Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Технопаркте заманагөй кәрхана иске түсти

2020-02-28 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёев 28-февраль күни Яшнабад районындағы Технопаркке барды.

Ташкент механика заводының үлкен аймағы ҳәм имаратларынан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде Технопарк шөлкемлестирилди. Мәмлекетимиз басшысы өткен жылы 28-июньда бул жерге келип, жойбарлардың презентациясы менен танысқан еди.

Технопаркте 2020-2021-жылларда улыўма баҳасы 393 миллион доллардан аслам болған 15 кәрхананы иске түсириў мөлшерленген. Оларда кир жуўыў машиналары, асхана плиталары, суўытқыш ҳәм музлатқышлар, санаат кондиционерлери, лифт ҳәм эскалаторлар, электр техникасы өнимлерин ислеп шығарыў нәзерде тутылған.

Бул жерде зәрүр инженерлик-коммуникация тармақлары бар. Исбилерменлерге қолайлылық жаратыў мақсетинде логистика орайы шөлкемлестириледи. Ислеп шығарылатуғын өнимлердиң жергиликлилестириў дәрежеси 35-40 процент болады. Сондай-ақ, жылына 186 миллион долларлық экспорт етиў режелестирилген.

Президентимиз Технопарк аймағында иске түсирилген биринши жойбар – электрон газ есаплағышлар кәрханасының жумысы менен танысты, өнимлердиң үлгилерин көзден өткерди.

50 миллион доллар инвестиция есабынан шөлкемлестирилген кәрханада жылына  3 миллион дана электрон газ есаплағышлар таярланады. Бул «ақыллы» есаплағышларға сим-карта орнатылған болып, пайдаланылған табийғый газ көлеми ҳаққындағы мағлыўматты онлайн режимде орайлық серверге узатады. Солай етип есаплаўда биллинг системасы енгизиледи ҳәм инсан факторы қысқарады.

Усы есаплағышлар қәўипсизлик жағынан да қолайлы. Оларға орнатылған өлшем қурылмасы артықша газ басымын азайтып, бир түрде жеткерип береди. Усы арқалы халықтың үйлеринде ҳәм комплекслерде өрт ямаса басқа да кеўилсиз жағдайлардың алды алынады.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде 3,5 миллион дана электрон газ есаплағышқа зәрүрлик бар. Кәрхана усы зәрүрликти бир жылда қаплап, келеси жылдан  7,7 миллион долларлық өнимди экспорт етиў қуўатлылығына ийе. Бул ушын кәрхананың шериги Италияның «Petro Fiorentini» компаниясы менен бирге тийисли шәртнама дүзилген.

Мәмлекетимиз басшысы кәрхана тек сатыў менен шекленип қалмастан, есаплағышларды орнатыўдан баслап хызмет көрсетиўге шекем жуўапкер болыўы, эксплуатацияға жуўап бериўи керек екенлигин атап өтти.

– Ҳәр бир өндириске кирисиўден алдын стандартты ойлаў керек. Маман сервис ушын да, экпорт ушында да стандарт зәрүр. Тилекке қарсы, биз бул тараўда дүньядан бир талай артта қалдық. Орынларда стандарт кепиллигин тәмийинлейтуғын кадрлар оғада аз. Соның ушын, мине, усындай санаат кәрханаларының өзинде сервис бойынша қәнигелер таярлаўды жолға қойыў керек, – деди Президент.

Кәрхананың сервис орайының жумысы ҳаққында мағлыўмат берилди.

Мәмлекетимиз басшысы Технопаркте әмелге асырылып атырған гезектеги жойбарлар, ислеп шығарылыўы режелестирилген санаат өнимлери менен де танысты.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться