Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
https://gov.uz/media/8f8d246d-0bda-6504-5b0b-928f8803b3d4.jpg
2019-04-09 | Экономика
Чехия Республикасы саўда-санаат министри Марта Новикова басшылығындағы бизнес делегацияның елимизге сапары шеңберинде 8-апрель күни пайтахтымызда Өзбекстан – Чехия бизнес-форумы шөлкемлестирилди.
Өзбекстанда Чехия капиталының қатнасыўында 25 кәрхана жумыс алып бармақта. Форумның ашылыўында бул көрсеткишлер мәмлекетлеримиздиң экономикалық потенциалына сәйкес емеслиги атап өтилди.
Илажда Өзбекстанда барлық тараўларда жедел реформалар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди. Әне усындай шараятта Чехия исбилерменлери Өзбекстан базарына умтылмақта, олар мәмлекетке инвестиция киргизиўден мәпдар. Бундай ушырасыўлардың шөлкемлестирилиўи еки мәмлекет алдында экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыўға байланыслы улыўмалық қарым-қатнасты ислеп шығыў, өз-ара товар алмасыўда экспорт, импорт өнимлериниң түрин көбейтиў бойынша пикир алысыў имканиятын береди.
Өз гезегинде, Өзбекстан Саўда-санаат палатасының баслығы Адҳам Икромов, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министриниң орынбасары Бадриддин Обидов Өзбекстан тәрепи чехиялы исбилерменлерди қызықтырған тараўлар бойынша бирге ислесиўди раўажландырыўға таяр екенин билдирди.
Презентацияларда чехиялы ўәкиллер елимиздиң инвестициялық орталығы, тараўларда алып барылып атырған реформалар, еркин экономикалық зоналардың имканиятлары менен таныстырылды.
Форум шеңберинде шөлкемлестирилген «B2B», «G2B» форматындағы ушырасыўларда 100 ге шамалас жергиликли исбилермен, Чехияның саўда, билимлендириў, аўыл хожалығы, туристлик, қәўипсизлик системаларын раўажландырыў, энергетика, логистика сыяқлы тараўлар, химия, таў-кән санаатына қәнигелескен 20 дан аслам компания ўәкиллери арасында бирге ислесиў байланысларын жолға қойыў бойынша сөйлесиўлер болып өтти.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги