Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Химия санаатындағы тийкарғы ўазыйпалар белгилеп берилди
2020-02-24 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-февраль күни химия санаатын реформалаў бойынша перспективалы режелер ҳәм усы жылы әмелге асырылатуғын тийкарғы ўазыйпаларды додалаўға бағышланған мәжилис өткерди.
Кейинги жылларда тараўды модернизациялаў, финанслық-экономикалық саламатландырыў ҳәм жоқары қосымша қунлы химиялық өнимлер номенклатурасын кеңейтиў бойынша көплеген илажлар әмелге асырылды. Тармақ кәрханаларының рентабельлигин көтериў мақсетинде базар механизмлери енгизилип, баҳаны қәлиплестириў тәртиби пүткиллей қайта көрип шығылды. Нәтийжеде химия тармағы өткен жылды 2018-жылға салыстырғанда 2,3 есе көп пайда менен жуўмақлады.
«Наўайыазот» акционерлик жәмийетинде Поливинилхлорид, каустикалық сода ҳәм метанол ислеп шығарыў комплекси иске қосылды. Шортан газ-химия комплексинде синтетикалық суйық жанылғы, «Наўайыазот» акционерлик жәмийетинде азот кислотасы, аммиак ҳәм карбамид ислеп шығарыў заводлары қурылмақта.
Мәмлекетимиз басшысы быйыл январь айында парламентке жоллаған Мүрәжатында ҳәм Олий Мажлис палаталарының қоспа мәжилисинде химия тараўына айрықша итибар қаратып, ҳүкимет алдына оны модернизациялаў, илим ҳәм инновацияларды кеңнен енгизиў бойынша бир қатар ўазыйпалар қойған еди.
Бул тосыннан емес. Себеби бул тармақта машқалалар, еле пайдаланылмай атырған имканиятлар көп. Соның ишинде, елимизде ислеп шығарыў мүмкин болған, қурамалы қурамға ийе болмаған химия өнимлери сырттан алып келинбекте. Экспорт структурасы диверсификацияланбаған, онда елеге шекем минерал төгинлердиң үлеси оғада үлкен. Пайдаланып атырған үскенелердиң 60 проценти ескирген, энергияның жумсалыўы нормадан 2-3 есе артық.
Сын-таллаў руўхында өткен мәжилисте тараўды реформалаў, кәрханалардың нәтийжелилигин ҳәм потенциалын арттырыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Тармақтағы ҳәр бир кәрхананың жумысын сын көзқарастан таллап, өнимлердиң сапасын арттырыў, энергия жумсалыўын азайтыў есабынан өзине түсер баҳаны төменлетиў бойынша тапсырмалар берилди. «Санлы технологиялар»ды қолланыў, инсан өмири ушын қәўипли процесслерде автоматластырыў дәрежесин көтериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Химия тараўында жаңа бағдарларды раўажландырыў, сырт ел инвесторларын кеңнен тартыў зәрүрлиги атап өтилди.
Тоқымашылық, қурылыс материаллары, автомобиль қурылысы, тутыныў товарлары, азық-аўқат ҳәм фармацевтика ушын зәрүр шийки зат ислеп шығарыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
«Наўайыазот» акционерлик жәмийетинде поливинилхлорид ислеп шығарыўды тез мүддетте жойбар қуўатлылығына алып шығыў ҳәм екинши басқышты жойбарлаў бойынша көрсетпелер берилди.
«Ферғанаазот» акционерлик жәмийети, Қоңырат сода заводы ҳәм Дийқанабад калийли төгинлер заводында мәмлекетлик үлести инвесторларға сатыў мәселелерине де тоқтап өтти.
Киши тоннажлы химия өнимлерин ислеп шығарыўды кеңейтиў, усы мақсетте «Наўайыазот» акционерлик жәмийетинде бос турған майданлар негизинде қәнигелескен киши санаат зонасын шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Бизге белгили, быйылғы жыл мәмлекетимизде Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы деп жәрияланып, ҳәр жылы илимниң бир неше тийкарғы бағдарын раўажландырыў белгилеп алынды. Раўажланыўымыздың ҳәзирги басқышындағы әҳмийетли бағдарларынан бири болса химия тараўы болып есапланады.
Сол себепли мәжилисте усы тармақта билимлендириў ҳәм илимди жетилистириў, заманагөй кадрлар таярлаў оғада әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Илим ҳәм өндирис арасындағы байланысты беккемлеў, буның ушын изертлеўлердиң тараў кәрханаларының талабына үйлесиўин тәмийинлеў зәрүрлиги көрсетип өтилди.
Қубла Корея менен биргеликте илимий-изертлеў институтын шөлкемлестириў, Ташкент химия технология институтында қәнигеликлер ҳәм оқыў бағдарламаларын жетилистириў бойынша көрсетпелер берилди.
Жуўапкерлер мәжилисте додаланған мәселелер ҳәм тараўдағы перспективалы режелер бойынша мәлимлеме берди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги