Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан – Кытай ҳүкиметлери арасында еки тәреплеме сөйлесиўлер
2019-11-01 | ШБШ
Қытай Халық Республикасы Мәмлекетлик кеңесиниң Бас министри Ли Кэцян басшылығындағы делегация 1-ноябрь күни рәсмий сапар менен мәмлекетимизге келди.
Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында Ли Кэцянди рәсмий күтип алыў мәресими болды. Жоқары мәртебели мийманды Бас министр Абдулла Арипов күтип алды.
Сапар шеңберинде Ташкент қаласындағы Симпозиумлар сарайында Өзбекстан – Қытай ҳүкиметлери делегацияларының ушырасыўы болып өтти.
Онда Өзбекстан Республикасының Бас министри ҳәм Қытай Халық Республикасы Мәмлекетлик кеңесиниң Бас министри мәмлекетлеримиз басшыларының жақын, ашық-айдын ҳәм дослық қатнасықлары мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын және де раўажландырыў ушын исенимли тийкар болып хызмет етип атырғанын атап өтти.
Бүгинги күнде еки мәмлекет арасында экономика, саўда, санаат, билимлендириў, мәденият, аўыл хожалығы сыяқлы бир қатар тараўлар бойынша өз-ара пайдалы бирге ислесиў жедел раўажланып бармақта. Өзбекстанның экономикасына тартылып атырған Қытай инвестициялары нефть, газ, химия, энергетика, коммуникация тармақлары, сондай-ақ, инфраструктураны раўажландырыўға бағдарланбақта.
Қытай Өзбекстанның ири саўда-экономикалық шериклеринен бири болып есапланады. Быйылғы жылдың 9 айы жуўмақлары бойынша өз-ара саўда айланысының көлеми 33 процентке артып, 5,9 миллиард АҚШ долларын қурады. Еки тәреплеме саўданы және де кеңейтиўге ҳәм 2020-жылдың жуўмақлары бойынша оның көлемин 10 миллиард долларға жеткериў бойынша улыўма ўазыйпалар белгиленген.
Сөйлесиўде жоқары дәрежедеги ушырасыўларда ерисилген келисимлердиң орынланыўын өз ўақтында тәмийинлеў мәселелери додаланды. Саўда-экономикалық, инвестициялық, финанслық ҳәм транспорт-коммуникация тараўларындағы шерикликти және де кеңейтиў имканиятлары көрип шығылды.
Сөйлесиўлер шеңберинде Өзбекстан тәрепи қытайлы бирге ислесиўшилерди 2020-жыл 4-6-март күнлери Ташкентте болып өтетуғын халықаралық инвестициялық форумында қатнасыўға мирәт етти. Сондай-ақ, Өзбекстан – Қытай I аймақлараралық форумын өткериў усынысы алға қойылды.
Ушырасыў жуўмағында мәмлекетлеримиз арасында саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылды.
Малоҳат ҲУСАНОВА,
ӨзАның хабаршысы