Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Жаңа массивке заманагөй ширкет хызмет көрсетеди

2020-02-28 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёев 28-февраль күни пайтахтымыздың Мырза Улығбек районы Авайхон мәҳәллесинде қурылып атырған көп қабатлы турақ жайларды көзден өткерди.

 

Бул жерде жәми 1 мың 120 квартирадан ибарат 17 көп қабатлы турақ жайлардың қурылысы жойбарластырылған. Бүгинги күнде 5 турақ жай бой тиклеп, ишки пардозлаў жумыслары алып барылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы квартиралардың бирин кирип көрди, турақ жайлардың қурылыс технологиясы ҳәм энергия үнемлилигине итибар қаратты.

Сыртқы дийўаллар базальт материалы менен қапланғаны ҳаўаның тәсирин азайтып, квартиралардың қыста ыссы, жазда салқын болыўын тәмийинлейди. Және бир нәтийжели тәрепи – бул толық локализацияланған өним.

Президентимиз жергиликли материалларды көбирек жумсап, турақ жайлардың баҳасын арзан етиў, оларды түрли тараў ўәкиллери менен бирге кем тәмийинленгенлерге де ажыратыў бойынша көрсетпелер берди. Кредит мүддетин созыў, ижараға бериў арқалы кәмбағал шаңарақларды қоллап-қуўатлаў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

– Қалаларда адамлар коммуналлық хызметлердиң сапасызлығынан наразы. Имаратларды эксплуатациялайтуғын турақлы шөлкемлер, маман кадрлар жетиспейди. Жаңа объектлер ески тармақларға жалғанып қойылады. Пүткил квартал бирден узақтағы станциядан ысытылады. Негизинде, ақыл менен исленсе, комуналлық төлемлерди 50 процентке шекем арзанлатыў мүмкин, – деди Шавкат Мирзиёев.

Жаңа массивте автоном ыссылық станциясын қурыў, имаратларды эксплуатациялайтуғын ҳәм сапалы хызмет көрсететуғын заманагөй ширкет шөлкемлестириў бойынша көрсетпе берилди.

Аймақта және бир неше 9, 16 ҳәм бир 25 қабатлы турақ жай қурылыўы режелестирилген. Жойбарда заманагөй қурылыс нормалары менен бирге миллий қәдириятларымыз, ҳәр қыйлы мәресимлер ушын қолайлықлар да есапқа алынған. Барлық турақ жайларды 2020-жыл сентябрьде пайдаланыўға тапсырыў мөлшерленген.

Сондай-ақ, мектеп, балалар бақшасы, дем алыў ҳәм спорт майданшалары, балалар ойнаў майданшалары, көп қабатлы автостоянка қурылыўы режелестирилген.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться