Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Президенти Қазақстанның Биринши Президенти менен телефон арқалы сойлести
2019-12-30 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 30-декабрь күни Қазақстан Республикасының Биринши Президенти –Елбасы Нурсултан Назарбаев пенен телефон арқалы сойлести.
Шавкат Мирзиёев ҳәм Нурсултан Назарбаев кирип киятырған жаңа 2020-жыл мүнәсибети менен бир-бирин қызғын қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.
Жуўмақланып атырған жылда Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы көп әсирлик дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеўде әҳмийетли нәтийжелерге ерисилгени атап өтилди.
Өз-ара товар алмасыў көлеми избе-из артып бармақта, санаат ҳәм транспорт тараўларындағы кооперация кеңеймекте, аймақлараралық ҳәм гуманитарлық байланыслар жеделлести. Өзбекстанда Қазақстан жылы шеңберинде илажлар табыслы өткерилди.
Усы жылдың ноябрь айында Ташкент қаласында өткен Орайлық Азия мәмлекетлери басшылары екинши Мәсләҳәт ушырасыўының нәтийжелери үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Еки тәреплеме бирге ислесиўге байланыслы, регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша пикир алысылды.