Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Энергетика ҳәм химия тараўларында инвестициялық жойбарлардың орынланыўын жеделлестириў мәселелери додаланды
2019-06-17 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 17-июнь күни нефть-газ, химия ҳәм электр энергетикасы тараўларындағы инвестициялық жойбарлардың орынланыўын және де жеделлестириў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.
Бул тараўлар санаат ҳәм исбилерменликтиң раўажланыўына, халықтың турмыс дәрежесине тийкар болыўы менен оғада әҳмийетли болып есапланады. Сол себепли бул тармақларда көплеген перспективалы жойбарлар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, быйыл 2 миллиард 730 миллион АҚШ доллары муғдарындағы инвестицияларды өзлестириў есабынан нефть-газ тараўында 16, 850 миллион доллар есесине химия тармағында 17, 1 миллиард доллардан зыят қаржы жәрдеминде электр энергетикасы бойынша 28 жойбарды әмелге асырыў режелестирилген.
Мәжилисте усы жойбарлар додаланып, олардың орынланыўы бойынша жуўапкерлердиң есабы тыңланды.
Мәмлекетимиз басшысы энергия ресурсларын өндириўши, бөлистириўши ҳәм жеткерип бериўши кәрханаларды қаржы жағынан қоллап-қуўатлаў, углеводородларды қазып алыў көлемин көбейтиў, өним ислеп шығарыўды кеңейтиў зәрүрлигин атап өтти.
Тўрақўрғон, Наўайы, Тақыятас ыссылық электр станцияларында алып барылып атырған қурылыс ҳәм модернизациялаў жумысларын тезирек жуўмақлап, быйыл пайдаланыўға тапсырыў, Ташкент ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында заманагөй пуў-газ қурылмаларын орнатыў жумысларын жетилистириў бойынша тапсырмалар берилди. Электр энергиясын есапқа алыў ҳәм қадағалаўдың автоматластырылған системасын және де кеңирек еңгизиў керек екенлиги атап өтилди.
«Наўайыазот» акционерлик жәмийетинде поливинилхлорид, каустикалық сода ҳәм метанол, Жиззақ пластмасса заводында тоқымашылық тараўы ушын химиялық қосымшалар ислеп шығарыў жойбарларын пайдаланыўға тапсырыў, Янгиер қаласында аммиак ҳәм кармабид ислеп шығарыў жойбарының орынланыўын жеделлестириў бойынша ўазыйпалар қойылды.
-Экономикамыздың бәсекиге шыдамлылығын арттырыўшы бул тармақлардағы инвестициялық жойбарларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў керек. Бул басқа түрлес ҳәм уқсас тараўлардың раўажланыўын да тәмийинлеп, көплеген жумыс орынларын жаратады,-деди Президент.
Мәжилисте нефть-газ, химия ҳәм электр энергетикасы тараўларында жыл жуўмағында күтилип атырған нәтийжелер және келеси жылға мөлшерленген режелер көрип шығылды.