Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ШБШ РАТСтың «Терроризмге қарсы гүресиў – шегарасыз бирге ислесиў» атамасындағы жетинши халықаралық конференциясы
2019-11-08 | ШБШ
Ташкентте 6-7-ноябрь күнлери Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Регионаллық антитеррор структурасының (ШБШ РАТС) «Терроризмге қарсы гүресиў – шегарасыз бирге ислесиў» атамасындағы жетинши халықаралық илимий-әмелий конференциясы болып өтти.
Конференцияда ШБШға ағза мәмлекетлердиң ўәкилликли уйымлары, бақлаўшы ҳәм диалог бойынша шерик мәмлекетлер, ШБШ хаткери ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.
Конференцияда халықаралық терроршылық шөлкемлер туўдырып атырған заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бағдарындағы әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысылды, терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў тараўындағы алдынғы тәжирийбе менен пикир алысты. Халықаралық терроризм ҳәм экстремизм ҳәр қандай форма ҳәм көринисинде тынышлық ҳәм қәўипсизликке қәўип туўдырып атырғаны ҳаққында бирдей пикир билдирди.
Халықаралық терроршылық шөлкемлердиң курал-жарақ ҳәм әскерий техниканың жаңа түрлерин, геолокация ҳәм спутникли байланыс қуралларын сатып алыў, террористлик жумысты әмелге асырыў ушын ушыўшысыз басқарылатуғын қурылмалар, жасалма интеллект технологиялары ҳәм мәлимлеме-коммуникация жетискенликлеринен пайдаланыў бағдарындағы ҳәрекетлерине итибар қаратылды.
«Ислам мәмлекети» халықаралық терроршылық шөлкеми тармақларға жайылып ҳәрекетлениў принципине өткени, оның ақыбетинде дүньяның бир қатар аймақларында, биринши гезекте, Жақын Шығыс ҳәм Аўғанстанда қәўипсизлик тараўындағы жағдайдың кескинлесиўине байланыслы жаңа қәўип-қәтерлер жүзеге келип атырғаны атап өтилди.
Аўғанстан аймағында орналасып алған халықаралық терроршылық шөлкемлердиң ўәкиллери ШБШға ағза мәмлекетлердиң шегараларына барған сайын жақынласып атырғаны, сондай-ақ, өзлери келисип шыққан мәмлекетке қайтып, «уйықлап атырған» қәўипли ноқатларды қайта жанландырып атырғаны тәшўиш оятып атыр.
Илажда бундай қәўип-қәтерлерди сапластырыў мақсетинде жаўынгерлер шаңарақ ағзаларын келип шыққан мәмлекетине қайтарыў ҳәм реабилитациялаўды шөлкемлестириў мәселелери додаланды.
Социаллық өзине тәнлиги себепли идеологиялық тәсирге берилетуғын ҳәм терроршылық және экстремистлик жумысқа тартыўға қолайлы жаслардың радикалласыўына қарсы гүресиў тараўында тәжирийбе алмасылды.
Сөйлесиў ўақтында интернет тармағынан терроршылық ҳәм экстремистлик мақсетлерде пайдаланыўға қарсы гүресиў, жат идеялардың тарқалыўының алдын алыўда халықаралық бирге ислесиўди жетилистириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәлимлеме алмасыў, терроризм қәўипин анықлаў, өз-ара келисилген оператив әмелиятлардың көлемин кеңейтиў, шегара қадағалаўын күшейтиў, антитеррор структуралар ушын кадрлар таярлыў, оқыў-шынығыўларын өткериў, антитеррор бирге ислесиўдиң халықаралық ҳуқықый-нормативлик тийкарларын жетилистирип барыў мақсетинде өз-ара қатнасықларды жеделлестириў үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.
Конференция мәжилислеринде терроризмди қаржыландырыў дәреклерин анықлаў ҳәм оны сапластырыў бойынша ис-ҳәрекетлерди ҳәр тәреплеме муўапықластырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Халықаралық терроршылардың трансмиллий шөлкемлескен жынаятшылар менен бирге ислесиўди кеңейтиў есабынан дәрамат алғаны, финанслық қаржыларды жыйнаў ушын «Western Union», «American Express», «PayPal», «Яндекс Деньги», «VisaTransfer» сыяқлы электрон төлем системаларынан, сондай-ақ, краундфандтиң онлайн платформасы ҳәм «Хавала» рәсмий емес есап-санақ системасынан пайдаланғанына итибар қаратылды.
ШБШға ағза мәмлекетлердиң ўәкилликли уйымларының әмелий бирге ислесиў мәселелеринде илимий бағдардағы шериклигин күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Трансмиллий қәсийетке ийе терроршылық қәўпи артып атырған бир шараятта ШБШ РАТС тәрепинен өткерилип атырған дәстүрий тәриздеги конференция халықаралық диалог ушын қолайлы плафтормаға айланды.
Қатнасыўшылардың антитеррор жумысы бойынша пикир-усыныс ҳәм тәжирийбе алмасыў халықаралық жәмийетшиликтиң ҳәрекетлерин муўапықластырыў, терроризм ҳәм эсктремизмге қарсы гүресиўде халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўге үлес қоспақта. Бул болса экстремизм қәўпиниң өсип барыўын ҳәр тәреплеме қалыс баҳалаў, оларға өз ўақтында жуўап қайтарыў ҳәм алдын алыў илажларын көриў имканиятын береди.
ШБШға ағза мәмлекетлер, бақлаўшы ҳәм сөйлесиў бойынша шерик мәмлекетлердиң халықаралық терроризмге қарсы гүресиў тараўында муўапықластырылған көзқарасларды қәлиплестириў жаңа қәўип-қәтерлерге мүнәсип жуўап қайтарыў илажларын көриўге жәрдемлеседи.
Қатнасыўшылар конференция жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгенин атап өтип, ШБШ РАТС Атқарыў комитетине миннетдаршылық билдирди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги