Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Дослығымыздың, татыўлығымыздың белгиси
2019-09-19 | Мәденият
Өзбекстанда Татарстан Республикасының мәденият күнлери шеңберинде Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан мәмлекетлик академиялық үлкен театрында еки халық көркем өнер ғайраткерлериниң концерт бағдарламасы болып өтти.
Мәмлекетимизде Татарстан Республикасы мәденият күнлериниң салтанатлы ашылыўына старт берилген бул пайызлы кешеге ҳәр қыйлы министрликлер ҳәм уйымлар, дөретиўшилик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер, миллий мәденият орайларының ўәкиллери мирәт етилди.
Кешеде атап өтилгениндей, өзбек ҳәм татар халықлары әзелден улыўма тарийх, дәстүр ҳәм миллий үрп-әдетлериниң уқсаслығы менен дыққатқа ылайық. Бул болса әсирлер даўамында жақын мәдений қарым-қатнасықларды алып барыўға, оны және де кеңейтиўге, жетискенликлерди биргеликте бөлисиўге имканият берди. Бул дәстүрлер бүгин де даўам етпекте. Өзбекстанда Татарстан Республикасы мәденият күнлериниң өткерилиўи бирге ислесиўдиң жаңа басқыштағы әмелий тымсалына айланды.
Жанажан Өзбекстанымызда көплеген миллет ҳәм халық ўәкиллери бир ҳәм татыў шаңарақтың перзентлериндей жасап атырғаны мәмлекетимизде миллетлераралық дослық ҳәм аўызбиршиликти тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған ақылға уғрас ҳәм узақты гөзлейтуғын сиясаттың әмелдеги айқын көриниси болып есапланады. Олардың арасында татар миллетиниң ўәкиллери де усы теберик жер, оның раўажланыўы, халықтың абаданлығы, айдын келешеги жолында пидәкерлик пенен мийнет етпекте. Өзбекстанда илим, сиясат, экономика, мәденият ҳәм көркем өнер тараўының раўажланыў жолында мийнет еткен Рим Гиниатуллин, Галия Измайлова, Чингиз Ахмаров ҳәм басқалар жоқары ҳүрмет пенен тилге алынады.
1990-жылы пайтахтта республиканың ең белсенди миллий мәденият орайларынан бири болған Татар социаллық мәдений-ағартыўшылық орайы шөлкемлестирилди. Бул орай тәрепинен ҳәр қыйлы байрамлар өткерилип, оларға кең жәмийетшилик тартылады. Ўәлаятларда татар халқының тили, мәденияты ҳәм үрп-әдетлерин қәстерлеп сақлаўда белсене қатнасатуғын және сегиз татар жәмийетлик бирлеспелери нәтийжели жумыс алып бармақта.
Бүгин мәмлекетимизде дүньяның барлық мәмлекетлери менен көп тәреплеме бирге ислесиў ушын барлық шараятлар жаратылған. Өзбекстан ҳәм Татарстан Республикасы арасындағы бирге ислесиў өз-ара исеним ҳәм ҳүрмет принциплери тийкарында раўажланбақта. Бундай мәдений илажларды өткериў жақсы дәстүрге айланған. Бул мәдений-ағартыўшылық жойбарлар мәмлекетлеримиз арасындағы дослық қатнасықларын беккемлейди.
Самарқанд қаласындағы «Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалы, Термиздеги Бақсышылық көркем өнер фестивалы, Шахрисабздағы Мақам халықаралық әнжуманы ҳәм жақында Қоқандта болып өткен Өнерментшилик халықаралық фестивалында Россия, атап айтқанда, Татарстаннан сәзенделер қатнасты. Сондай-ақ, өткен жылы сентябрь айында Галиасгар Камал атындағы Татар мәмлекетлик академиялық театрының Ташкент қаласындағы гастроль сапары табыслы өтти.
…Саўлатлы сахнада йошлы қосық ҳәм намалар жаңлайды. Дослықты, меҳир ҳәм садықлықты, татыўлықты жырлайтуғын музыкалық дөретпелер еки туўысқан халықтың мақсет-нийетлери, арзыў-әрманлары бир екени өзине тән белгидей. Концерт бағдарламасы көркем өнер ықласпентлерине оғада унады. Дилбар музыкалық бағдарлама менен басланған Өзбекстанда Татарстан Республикасының мәденият күнлери шеңберинде спектакльлерди көрсетиў, концертлер, руўхый-ағартыўшылық ушырасыўлар, дөретиўшилердиң сөйлесиўлерин, дөгерек сәўбетлерин, көргизбелер өткериў нәзерде тутылған.
Театр фойесинде әдебий-әмелий көркем өнер көргизбеси, сүўретлер, шайыр ҳәм жазыўшылардың китапларын таныстырыў, көркем өнер шеберлери менен дөретиўшилик ушырасыўлар шөлкемлестирилди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги