Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Лимон жетистириў тармағын және де раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында
2020-02-24 | Ҳүжжетлер
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Соңғы жылларда республикада лимон жетистириў тармағын басқарыў системасын реформалаў, лимон атызларының майданын кеңейтиў есабынан өним ислеп шығарыў ҳәм экспорт көлемин көбейтиў бағдарында избе-из илажлар әмелге асырылмақта.
Соның ишинде, республикада 2018-2019-жылларда 46 миллион АҚШ доллары муғдарындағы сырт ел кредит линиялары тартылып, 730 гектар жерде заманагөй лимон атызлары қурылды, лимон жетистирилетуғын иссыханалардың улыўма майданы 1 221 гектарға жеткерилди.
Соның менен бирге, инновациялық технологиялар тийкарында жаңа, өнимдарлы ҳәм дүнья базарында бәсекиге шыдамлы болған лимон сортларын жаратыўға жетерли итибар берилмей атырғанлығы, сапалы мәлимлеме-консалтинг хызметлерин көрсетиў талап дәрежесинде жолға қойылмағанлығы, кооперация қатнасықлары толық қәлиплеспегенлиги ақыбетинде тараўдағы бар имканиятлардан нәтийжели пайдаланылмай атыр.
Республикада лимон жетистириў тармағын және де раўажландырыў, илимий-изертлеўлер көлемин кеңейтиў, алдынғы ҳәм заманагөй ресурсты үнемлеўши технологияларды қолланыў тийкарында сапалы санаатқа ҳәм экспортқа қолайлы лимон жетистириў көлемин арттырыў, мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў механизмлерин кеңнен енгизиў мақсетинде:
1. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм «Лимон жетистириўшилер ҳәм экспорт етиўшилер» ассоциациясының:
«Лимон жетистириўшилер ҳәм экспорт етиўшилер» ассоциациясының атамасын «Цитрус, субтропикалық ҳәм тропикалық өсимлик жетистириўшилер ҳәм экспорт етиўшилер» ассоциациясы (кейинги орынларда – Ассоциация) деп өзгертиў;
тәжирийбе түринде Академик М.Мирзаев атындағы бағшылық, жүзимгершилик ҳәм виношылық илимий-изертлеў институты жанында Ассоциацияның қатнасыўында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында жуўапкершилиги шекленген жәмийет түриндеги Цитрус, субтропикалық ҳәм тропикалық өсимликлер илимий-әмелий орайын (кейинги орынларда – Орай) шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
Орайдың тийкарғы ўазыйпалары төмендегилер екенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин:
кооперация шәртлери тийкарында цитрус, субтропикалық ҳәм тропикалық өсимликлер плантацияларын шөлкемлестириў бойынша усынысларды ислеп шығыў және өним жетистириўшилерге жеткериў;
сертификатланған ҳәм кепилленген лимон нәллерин жетистириў бойынша арнаўлы нәлханаларды шөлкемлестириў және лимон нәллерин жетистириўши хожалықлар менен өз-ара бирге ислесиўди жолға қойыў;
бар ыссыханаларды модернизациялаў және өнимдарлы, экспортқа қолайлы лимон сортларының коллекциясын ҳәм көргизбели лимон плантацияларын жаратыў;
цитрус, субтропикалық ҳәм тропикалық өсимликлер, экспорт ҳәм импорт өнимлерин сертификатлаў;
цитрус, субтропикалық ҳәм тропикалық өсимликлер, сондай-ақ, саяманлы өсимликлер, гүллер ҳәм көклемзарластырыў егинлериниң нәллерин жеткерип бериў;
өним ислеп шығарыўшыларды минерал төгинлер ҳәм химиялық элементлер менен тәмийинлеў;
цитрус, субтропикалық ҳәм тропикалық өсимликлерди қайта ислеў, жаңа инновациялық технологияларды енгизиў ҳәм хызмет көрсетиў;
тараўды раўажландырыў бойынша сырт ел технологияларын, илим ҳәм өндиристеги жетискенликлер, жаңалықларға байланыслы ролик ҳәм арнаўлы көрсетиўлер таярлаў.
Орайдың жумысы банк кредитлери, интакерлердиң қаржылары, хызмет көрсетиўден түсетуғын қаржылар, халықаралық финанс институтларының қаржылары, қайырқомлық қәрежетлери ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржыландырылады.
2. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги Ассоциация менен биргеликте еки ай мүддетте:
Орайға Академик М.Мирзаев атындағы бағшылық, жүзимгершилик ҳәм виношылық илимий-изертлеў институты аймағынан имарат ҳәм ыссыхана ушын 12 гектар жер майданы ажыратылыўын;
Ассоциация, Академик М.Мирзаев атындағы бағшылық, жүзимгершилик ҳәм виношылық илимий-изертлеў институтының ҳәм жеке меншик шерик арасында үш тәреплеме шәрнама дүзилиўин тәмийинлесин.
3. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги, Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў агентлиги, Ассоциацияның 2020-жыл 1-марттан баслап лимон атызларын қурыўдың төмендеги тәртибин енгизиў ҳаққындағы усынысы мақуллансын:
а) Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалықларын раўажландырыў агентлиги:
жаңадан шөлкемлестирилетуғын лимон атызлары ушын стандартларды (нәлдиң сорты ҳәм сапасы, егиў схемасы, ыссыханаға қойылатуғын талаплар, ресурсты үнемлеўши технологиялар ҳәм тағы басқалар) белгилейди;
лимон жетистириў тармағын раўажландырыўда алдынғы сырт ел тәжирийбеси ҳәм ресурсты үнемлеўши инновациялық технологиялар енгизилиўин шөлкемлестиреди;
лимон атызларын шөлкемлестириў қәрежетлерин қаржыландырыў ушын халықаралық финанс институларының жеңиллетилген ресурсларын ҳәм грант қаржыларын тартыў илажларын көреди;
қайта ислеў кәрханалары ҳәм экспорт етиўши шөлкемлердиң қатнасыўында шөлкемлестирилетуғын кооперациялар (кластерлер) дың басшылары ҳәм лимон жетистириўшилер ушын оқыў-семинарларын шөлкемлестиреди;
Сертификатланған ҳәм кепилленген лимон нәллерин жетистириў бойынша арнаўлы нәлханаларды шөлкемлестиреди және лимон нәллерин жетистириўши хожалықлардың жумысын муўапықластырады;
б) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм районлардың ҳәкимликлери:
кооперация (кластер) тийкарында ислейтуғын қайта ислеў кәрханалары ҳәм экспорт етиўши шөлкемлердиң дизимин қәлиплестиреди және оларға лимон жетистириўшилерди бириктиреди;
лимон атызлары ушын талап етилетуғын жер майданларының қысқа мүддетлерде ажыратылыўын ҳәм белгиленген стандартлар тийкарында қурылыўын тәмийинлейди;
өнимдарлықты арттырыў ҳәм өним ислеп шығарыўды көбейтиў, белгиленген агротехникалық илажларды өз мүддетинде әмелге асырыў бойынша илажларды белгилейди;
в) қайта ислеў кәрханалары ҳәм экспорт етиўши шөлкемлердиң қатнасыўында шөлкемлестирилетуғын кооперациялар (кластерлер):
лимон жетистириўшилер менен өз-ара бирге ислесиў тийкарында кооперация жумысларын жолға қойыў, жетистирилген өнимди таңлаў, қайта ислеў, сақлаў, қадақлаў ҳәм экспорт етиў бойынша нәтийжели жумыс ислеў системасын енгизеди;
лимон атызларын қурады ҳәм оларды лизинг шәртлери тийкарында узақ мүддетке исбилерменлик субъектлерине береди, агротехникалық илажларды әмелге асырыў ушын қәниге ажыратады, илимий тийкарланған агрономикалық усынысларды берип барады;
лимон жетистириўшилердиң талабы тийкарында оларды лимон нәллери, минерал төгинлер, жанар-май-майлаў өнимлери ҳәм басқа да материаллық-техникалық ресурслары менен тәмийинлейди;
тараўдың илимпазларын ҳәм көп жыллық тәжирийбеге ийе болған қәнигелерди тартып, лимон жетистириўшилердиң тәжирийбесин арттырып барады;
г) өним жетистириўшилер:
кооперация талаплары тийкарында лимон нәллериниң толық егилиўин, агротехникалық илажлардың өз ўақтында орынланыўын тәмийинлейди;
лимон атызларын қурыў бойынша қәрежетлердиң келисилген бөлеги бойынша дәслепки төлемлерди әмелге асырады;
дүзилген шәрнамаларға муўапық жетистирилген өнимлердиң белгиленген ўақытта ҳәм сапада жеткерип берилиўин тәмийинлейди.
4. төмендегилер:
2020-жылда Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда иске түсетуғын лимон жетистириў бағдарындағы жойбарлардың мәнзилли дизими 1-қосымшаға муўапық;
лимон жетистириўге қәнигелестирилетуғын аймақлардың дизими 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
а) лимон атызлары пахта ҳәм ғәлледен босаған ҳәм пайдаланыўға киргизилетуғын жер майданларында ресурсты үнемлейтуғын технологияларды қолланған ҳалда қурылатуғыны;
жаңа лимон атызлары «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» бағдарламасы шеңберинде ажыратылатуғын Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў қоры, Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қоры, Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў қоры, халықаралық финанс институтларының қаржылары есабынан қурылатуғыны;
б) 2020-жыл 1-марттан баслап кооперацияларға бирлескен лимон жетистиретуғын фермер ҳәм дийқан хожалықлары, аўыл хожалығы кәрханалары ҳәм исбилерменлик субъектлерине:
жаңа лимон атызларын қурыў ҳәм нәллерди сатып алыўға байланыслы болған қәрежетлердиң ҳәр бир гектары ушын 30 миллион сумнан артпайтуғын муғдары Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў қоры есабынан;
лимон мийўелериниң экспортына байланыслы транспорт (темир жол ҳәм авиация транспорты) қәрежетлериниң 25 процентке шекем болған муғдары Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги жанындағы Экспортты хошаметлеў агентлиги тәрепинен субсидия сыпатында қаплап берилетуғыны белгиленсин.
Кооперацияларға бирлескен лимон жетистиретуғын фермер ҳәм дийқан хожалықлары, аўыл хожалығы кәрханалары ҳәм исбилерменлик субъектлерине Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 11-декабрьдеги «Мийўе-овощ жетистириў ҳәм жүзимгершилик тармағын буннан былай да раўажландырыў, тараўда қосымша қун шынжырын жаратыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-4549-санлы қарарында нәзерде тутылған жеңиллетилген кредитлер енгизилетуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги ҳәм Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат тәмийнаты тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў агентлиги:
коммерциялық банклер менен биргеликте лимон жетистириў тараўындағы жойбарларды қаржыландырыў ушын халықаралық финанс инстутларының кеминде 100 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржыларының тартылыўын;
«Туранбанк» акционерлик коммерциялық банки менен биргеликте халықаралық финанс институтларының 100 миллион АҚШ доллары муғдарындағы сырт ел кредит линияларын лимон жетистириў тараўындағы жойбарларды қаржыландырыў ушын бағдарланыўын тәмийинлесин.
Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм Аўыл хожалығы министрлиги бир ай мүддетте лимон жетистириў бойынша 2020-2024-жылларға мөлшерленген фундаменталь ҳәм әмелий изертлеўлер ҳәм инновациялық илимий-техникалық жойбарларды қәлиплестирсин және олардың грант таңлаўлары тийкарында әмелге асырылыўын тәмийинлесин.
Онда лимон нәллериниң ыссыхана ҳәм ашық майданда тәрбияланатуғын жаңа сортларын жаратыў, аналық нәл атызларын шөлкемлестириў, зыянкес ҳәм кеселликлерге қарсы гүресиў, инновациялық технологияларды енгизиўге айрықша итибар қаратылсын.
Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Академик М.Мирзаев атындағы бағшылық, жүзимгершилик ҳәм виношылық илимий-изертлеў институтына:
бир ай мүддетте лимон жетистириўди раўажландырыў бойынша алдынғы сырт ел тәжирийбесин үйренген ҳалда ресурсты үнемлейтуғын технологияларға тийкарланған лимон атызларын қурыў ҳәм тәрбиялаў, өним жетистириў, сақлаў ҳәм қайта ислеў бойынша усынысларды ислеп шығыў ҳәм орынларға жеткериў;
еки ай мүддетте лимон егиў, тәрбиялаў, жетистириў, зүрәәтти жыйнап алыў, қайта ислеў, сақлаў, сайлап алыў ҳәм эспорт етиў мәселелери бойынша фермер ҳәм дийқан хожалықлары, қыйтақ жер ийелери ҳәм исбилерменлик субъектлери ушын орынларда оқыў-семинарларын өткериў;
жетекши сырт ел институтлары менен лимон жетистириўди раўажландырыў ҳәм алдынғы инновациялық технологияларды кеңнен енгизиў бойынша илимий-әмелий бирге ислесиўди жолға қойыў, илимий хызметкерлер ҳәм қәнигелердиң маманлығын арттырыў ҳәм тәжирийбе алмасыў жумысларын шөлкемлестириў ўазыйпалары жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги Ташкент мәмлекетлик аграр университети жанында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында цитрус, субтропикалық ҳәм тропикалық өсимликлерди жетистириў бойынша киши инновациялық кәрхана шөлкемлестириў илажларын көрсин.
Онда кәрхананың тийкарғы ўазыйпасы «илим – билимлендириў – өндирис»тиң үзликсиз интеграциясын тәмийинлеў, оқыў сабақларын өндириске байланыслы ҳалда әмелге асырыў ҳәм студентлерде әмелий көнликпелерди қәлиплестириў екенлигине итибар қаратылсын.
Аўыл хожалығы министрлиги Ташкент мәмлекетлик аграр университети менен биргеликте университеттиң 3-курс студентлери арасынан сайлап алынған студентлер ушын цитрус, субтропикалық ҳәм тропикалық өсимликлерди жетистириў технологиялары бойынша зәрүр билим ҳәм маманлыққа ийе болған қәнигелер таярлайтуғын арнаўлы топарлар шөлкемлестирсин.
Онда оқыў аудиторияларын үскенелеў, заманагөй технология қураллары менен тәмийинлеў Жүзим жетистириўшилер ҳәм вино таярлаўшыларды қоллап-қуўатлаў қоры, Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў қоры, қәўендерлик қаржылары ҳәм халықаралық финанс институтларының грантлары есабынан әмелге асырылады.
«Өзстандарт» агентлигине халықаралық дәрежеде тән алынған стандартлар талапларына сәйкес келетуғын өним жетистириўди көбейтиў, цитрус, субтропикалық ҳәм тропикалық өсимликлер, соның ишинде, лимон өнимлерин усы стандартлардың талаплары тийкарында сертификатластырыў жумысларын жеделлестириў жүкленсин.
Өзбекстан миллий телерадиокомпаниясына цитрус, субтропикалық ҳәм тропикалық өсимликлер бойынша алдынғы технологиялар, илим ҳәм өндиристеги жетискенликлерге байланыслы арнаўлы көрсетиўлерди турақлы көрсетип барыў жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалықларын раўажландырыў агентлиги:
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери, Ассоциация менен биргеликте еки ай мүддетте 2020-жылы қосымша 2,5 мың гектар жер майданда әмелге асырылатуғын лимон жетистириў бағдарындағы жойбарлардың мәнзилли дизимин қәлиплестирсин;
зәрүр жағдайларда, Ассоциацияның усынысына тийкарланып усы қарардың 1 ҳәм 2-қосымшаларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизсин.
Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги Әдиллик министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
Усы қарардың орынланыўы төмендеги тәртипте әмелге асырылсын:
Өзбекстан Республикасы Бас министрдиң кеңесгөйи А.Д.Ваҳабов, аўыл хожалығы министриниң биринши орынбасары Ш.Ж.Тешаев – усы қарар орынланыўының шөлкемлестирилиўин, 2020-жылы әмелге асырылатуғын лимон жетистириў бағдарындағы жойбарлардың тармақ кестелериниң ислеп шығылыўын ҳәм иске қосылыўын, лимон атызлары ушын ажыратылатуғын субсидиялардың мақсетли жумсалыўын тәмийинлесин;
Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығы министри Ж.А.Ходжаев, Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў агентлигиниң директоры Н.Э.Нажимов – мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында Цитрус, субтропикалық ҳәм тропикалық өсимликлер илимий-әмелий орайының жумысын шөлкемлестириў, тараўда кооперация қатнасықларын қәлиплестириў ҳәм илимий-изертлеўлер көлемин кеңейтиў илажларын көрсин;
Өзбекстан Республикасы инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министриниң орынбасары Ф.Ж.Раҳимов, «Өзбеказықаўқатхолдинг» компаниясы басқарма баслығы Т.А.Жалилов – халықаралық финанс институтлары қаржыларының тартылыўы, сыртқы базарлар конъюнктурасы бойынша маркетинг изертлеўлериниң өткерилиўи ҳәм лимон экспорты географиясының кеңейтилиўин тәмийинлесин;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм районлардың ҳәкимлери – лимон атызларын қурыў ушын жер майданларын ажыратыў, кооперация қатнасықларын қәлиплестириў тийкарында өндирис көлемин көбейтиў, қосымша қун шынжырын жаратыў ҳәм экспорт потенциалын арттырыў илажларын көрсин;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм районлар ҳәкимлериниң аўыл хожалығы бойынша орынбасарлары – лимон атызларын қурыў ҳәм аймақларды лимон жетистириўге қәнигелестириў илажларын көрсин «Цитрус, субтропикалық ҳәм тропикалық өсимлик жетистириўшилер ҳәм экспорт етиўшилер» ассоциациясының жумысына жәрдемлессин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы, 2020-жыл 19-февраль
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги