Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Қарақалпақстан медицина институтын шөлкемлестириў ҳаққында

2020-02-17 | Ҳүжжетлер

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Аралбойы регионы ушын медицина тараўында жоқары маман кадрлар таярлаў системасын буннан былай да жетилистириў, аймақ халқына көрсетилип атырған медициналық хызметтиң сапасын ҳәм көлемин арттырыў, медицина әмелиятының билимлендириў ҳәм илим менен өз-ара беккем интеграциясын тәмийинлеў, тараўдағы алдынғы жетискенликлер менен инновацияларды емлеў-диагноз процесине енгизиў мақсетинде, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясына муўапық:

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги ҳәм де Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң:

Ташкент педиатрия медицина институтының Нөкис филиалы негизиинде Қарақалпақстан медицина институтын  (кейинги орынларда – Институт) шөлкемлестириў;

Қарақалпақстан медцина институты клиникасын  (кейинги орынларда – Институт клиникасы) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

Төмендегилер Институт жумысының тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

үзликсиз медициналық-кәсиплик билимлендириў системасында  жоқары маман медицина кадрларын таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў;

оқыў процесин әмелий көнликпелерди қәлиплестириўге бағдарлаў, халықаралық билимлендириў стандартларына тийкарланған алдынғы педагогикалық технологияларды, оқыў бағдарламаларын ҳәм инновациялық оқыў-методикалық материалларды кеңнен енгизиў, клиника ҳәм оқыў базасы жумысында теориялық билим ҳәм әмелияттың үйлесимлигин тәмийинлеў ушын зәрүр шараятлар жаратыў;

фундаменталь, әмелий ҳәм инновациялық илимий-изертлеў жумысларын медицина әмелиятындағы бар машқалаларды шешиўге қаратыў,  медициналық билимлендириў, илим, инновация ҳәм илимий-изертлеўлер нәтийжелериниң тығыз байланыслылығын нәзерде тутатуғын «Университет 3.0» концепциясын  басқышпа-басқыш енгизиў;

билимлендириў мәкемеси ҳәм Институт клиникасының  илимий потенциалын турақлы түрде арттырып барыў, профессор-оқытыўшылар ҳәм илимий излениўшилердиң абырайлы халықаралық илимий журналларда мақалалар басып шығарыўын тәмийинлеў;

сырт ел медициналық жоқары билимлендириў мәкемелери менен бирге ислесиў шеңберинде студентлер, профессор-оқытыўшылар ҳәм илимий-излениўшилердиң академиялық мобиллиги бағдарламалары және биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын  раўажландырыў;

студентлерде саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў ушын шараятлар жаратыў, жасларды адамгершилик ҳәм жоқары мәнаўий идеялар тийкарында ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, оларда жат идеялар ҳәм идеологияларға қарсы иммунитетти беккемлеў;

материаллық-техникалық базаны модернизациялаў ҳәм беккемлеў, симуляциялық орай, оқыў ҳәм илимий-изертлеў лабораторияларын заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў.

Институт Ташкент педиатрия медицина институты Нөкис филиалының барлық ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары бойынша ҳуқықый мийрасхоры болып есапланатуғыны;

Институтқа қабыллаў ҳәр жылы белгиленетуғын Өзбекстан Республикасының жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери шеңберинде  әмелге асырылатуғыны;

Институт клиникасы шөлкемлестириўшиси Институт есапланатуғыны  және оның жумысы Институт тәрепинен муўапықластырылатуғыны;

Интситут ҳәм Институт клиникасы – юридикалық тәреп статусына ийе болған, тийислисинше  мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемеси  ҳәм мәмлекетлик медицина мәкемеси есапланатуғыны, Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик герби сүўрети түсирилген ҳәм өзиниң атамасы мәмлекетлик тилде жазылған мөрге ҳәм бланкаларға, бийғәрез балансқа, жеке ғазна есап бетлерине, банк есап бетлерине, соның ишинде, сырт ел валютасындағы банк есап бетлерине ийе болатуғыны;

Институт клиникасы бас шыпакери жасырын даўыс бериў жолы арқалы Институт илимий кеңесиниң усынысына бола, Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны белгиленсин.

Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық Институт ректоры Институттың бюджеттен тысқары қаржылары есабынан төмендегилерди әмелге асырыў ҳуқықына ийе:

билимлендириў процесин нәтийжели шөлкемлестириў, емлеў ислерине заманагөй усылларды енгизиў ҳәм студентлер және профессор-оқытыўшыларға қосымша шараятлар жаратыў мақсетинде Институт клиникасы ҳәм оқыў базаларындағы оқыў ханаларын оңлаў, үскенелеў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў;

Институт клиникасында жоқары технологиялы диагноз қойыў ҳәм емлеў усылларын енгизиў және Институтқа қосымша қаржылар түсириў мақсетинде  Институт клиникасы менен өз-ара шәртнамалар тийкарында биргеликте төлемли тийкарда медициналық хызметлер көрсетиў бөлимлерин шөлкемлестириў.

Институт клиникасы жумысы:

Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен тастыйықланғкан диагноз қойыў (диагностика) ҳәм емлеў стандартларына әмел еткен ҳалда жеңилликли категорияға киретуғын наўқасларға ордер бериў, оларды емлеўханаға жайластырыў ҳәм Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан емлеў қунын төлеў, сондай-ақ, халыққа төлемли тийкарда жоқары маман қәнигелестирилген медциналық жәрдем көрсетиў;

қыстаўлы медициналық жәрдемге мүтәж наўқасларды емлеўханаға жайластырыў;

республикалық қәнигелестирилген медицина орайларының дәраматларын қәлиплестириўдиң тийкарғы дәреклери ҳәм олардың жумысын қаржыландырыў бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерге белгиленген қағыйдалар тийкарында шөлкемлестириледи.

Институт клиникасы төмендеги ҳуқықларға ийе екенлиги белгилеп қойылсын:

өзине бириктирилген мәмлекетлик мүлктен нәтийжели пайдаланыў ҳәм оны басқарыў бойынша жумысларды шөлкемлестириў және әмелге асырыў;

Институт пенен келисилген ҳалда  лаўазымлар дизимин ҳәм санын ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў;

хызметкерлердиң мийнетине ҳақы төлеў ҳәм материаллық хошаметлеў шәртлерин  орынланатуғын жумыслардың қурамалылық дәрежеси, сапасы ҳәм көлемине байланыслы диферренцияластырылған  тәризде белгилеў.

Төмендегилер:

а) Институт жумысын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:

Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети қаржылары;

студентлердиң төлемли-контракт тийкарында билим алыўынан, шәртнамалар тийкарында хызметлер көрсетиўден түсетуғын қаржылар;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қайырқомлық қаржылары;

халықаралық финанс ҳәм сырт ел шөлкемлериниң грантлары;

нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер;

б) Институт клиникасы жумысын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:

Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети қаржылары;

әмелге асырылған ҳәм көрсетилген медициналық хызметлерден түсетуғын қаржылар;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қайырқомлық қаржылары;

халықаралық финанс ҳәм сырт ел шөлкемлериниң грантлары;

нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети қаржылары Институт клиникасына Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен ҳақықыйқатында да жеңилликли емленген наўқаслар бойынша Институт клиникасы усынған шереклик есабатлардан келип шыққан ҳалда ажыратылады.
Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги:

бир ай мүддетте жоқары билимлендириў мәкемелери ушын белгиленген нормативлер тийкарында Институт структурасы белгиленген тәртипте тастыйықланыўын;

Ташкент педиатрия медицина институты Нөкис филиалының барлық студентлери Институттың сәйкес билимлендириў бағдары ҳәм қәнигеликлерине өткерилиўи және питкериўши курс студентлерине белгиленген тәртипте Институт дипломы берилиўин;

Институт клиникасын Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 22-майдағы «Ташкент педиатрия медицина институты Нөкис филиалының материаллық-техникалық базасын беккемлеў илажлары ҳаққында»ғы Ф-4947-санлы бийлиги тийкарында қурылған имаратлар ҳәм объектлерге жайластырылыўын тәмийинлесин.

Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте Ташкент медицина академиясы, Ташкент педиатрия медицина институты ҳәм басқа да медицианлық жоқары билимлендириў мәкемелери тәрепинен олардың жоқары маман профессор-оқытыўшыларын тартқан ҳалда Институтта аралықтан билимлендириў арқалы сабақлар өткериў, сондай-ақ, Институт клиникасында телемедцина имканиятларынан кеңнен пайдаланған ҳалда халыққа сапалы медициналық жәрдем көрсетиў ҳәм медицина әмелиятларын алып барыў ушын зәрүр шараятлар жаратыў илажларын көрсин.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгериислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Минситрлер Кабинетине еки ай мүддетте усыныслар киргизсин.
Усы қарардың орынланыўын қадағалаўдың төмендеги тәртиби орнатылсын:

Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Арипов – усы қарардың орынланыўын өз ўақтында, толық ҳәм сапалы әмелге асырылыўын тәмийинлесин, белгиленген илажларды әмелге асырыў бойынша жуўапкер министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысын муўапықластырсын, ҳәр шеректе олардың басшыларының есабатларын қабыл етсин және анықланған кемшиликлерди сапластырыў илажларын көрсин;

Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри А.К.Шадманов – Институт ҳәм Институт клиникасының жумысын нәтийжели шөлкемлестирсин, усы қарарды орынлаў бойынша барлық зәрүр илажлар көрилиўин тәмийинлесин, белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыўда жуўапкер шөлкемлерге методикалық ҳәм әмелий жәрдем көрсетсин және оның орынланыўы бойынша ҳәр шеректе Министрлер Кабинетине мәлимлеме киргизип барсын;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Р.Сариев – шөлкемлестирилип атырған Институт клиникасы жайластырылыўын, оның имарат ҳәм объектлериниң белгиленген мүддетлерде пайдаланыўға тапсырылыўын ҳәм қабыл етилиўин тәмийинлесин;

Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги бас директоры А.К.Кўчимов, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясының баслығы ў.а. А.Д.Хаджаев – усы қарардың мазмун-мәнисин, әмелий әҳмийетин ҳәм Аралбойы регионы ушын жоқары маман медицина кадрларын таярлаў системасын жетилистириў, аймақ халқына көрсетилип атырған медициналық хызметтиң сапасын ҳәм көлемин арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларды турақлы сәўлелендирип барсын.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти                                           Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы, 2020-жыл 14-февраль

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться