Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Президенти Япония Императорына хат жоллады
2019-05-01 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев бүгин Япония Императоры Акихитоға хат жоллады.
Мәмлекетимиз басшысы өз хатында Император Акихитоның «Хэйсей» деп аталған ҳүкимдарлық дәўири путкил дүньяда үлкен табыслар-Япония беккем тынышлық ҳәм ҳәр тәреплеме раўажланыўға ерискен, экономикалық жақтан жетекши мәмлекетлер қатарына кирген, глобалласыў процесслеринде абырайы ҳәм роли салмақлы дәрежеде жетилискен дәўир болғанлығын атап өтти.
Президент Шавкат Мирзиёев Япония Императорына Өзбекстан менен Япония арасында дослық, ҳүрмет ҳәм исеним тийкарында өз-ара пайдалы ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратқан жеке итибары ҳәм жәрдеми ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги