Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

КАСПИЙ ЭКОНОМИКАЛЫҚ ФОРУМЫНДА ӨЗБЕКСТАН ДЕЛЕГАЦИЯСЫ ҚАТНАСАДЫ

2019-05-01 | Туризм

Усы жылдың 12-августында Түркменстанның Түркменбашы қаласы «Аваза» миллий туристлик зонасында биринши рет Кәспий экономикалық форумы шөлкемлестириледи. Орайлық Азияның экономикалық турмысында итибарли ўақыя сыпатында атап өтилген бул улкен илажда Каспийбойы мәмлекетлери қатарында Өзбекстан делегациясы, сондай-ақ, халықаралық финанс институтлары, транспорт, экология тараўларында жумыс алып барыўшы халықаралық шөлкемлердиң басшылары қатнасыўы күтилмекте.

Ташкентте 30-апрель күни Түркменстанның Өзбекстандағы елшиханасында болып өткен баспасөз конференциясында усыҳаққында сөз етилди.

Түркменстанның мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Язгули Маммедов Өзбекстан – Түркменстан экономикалық бирге ислесиўи түрли бағдарларда раўажланып атырғанын атап өтти.

Бүгинги күнде мәмлекетлеримиз арасында саўда-экономикалық бирге ислесиў раўажланбақта. 2018-жылда өз-ара товар алмасыў көлеми 17 процентке өскен.

– Түркменстан жер үсти ҳәм суў жоллары арқалы регион мәмлекетлери менен бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратпақта,-деди Я.Маммедов.-Өткен жылы Түркменбашы халықаралық порты қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Бул порт арқалы Россия, Иран, Түркия мәмлекетлери портлары менен байланыс жасаў мүмкин. Бул, әсиресе, теңизге тиккелей шығыў жолына ийе болмаған қоңсы мәмлекетлер, атап айтқанда, Өзбекстан ушын қолайлы имканият.

Илажда биринши Каспий экономикалық форумының биргеликтеги раўажланыў мақсетлерине сәйкес келетуғынына итибар қаратылды. Ғалаба хабар қураллары ўәкиллери менен ушырасыўда форум шеңберинде өткерилиўи нәзерде тутылған илажлар ҳәм додалаў орайындағы мәселелер бойынша мағлыўматлар берилди.

Каспий экономикалық форумында халықаралық конференция шөлкемлестирилип, онда қатнасыўшы мәмлекетлер, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери менен қоспа инвестициялық жойбарлар ҳәм бағдарламаларды әмелге асырыў, санлы экономика бойынша бирге ислесиў, қоспа кәрханаларды шөлкемлестириў мәселелери көрип шығылады. Арнаўлы еркин экономикалық зоналарды шөлкемлестириў ҳәм раўажландырыў бойынша өз-ара тәжирийбе алмасыў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, форумда Каспий инновациялық технологиялары көргизбеси, қатнасыўшы мәмлекетлер ўәкиллери арасында бизнес ушырасыўлар да өткериледи.

Әнжуманда журналистлерди қызықтырған сораўларға ҳәр тәреплеме жуўап берилди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться