Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ӨЗБЕКСТАН ҲӘМ ТӘЖИКСТАН ПРЕЗИДЕНТЛЕРИ УШЫРАСЫЎ ӨТКЕРДИ
2019-04-25 | Сиясат
Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев бүгин Пекин қаласында Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмон менен де ушырасты.
Президентлер соңғы жылларда сапа жағынан жаңа дәрежеге көтерилген көп қырлы Өзбекстан-Тәжикстан бирге ислесиўи раўажланып атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Саўда-экономикалық, транспорт-коммуникация ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўдиң анық мәселелери додаланды. Өз-ара саўда көлемин буннан былай да арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Жоқары дәрежедеги сапар етиўлер даўамында ерисилген келисимлердиң орынланыўы да көрип шығылды.
Өткен жыл Өзбекстан ҳәм Тәжикстан қатнасықлары раўажланыўында тарийхый жыл болғаны, өз-ара мәмлекетлик сапарлар нәтийжесинде ол стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгени айрықша атап өтилди.
Бул бағдардағы жумыслар нәтийжесинде еки тәреплеме товар алмасыў көлеми сезилерли артып, аймақлараралық ҳәм гуманитар байланыслар беккемленип атырғаны атап өтилди.
Шавкат Мирзиёев ҳәм Эмомали Раҳмон мәмлекетлеримиз арасындағы дослық ҳәм жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеўге умтылыслары исенимли екенин атап өтти.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги