликлер де атап өтилди. Соның ишинде, жетим балалар ҳәм ата-ананың қарамағысыз қалған балалардың ҳуқықый жәрдем алыў ҳәм суд қорғаўында болыў ҳуқықлары жетерли дәрежеде тәмийинленбеген. Жетим балалар ҳәм ата-ананың қарамағысыз қалғанларды Меҳрибанлық үйлерине жайластырыў тек ғана район (қала) ҳәкимлериниң ықтыярында қалып кетип атырғанлығы олардың келешектеги тәғдирин белгилеўде субъективлик қатнас жасаў шешиўши фактор болып қалыўына алып келмекте. Бул болса көп жағдайларда жетим балалар ҳәм ата-ананың қармағысыз қалғанларды патрионат ямаса шаңарақлардың қарамағына бериў жумыслары нәтийжели жолға қойылыўына унамсыз тәсир көрсетпекте.

Бул ҳәм басқа да машқалаларды додалап, сенаторлар бул бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша бир қатар усыныслар билдирди. Бәринен бурын, нызамшылық базасын беккемлеў, яғный «Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды социаллық қорғаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы жойбарын ислеп шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Онда жетим балалар ҳәм ата-ананың қарамағысыз қалған балаларды шаңарақлық ҳәм балалар мәкемелерине жайластырыў тәртиби ҳәм түрлерин анық белгилеў әҳмийетли болып есапланады.

Буннан тысқары, усындай балаларды мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында шөлкемлестирилетуғын мәмлекетлик шаңарақлық мәкемелерге жайластырыўдың ҳуқықый тийкарларын жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Сенаторлар мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымлары тәрепинен нызам ҳүжжетлериниң орынланыўы ҳәм Ташкент ўәлаятындағы шегара бажыхана постларының жумысын үйрениў жағдайы бойынша парламентлик сораў нәтийжелерин көрип шықты.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен 2020-жыл 6-февраль күни усынылған сораўға берилген жуўапқа муўапық, парламентлик сораўда көтерилген мәселелер жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте толық көрип шығылғанлығы атап өтилди.

Парламентлик сораўда көтерилген мәселелердиң орынланыўын толық түрде тәмийинлеў, бул хызметте коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, Мәжбүрий орынлаў бюросы ҳәм басқа да мәмлекетлик уйымлардың өз-ара бирге ислесиўин жолға қойыў бойынша бар машқала ҳәм кемшиликлерди сапластырыў бойынша әмелий илажлар көрилди.

Бирақ әмелге асырылған жумыслар менен бирге, парламентлик сораўда көтерилген айырым мәселелердиң орынланыўы толық тәмийинленбегенлиги ақыбетинде тараўда айырым системалы машқалалар сақланып қалмақта. Соның ишинде, шегара бажыхана постлары жақынында автотраспорт қуралларына байланыслы тығылыслардың алдын алыў, жәмийетлик тәртипти ҳәм жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў механизми ислеп шығылмаған.

Мәжилисте бул ҳәм басқа да кемшиликлерди сапластырыў бойынша усыныслар билдирилди. Соның ишинде, 2020-жылдың 15-апрелине шекем шегара бажыхана постлары жақынында жәмийетлик тәртипти ҳәм жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеўде жүзеге келип атырған машқалаларды сапластырыўға қаратылған илажлардың режесин ислеп шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Үш ай мүддетте мәмлекетимиздеги шегара бажыхана постларында күни-түни валюта алмастырыў, пул қаржыларын нақ пулға алмастырыў, нақ ҳәм нақсыз есап-санақларды әмелге асырыў терминалларын орнатыў илажларын көриў зәрүр екенлиги атап өтилди. Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Олий Мажлис Сенаты ағзалары Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) орынбасарын – Бала ҳуқықлары бойынша ўәкилди сайлаў ҳаққындағы мәселени көрип шықты. Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Сондай-ақ, сенаторлар Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының қурамына өзгерислер киргизиў мәселесин де көрип шықты. Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Олий Мажлис Сенатының екинши жалпы мәжилисинде 18 мәселе, соның ишинде, 9 нызам көрип шығылды.

Сенаторлар тәрепинен мақулланған Өзбекстан Республикаы нызамлары жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында ҳуқықый тийкарларды беккемлеўге ҳәм мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли жаңаланыўлар ҳәм реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға, сондай-ақ, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының екинши жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться