Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Депутатлар ҳаял-қызлардың ҳуқықларын беккемлеўге қаратылған нызам жойбарларын көрип шықты

2019-08-14 | Жәмийет

2019-жыл 14-август күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде депутатлар тәрепинен көрип шығылған нызам жойбарларының көпшилиги жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық бағдарда екенлиги менен ажыралып турады.

Депутатлар дәслеп «Кредиторлардың ҳуқықый жақтан қорғалыўының күшейтилиўи ҳәм исбилерменлик жумыстың қаржыландырыў механизмлериниң жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын көрип шықты.

Усы нызам жойбары елимизде исбилерменлик ҳәм инвестициялық орталықты және де жақсылаў, елимиздиң экономика бағдарындағы халықаралық рейтингин барған сайын арттырыў мақсетинде мүлкти гиреўге қойыў, лизингке ямаса миннетлемени тәмийинлеўдиң басқа да түрлерине бериўдиң әмелдеги механизмлерин халықаралық стандартларға муўапықластырыўды нәзерде тутады. Соннан келип шығып, әмелдеги айырым нызам ҳүжжетлерине зәрүр өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў усыныс етилди.

Депутатлар тәрепинен берилген пикир-усыныслар ҳәм норма дөретиўшилиги талапларынан келип шығып, жойбарды екинши оқыўға таярлаў даўамында оған бир қанша аналитикалық дүзетиўлер киргизилди, тексттен 30 дан аслам бәнт шығарып тасланды.

Мәжилисте «Өзбекстан Республикасының Орайлық банки ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын додалаў да қызғын болды.

Пул-кредит сиясаты ҳәм оны қолланыў әмелиятын түп-тийкарынан жетилистириў, баҳалардың турақлылығына қаратылған ҳәрекетлерди күшейтиў, соның ишинде, әмелге асырылып атырған илажлар тийкарында тийкарсыз инфляциялық жағдайлардың алдын алыўға қаратылған бул жойбар быйыл 2-май күни биринши оқыўда қабыл етилген еди. Кейинги додалаўлар даўамында депутатлар тәрепинен айырым наразылықлар билдирилди. Соған бола, жойбарды екинши оқыўға таярлаў даўамында депутатлар көтерген барлық мәселелер терең үйренип шығылды, додаланды. Атап айтқанда, Орайлық банктиң коммерциялық банклердеги ўәкили институты ҳаққындағы статья толық түрде, усыған байланыслы болған нормалар, пруденциал нормативлер ҳаққындағы статья «Банклер ҳәм банк жумысы ҳаққында»ғы нызамға өткерилиўи мүнәсибети менен бул статья да, оған байланыслы болған бир қатар нормалар, жәми 4 статья жойбардан шығарып тасланды. Буннан тысқары, еки жаңа статья жойбарға киргизилди ҳәм жойбардың тексти 30 дан аслам аналитикалық өзгерислер және дүзетиўлер киргизилген тәризде қабыл етилди.

Буннан кейин депутатлар «Мектепке шекемги жастағы балаларға мектепке шекем билим бериў ҳәм тәрбиялаў ҳаққында»ғы нызам жойбарын көрип шықты. Атап өтилгениндей, үзликсиз билимлендириў системасының ең әҳмийетли ҳәм шешиўши буўыны – бул шаңарақтың саламат ҳәм жетик шахс сыпатында қәлиплестириў ушын беккем тийкар жаратылыўына хызмет ететуғын мектепке шекемги билимлендириў тараўы болып есапланады. Соннан келип шығып, юридикалық шахсларға мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиў ҳуқықын бериў, оқытыўшылардың ҳуқықлары менен еркинликлерин кеңейтиў, олардың жумысын хошаметлеў ҳәм жуўапкершилигин күшейтиў, индивидуал билимлендириў хызметлерин көрсетиў ушын шараят жаратыў, раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбесин миллий билимлендириў системасына интеграциялаў зәрүрлиги усы нызам жойбарын ислеп шығыўды талап етти.

Нызам жойбары менен бурын әмелде болған бир қатар қағыйдаларға өзгерислердиң киргизилиўи нәзерде тутылмақта. Атап айтқанда, мектепке шекемги жастағы балалардың ерте раўажланыў процесин айрықша басқышларда болыўы белгилеп берилмекте. Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң классификациясы, олардың жумысын шөлкемлестириў, ҳуқықлары ҳәм миннетлемелери белгилеп берилмекте. Сондай-ақ, мектепке шекемги жастағы балаларды тәрбиялаў ҳәм раўажландырыў тараўында мәмлекетлик-жеке меншик сектордың бирге ислесиўин әмелге асырыў тийкарлары беккемленбекте. Сырт ел тәжирийбесин есапқа алған ҳалда, шаңарақта билим алыў имканиятын беретуғын шаңарақлық мектепке шекемги билимлендириў мәкемесин енгизиў, сондай-ақ, балалардың жасаў ямаса турақлы дизимге алынған орнына қарамастан, мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине қабыл етиў тәртиби усыныс етилмекте.

Депутатлардың пикиринше, усы нызам жойбарының қабыл етилиўи нәтийжесинде мектепке шекемги билимлендириў системасында жүзеге келетуғын машқалаларды сапластырыў имканияты жаратылады, системаны буннан былай да жетилистириў ҳәм мектепке шекемги билимлендириўдиң халықаралық жәмийетшилик пенен интеграцияласыўы ушын кең имканиятлар ашылады, билимлендириўдиң сапасы сезилерли дәрежеде жақсыланады.

Күн тәртибиндеги гезектеги мәселе – «Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққында»ғы нызам жойбары да додалаўларға бай болды. Майыплығы болған шахслардың теңлигин тәмийинлеў ҳәм оларды кемситиўге жол қоймаў, оларды жәмийетлик-сиясий турмысқа тартыў, билим алыў ҳәм жумысқа жайласыў имканиятларын тәмийинлеў жойбарының бас мақсети етип белгиленген. Бул жойбар БМШның Майыплардың ҳуқықлары ҳаққындағы конвенциясының талапларын имплементациялаўды ҳәм майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын қорғаў тараўында заманагөй усыллар, халықаралық стандартларды енгизиўди нәзерде тутады.

Депутатлардың атап өтиўинше, майыплығы болған шахслардың ҳуқық ҳәм еркинликлериниң барлық тараўларын қамтып алатуғын бул жойбар бир қатар ўазыйпаларды шешиўге хызмет етеди. Олар ҳәр тараўда өзлерин усы жәмийеттиң тең ҳуқықлы ағзасы, барлық илажлардың тиккелей қатнасыўшысы деп сезине баслайды. Соның ишинде, майыплығы болған шахслар ушын қолайлы физикалық орталық – имаратлар, транспорт, мәлимлеме-байланыс, сондай-ақ, социаллық, экономикалық, мәдений орталық, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў хызметлеринен пайдаланыўға имканият жаратады. Оларды кемситиўдиң ҳәр қандай түри сапластырылады. Сондай-ақ, майыплығы болған шахслардың билим алыў ҳәм жумысқа жайласыў, жәмийетлик-мәдений турмыста белсене қатнасыў, дем алыў ҳәм спорт пенен шуғылланыў имканиятын арттырыўға жәрдемлеседи.

Елимизде ҳаял-қызлардың жәмийетлик турмыстағы орнын буннан былай да беккемлеў, олар ушын ерлер менен тең шараятлар жаратып бериўге қатаң итибар қаратылмақта. Мәмлекетимиз басшысының 2019-жыл 21-июньдеги Олий Мажлис Сенатының жигирмаланшы жалпы мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзинде ҳаял-қызлар ушын мүнәсип жумыс, турмыс шараятларын жаратыў, оларды социаллық қорғаў, ҳаял-қызлардың социаллық-экономикалық, сиясий-ҳуқықый белсендилигин арттырыў мақсетинде ер адамлар ҳәм ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен имканиятларының теңлигин нызам дәрежесинде кепиллеў усынысы билдирилген еди.

Мәмлекетимиз басшысының мине усы басламасы ҳәм идеясы тийкарында ислеп шығылған ҳәм палата мәжилиси күн тәртибине киргизилген «Ер адамлар ҳәм ҳаял-қызлардың тең ҳуқықлары ҳәм имканиятларының кепилликлери ҳаққында»ғы нызам жойбары депутатлар тәрепинен талапшанлық пенен додаланды.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан тарийхында биринши мәрте қабыл етилип атырған бул нызам жойбары жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында ер адамлар ҳәм ҳаял-қызлар ушын тең ҳуқықлар ҳәм имканият жаратыўды тәмийинлеўге қаратылған. Сондай-ақ, жойбарда гендер теңлик, ҳаял-қызларды кемситиў түсиниги ҳәм түрлери, жуўапкер уйымлардың ўәкилликлери, мәмлекетлик басқарыўда қатнасыў, жумысқа қабыл етиў ямаса жаллаўда, кредитлер алыў ҳәм исбилерменлик пенен шуғылланыўда гендер теңликти тәмийинлеў бойынша нормалар, ондай теңликтиң бузылыўының алдын алыўға қаратылған илажлар өз сәўлелениўин тапқан. Жойбар менен ер адамлар ҳәм ҳаял-қызлар ушын тең ҳуқықлар менен имканиятларды тәмийинлеў тараўындағы Министрлер Кабинети, Өзбекстан Республикасының Ҳаял-қызлардың гендер теңлигин қорғаў бойынша комиссиясы, сондай-ақ, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ўәкилликлери белгиленбекте.

Пикир-таласларға бай болған және бир мәселе, «Ҳаял-қызларды басым өткериў ҳәм зорлықтан қорғаў ҳаққында»ғы нызам жойбары болды. Мәмлекетимиз Президентиниң басламасы тийкарында таярланған бул жойбар да әзелден муқаддес деп есапланған Анаға, ҳаял-қызларға бәрқулла жоқары ҳүрмет көрсетип келингени, ҳаял-қызларға болған ҳүрмет-итибар – ең алды менен шаңараққа, жәмийет келешегине ҳүрмет-итибар белгиси болып есапланады, деген көзқарастың әмелдеги көриниси болды. Ҳақыйқатында да, ҳәзирги глобалласыў дәўиринде ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм еркинликлери, нызамлы мәплерин қорғаў және де жоқары әҳмийетке ийе болмақта. Әсиресе, ҳаял-қызлардың социаллық-экономикалық ҳәм сиясий-ҳуқықый белсендилигин арттырыў заман талабына айланбақта.

Бир қатар нызам ҳүжжетлери зорлық етиў, шахсқа физикалық күш ислетиў жынайый ҳәрекет болып есапланатуғынына қарамастан, әмелиятта ҳаял-қызларға болған, әсиресе, шаңарақлық-турмыслық өмирде зорлық етиў жағдайларына жетерли дәрежеде итибар берилмейди. Сол себепли де руўхый ҳәм экономикалық зорлық және басым өткериў ушын жуўапкершиликти нызам жолы менен тәртипке салыў талап етилмекте. Бул мәселелерди толық қамтып алатуғын бирден-бир нызам жоқ екенлиги болса мәмлекетлик уйымларға системаға салынған комплексли статистика жүргизиў имканиятын бермей атыр.

Бул нызам жойбары мине усы машқалаларды сапластырыўға, ҳаял-қызларды турмыста, жумыс орынларында, билимлендириў мәкемелеринде ҳәм басқа да жерлерде басым өткериў және зорлықтан қорғаў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўға бағдарланғаны менен әҳмийетли болып табылады. Жойбарда басым өткериў ҳәм зорлықтың алдын алыўға қаратылған илажлар, сондай-ақ, бундай ҳәрекетлерди әмелге асырғаны ушын жуўапкершилик белгиленген. Сондай-ақ, басым өткериў менен зорлықты бастан өткерген шахсларды қорғаў, жәмийетте ҳаял-қызларға болған зорлықтың ҳәр қандай түрине маўасасыз қатнас орталығын енгизиўди нәзерде тутатуғын процессуаллық кепилликлерди қәлиплестириўге қаратылған илажлар сәўлелендирилген. Ҳаял-қызларды басым өткериў ҳәм зорлықтан қорғаў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары анық көрсетилип, бул тараўдағы ўәкилликли уйымлар белгилеп берилген.

Усы нызам жойбарының қабыл етилиўи жәмийетте, турмыста, жумыс орынларында, билимлендириў мәкемелери ҳәм басқа да жерлерде ҳаял-қызларға болған қатнасты еле де жақсылаў, оларға болған ҳүрмет-иззетти кем-кемнен беккемлеўге хызмет етеди.

Мәжилисте, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының ўәкилликлерине тийисли басқа да мәселелер додаланып, тийисли қарарлар қабыл етилди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться