Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Президенти Венгрия Бас министрин қабыллады
2019-10-15 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 15-октябрь күни Түркий кеңестиң Бакудеги саммити шеңберинде Венгрия Бас министри Виктор Орбанды қабыл етти.
Ушырасыў басында Венгрия ҳүкиметиниң басшысы Президентимизди Өзбекстанның кеңеске қосылғаны менен қызғын қутлықлады. Бул шөлкем шеңберинде бирге ислесиўди раўажландырыў мәмлекетлеримиз арасындағы көп қырлы шерикликти беккемлеўге хызмет ететуғынына исеним билдирилди.
Сөйлесиў даўамында саўда-экономикалық, инвестициялық, финанслық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы шерикликтиң перспективалары көрип шығылды.
Әмелий бирге ислесиўге байланыслы, бәринен бурын аўыл хожалығы, шарўашылық, санаат, фармацевтика, туризм ҳәм басқа да бағдарлардағы жойбарларды ислеп шығыўда еки тәреплеме Ҳүкиметлераралық комиссияның ушырасыўларын турақлы түрде шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Халықаралық әҳмийетке ийе, соның ишинде Өзбекстан-ЕИ бағдарындағы шерикликтиң әҳмийетли мәселелери де көрип шығылды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги