Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

“O‘zbekiston tarixi» телеканалын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында

2019-07-11 | Ҳүжжетлер

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Ўатанымыздың әййемги ҳәм бай тарийхын терең үйрениў, усы бағдардағы илимий-изертлеў жумысларын жеделлестириў, жас әўладты миллий қәдириятлар ҳәм ата-бабаларымыздың бийбаҳа мийрасы тийкарында тәрбиялаў, жәмийетте ўатансүйиўшилик ҳәм өз халқы менен мақтаныў туйғысын қәлиплестириў тийкарында миллий өзликти аңлаў сезимин беккемлеў ҳәм ўатанласларымыздың дүньяқарасын кеңейтиў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (кейинги орынларда-Өзбекстан МТРК), Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Қаржы министрлиги, Илимлер академиясы, Республикалық «Руўхый-ағартыўшылық» орайы, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамының 2019-жыл 1-сентябрьден «Ơzbekiston tarixi»  телеканалыншөлкемлестириў ҳаққында республиканың кең жәмийетшилиги тәрепинен қоллап-қуўатланған усынысы мақуллансын.
  2. Төмендегилер «Ơzbekiston tarixi» телеканалы жумысының тийкарғы ўазыйпалары ҳәм бағдарлары деп есаплансын:

Мың жыллықлар тарийхына тамыр жайған Өзбекстанның әййемги ҳәм бай тарийхы, халқымыздың дүнья цивилиазациясының раўажланыўына қосқан оғада үлкен илимий, мәдений ҳәм руўхый үлеси туўралы мәмлекетимиз халқын, сондай-ақ, сырт ел жәмийетшилигин кең көлемде хабардар етиў;

ҳәр бир ўақыяның мазмун-мәнисин избе-из ҳәм системалы ашып бериў арқалы уллы тарийхымыздың барлық дәўирлерин терең илимий изертлеўлердиң қалыс нәтийжелери тийкарында көрсетип беретуғын мәлимлеме-таллаў ҳәм тематикалық телекөрсетиўлер, ток-шоу, «дөгерек сәўбетлери»н жоқары профессиональ ҳәм идеялық-көркем дәрежеде таярлаўды шөлкемлестириў;

уллы ўатанласларымыз-илимпазлар, ойшыллар ҳәм уламалар, шайыр ҳәм жазыўшылар, сәркардалар, мәмлекетлик ғайраткерлердиң  бийбаҳа мийрасын кең көлемде үйрениў ҳәм ғалаба ен жайдырыў мақсетинде олардың өмир жолы және қаҳарманлығы ҳаққында, сондай-ақ, дүньялық әҳмийетке ийе болған Өзбекстанның ең жаңа тарийхының оғада жарқын ҳәм умытылмас бетлери туўралы сөз ететуғын  илимий-көпшилик бағдарламалар ҳәм ҳүжжетли фильмлер дүркинлерин жаратыў;

турақлы ислеп туратуғын телевизиялық студия-«пикирлесиў майданшасы»ның жумысын тәмийинлеў, Өзбекстан тарийхы бойынша илимий изертлеўлердиң нәтийжелерин, мәдений және әййемги естеликлерди сақлаўға байланыслы машқалаларды, сондай-ақ, халқымыз тарийхына тийисли ҳәм улыўма миллий әҳмийетке ийе болған басқа да оғада әҳмийетли мәселелерди ашық додалаў ушын илимпазлар, тарийхшылар, изертлеўшилер, оқыўшы-жаслар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллерин мирәт етиў;

сырт еллерге дөретиўшилик сапарлар даўамында халқымыздың материаллық ҳәм материаллық емес мийрасы, Өзбекстан тарийхы менен байланыслы болған бийбаҳа қол жазбалар, китапларды излеў, әмелий көркем өнер буйымлары және музейлер коллекцияларында, сырт мәмлекетлердиң илимий орайларында, сондай-ақ, жәҳән тарийхый мийрасын үйренип атырған қорларда сақланып атырған баҳалы табылмаларды үйрениў  нәтийжелери бойынша арнаўлы телекөрсетиўлер таярлаў;

сырт ел телеканаллары, илимий-изертлеў орайлары ҳәм қорлар тәрепинен таярланған, дүнья тарийхының әҳмийетли бетлерин сәўлелендиретуғын, сондай-ақ, Өзбекстан аймағында мың жыллар даўамында жүз берген тарийхый процесслерге байланыслы болған ўақыялар ҳәм шахслар ҳаққында сөз етиўши көрсетиўлерди сатып алыў, өзбек тилине аўдарыўды шөлкемлестириў ҳәм миллий телерадиоканаллар эфирлеринде жайластырыўға жәрдемлесиў;

Өзбекстан тарийхы ҳәм жәҳән тарийхында жарқын из қалдырған ўақыялар ҳәм шахсларға бағышланған жергиликли және сырт ел көркем филмьлерин турақлы көрсетиў, сондай-ақ, усы тема бойынша елимиздиң кино көркем өнери шеберлери менен көркем филмьлер ҳәм телесериаллар жаратыўда қатнасыў.

3. Өзбекстан МТРК қурамына киретуғын хызметкерлердиң санын оптималластырыў есабынан қәлиплестирилетуғын, хызметкерлердиң шекленген улыўма саны 116 адамнан ибарат болған, «Ơzbekiston» телерадиоканалы» мәмлекетлик унитар кәрханасы жанындағы «Ơzbekiston tarixi» телеканалының структурасы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

4. «Ơzbekiston tarixi» телеканалы:

Өзбекстан МТРКның «Ơzbekiston» телерадиоканалы» мәмлекетлик унитар кәрханасы жанындағы «UzHD» телеканалы негизинде юридикалық шахс шөлкемлестирместен HD форматында шөлкемлестирилетуғыны;

республиканың пүткил аймағы бойлап тарқатылатуғын санлы көрсетиўдиң ҳәммеге қолайлы социаллық пакети қурамына киргизилетуғыны;

эфирди сапалы ҳүжжетли ҳәм көркем фильмлер менен, соның ишинде, таяр телеөнимге буйыртпа бериў шәртлери тийкарында толықтырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы жанындағы Өзбекстанның ең жаңа тарийхы бойынша жәмийетлик кеңеси, ғалаба хабар қураллары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлары, «Өзбеккино» Миллий агентлиги, сондай-ақ, басқа да кино ҳәм видеоны сүўретке алыў студиялары менен беккем бирге ислесетуғыны белгиленсин.

5. Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы турақлы тийкарда «Ơzbekiston tarixi» телеканалына эфирге бериў ушын материаллар таярлаўда, соның ишинде, олардың исенимлилиги және тарийхый ўақыялар ҳәм фактлерге сәйкес келиўи көзқарасынан көрип шығылыўында әмелий жәрдем көрсетсин, сондай-ақ, алып барылған илимий изертлеўлердиң нәтийжелерин телеканал арқалы жарытыў ушын усынып барсын.

6. «Өзбеккино» Миллий агентлиги ҳәм Өзбекстан МТРК еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджетинен ажыратылатуғын қаржылар есабынан «Өзбеккино» Миллий агентлиги тәрепинен сүўретке алынатуғын тарийхый шахслар ҳаққында, миллий қәдириятлар, дәстүрлер, Өзбекстанның қәлиплесиўи ҳәм мәмлекет сыпатында раўажланыўының тарийхый басқышларын сәўлелендиретуғын көркем, көркем-публицистикалық, ҳүжжетли филмьлерди, сериалларды және анимациялық филмьлерди биргеликте ислеп шығарыў форматларын тастыйықласын.

7. Өзбекстан МТРК бир ай мүддетте:

«Ơzbekiston tarixi» телеканалының штатлар кестесин ҳәм қәрежетлер сметасын ислеп шығыўды және белгиленген тәртипте тастыйықлаўды;

«Ơzbekiston tarixi» телеканалы ҳәр тәреплеме таярланған, соның ишинде, Ўатанымыз және дүнья цивилизациясының әййемги ҳәм бай тарийхын жоқары профессиноаль дәрежеде билетуғын маман қәнигелер менен толықтырылыўын тәмийинлесин.

8. «Ơzbekiston tarixi» телеканалы Ташкент қаласы, Алмазар көшеси, 2-жай мәнзили бойынша Өзбекстан МТРК имаратында жайластырылсын ҳәм турақлы ислейтуғын «пикирлесиў майданшасы»н шөлкемлестириў ушын студиялардан бири телеканалға бириктирип қойылсын.

9. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:

2019-жылы жаңадан шөлкемлестирилип атырған «Ơzbekiston tarixi» телеканалы тәмийнатына, соның ишинде, жәҳәндеги ҳәм жергиликли өндирисшилердиң өнимлерин көрсетиўдиң лицензия ҳуқықларын сатып алыўға, сондай-ақ, республика аймағы бойлап телебағдарламаларды тарқатыў ушын Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги шөлкемлерине ҳақы төлеўди киргизген ҳалда, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң усы жылғы параметрлери шеңберинде қаржы излеп тапсын ҳәм Өзбекстан МТРКға ажыратсын, 2020-жылдан баслап ҳәр жылғы Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети параметрлеринде зәрүр қаржыландырыўды нәзерде тутсын;

Өзбекстан МТРКның тийкарланған есап-санақлары бойынша «Ơzbekiston tarixi» телеканалы студияларын үскенелеў ҳәм декорациялар таярлаў ушын зәрүр болған 1,5 миллиард сумға шекемги муғдардағы қаржы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң резерв қорынан ажыратып берилиўин тәмийинлесин.

10. Өзбекстан МТРК баслығына:

сапалы контентти қәлиплестириў бойынша жумысларды шөлкемлестириў ҳәм сапалы дөретиўшилик процессти жолға қойыў мақсетинде «Ơzbekiston tarixi» телеканалының Эксперт (мәсләҳәт) кеңесин қәлиплестириў ҳәм оның қурамын тастыйықлаў;

жоқары маман сырт ел қәнигелерин шәртнама тийкарында тартыў ҳәм жумысқа қабыл етиў және ажыратылған бюджет қаржылары шеңберинде оларға сырт ел валютасында мийнет ҳақы ҳәм басқа да төлемлердиң муғдарын белгилеў ҳуқықы берилсин.

11. Өзбекстан МТРК:

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте жаңадан шөлкемлестирилип атырған «Ơzbekiston tarixi» телеканалын заманагөй телевизиялық үскенелер комплекси менен үскенелеў;

еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.12. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары Ф.Ш.Маҳмудовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                          Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 11-июль

Поделиться