Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Шавкат Мирзиёев Японияға жөнеп кетти

2019-12-17 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 17-декабрь күни рәсмий сапар менен Японияға жөнеп кетти.

Сапар шеңберинде Японияның Бас министри Синдзо Абэ, Парламенттиң Кеңесгөйлер палатасының президенти Акико Санто, Парламенттиң Ўәкиллер палатасының спикери Тадамори Осима, Бас министрдиң орынбасары, қаржы министри Таро Асо менен сөйлесиўлер болып өтеди. Тәреплер Өзбекстан – Япония қатнасықлары, соның ишинде, бирге ислесиўди раўажландырыўдың узақ перспективаға мөлшерленген тийкарғы бағдарларын додалайды, халықаралық әҳмийетке ийе әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысады.

Өзбекстан Республикасының Президенти Япония Императоры Нарухито тәрепинен қабыл етиледи.

Сапар етиў бағдарламасынан, сондай-ақ, Япония халықаралық бирге ислесиў агентлигиниң (JICA) президенти Синичи Китаока, жетекши санаат ҳәм қаржы структураларының басшылары менен ушырасыўлар орын алған. Мәмлекетлеримиздиң исбилермен топарлары арасындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, Япония компанияларының ўәкиллерин Өзбекстандағы ири инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўға өз-ара пайдалы шәртлер тийкарында тартыў мәселелерин көрип шығыў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы Японияның ең әҳмийетли экономикалық орайларынан бири – Нагоя қаласына барып, қалалар ҳәм билимлендириў мәкемелери арасында шериклик байланысларын орнатыў перспективаларын додалаў ушын Аичи префектурасының губернаторы Хидэаки Омура, қаланың мэри Такаси Кавамура, Нагоя университетиниң ректоры Сейичи Мацуо менен ушырасады.

Сөйлесиўлердиң нәтийжеси бойынша Өзбекстан менен Япония арасында стратегиялық шериклик қатнасықларын және де тереңлестириў ҳәм кеңейтиў ҳаққында Биргеликтеги билдириўдиң қабыл етилиўи, сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, бажыхана, туризм, илимий-техникалық ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиўдиң шәртнамалық-ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге қаратылған бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылыўы күтилмекте.

Поделиться