Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ВЕТЕРИНАРИЯ ҲӘМ ШАРЎАШЫЛЫҚТЫ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ БОЙЫНША МӘМЛЕКЕТЛИК КОМИТЕТИНИҢ ЖУМЫСЫН ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ҲАҚҚЫНДА

2019-04-02 | Ҳүжжетлер

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 28-марттағы «Ветеринария ҳәм шарўашылық тараўында мәмлекетлик басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5696-санлы Пәрманының орынланыўын және Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириўди тәмийинлеў мақсетинде:

Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң шөлкемлестириў структурасы 1-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң системасына киретуғын шөлкемлердиң дизими 2-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 63 адамнан ибарат болған орайлық аппарат структурасы 3-қосымшаға муўапық;

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң структурасы, ўәлаятлар ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў басқармаларының үлги структурасы 4- ҳәм 5-қосымшаларға муўапық;

Ташкент қаласы ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў басқармасының структурасы ҳәм оның структурасына киретуғын мәкемелер дизими 6-7-қосымшаларға муўапық;

районлық (қалалық) ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлимлериниң үлги структуралары 8-қосымшаға муўапық;

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардағы районлық (қалалық) ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлимлериниң  структурасына киретуғын мәкемелердиң дизими 9-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети жанындағы «Ўзбекчорванасл» агентлигиниң шөлкемлестириўшилик структурасы 10-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети жанындағы «Ўзбекчорванасл» агентлиги орайлық аппаратының структурасы 11-қосымшаға муўапық;

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардағы «Чорванасл» орайларының үлги структуралары 12-қосымшаға муўапық;

Республикалық ҳайўанлар кеселликлери диагнозы ҳәм азық-аўқат өнимлери қәўипсизлиги мәмлекетлик орайының структурасы 13-қосымшаға муўапық;

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар ҳайўанлар кеселликлери диагнозы ҳәм азық-аўқат өнимлери қәўипсизлиги мәмлекетлик орайларының үлги структурасы 14-қосымшаға муўапық;

районлар (қалалар) ҳайўанлар кеселликлери диагнозы ҳәм азық-аўқат өнимлери қәўипсизлиги мәмлекетлик орайларының үлги структурасы 15-қосымшаға муўапық;

районлар (қалалар) ҳайўанлар кеселликлери диагнозы ҳәм азық-аўқат өнимлери қәўипсизлиги мәмлекетлик орайларының структурасына киретуғын мәкемелердиң дизими 16-қосымшаға муўапық;

Мәмлекетлик шегара ҳәм транспортта мәмлекетлик ветеринария қадағалаўы басқармасының структурасы 17-қосымшаға муўапық;

Ветеринариялық дәри қураллары, азықлық қосымшалардың сапасы ҳәм айланысын қадағалаў бойынша мәмлекетлик илимий орайдың структурасы 18-қосымшаға муўапық;

Ветеринария илимий-изертлеў институты, шарўашылық ҳәм қусшылық илимий-изертлеў институты, Қаракөлшилик ҳәм шөл экологиясы илимий-изертлеў институты және Балықшылық илимий-изертлеў институтының структуралары 19-22-қосымшаларға муўапық;

2019-2021-жылларда шарўа малларының бас санын, гөш ҳәм сүт ислеп шығарыў көлемин арттырыў бойынша прогноз көрсеткишлери 23-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығына:

зәрүр жағдайларда комитет ҳәм оның системасындағы шөлкемлердиң барлық шөлкемлестириўшилик структурасына хызметкерлердиң белгиленген улыўма штаттағы саны шеңберинде өзгерислер киргизиў;

комитеттиң бюджеттен тысқары қаржыларының есабынан басқарыў хызметкерлериниң қосымша штат бирликлерин енгизиў;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң, илимий ҳәм билимлендириў мәкемелериниң жоқары маманлықтағы қәнигелерин, сондай-ақ, халықаралық шөлкемлерди ҳәм экспертлерди консультант сыпатында тартыў;

қәнигели сырт ел кадрларын жумысқа қабыл етиў ҳәм оларға мийнет ҳақы муғдарлары ҳәм басқа да төлемлерди сырт ел валютасында белгилеў ҳуқықы берилсин.

Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен Өзбекстан Республикасы Бас министриниң усынысына муўапық белгиленген тәртипте лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны;

Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети баслығының орынбасарлары  Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны;

Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети жанындағы «Ўзбекчорванасл» агентлиги (кейинги орынларда  Агентлик деп аталады) бас директоры лаўазымына бола Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети баслығының орынбасары есапланатуғыны;

Агентлик бас директорының орынбасарлары Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети баслығының усынысына бола Өзбекстан Республикасы Бас министри тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны;

«Қаракөлшилик» Республикалық ассоциациясы, «Паррандасаноат» ассоциациясы, «Ўзбекбалиқсаноат» асоциациясы ҳәм «Ўзбекистон асал аричилари» ассоциациясының баслықлары ҳәм олардың орынбасарлары шөлкемлестириўшилердиң улыўма мәжилиси қарарлары менен сайланатуғыны ҳәм Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети баслығының усынысына муўапық Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланатуғыны;

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниң баслығы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы менен келисе отырып лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны;

ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў басқармаларының баслықлары Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы тәрепинен  ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң усынысы менен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны;

районлық (қалалық) ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлимлериниң баслықлары Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў басқармаларының баслықлары тәрепинен район (қала) ҳәкимлериниң усынысына муўапық лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны;

Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы Өзбекстан Республикасы Бас мәмлекетлик ветеринария инспекторы, оның орынбасарлары Өзбекстан Республикасы Бас мәмлекетлик ветеринария инспекторының орынбасарлары, Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң Мәмлекетлик ветеринария қадағалаў басқармасының ветеринар қәнигелери өз ўәкилликлери шеңберинде мәмлекетлик ветеринария инспекторлары есапланатуғыны;

Мәмлекетлик шегара ҳәм транспортта мәмлекетлик ветеринариялық қадағалаў басқармасы баслығы мәмлекетлик шегара ҳәм транспортта бас мәмлекетлик ветеринария инспекторы, оның орынбасарлары болса Мәмлекетлик шегара ҳәм транспортта бас мәмлекетлик ветеринария инспекторының орынбасарлары есапланатуғыны;

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў басқармаларының баслықлары Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы бас мәмлекетлик ветеринария инспекторлары, олардың орынбасарлары болса тийисли түрде Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы бас мәмлекетлик ветеринария инспекторларының орынбасарлары есапланатуғыны;

районлық (қалалық) ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлимлериниң баслықлары тийисли түрде районлық (қалалық) бас мәмлекетлик ветеринария инспекторлары есапланатуғыны;

ветеринария участкалары ҳәм базарлар ветеринария-санитария экспертиза лабораториясының баслықлары тийисли түрде участка ҳәм базарларда мәмлекетлик ветеринария инспекторлары есапланатуғыны;

мәмлекетлик шегара ҳәм транспортта ветеринария қадағалаўы ветеринария пунктлериниң (участкаларының) баслықларының ҳәм ветеринар врачлары тийисли түрде мәмлекетлик шегара ҳәм транспортта ветеринариялық қадағалаў ветеринария пунктлериниң (участкаларының) мәмлекетлик ветеринария инспекторлары есапланатуғыны белгилеп қойылсын.

Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң «OʻZNASLCHILIK» ҳәм «Ўззооведтаъминотхизмат» мәмлекетлик кәрханалары Агентликтиң қурамына өткерилсин.
Агентлик өз жумысын «Қоракўлчилик» Республикалық ассоциациясы, «Паррандасаноат» ассоциациясы, «Ўзбекбалиқсаноат» ассоциациясы ҳәм «Ўзбекистонасаларичилари» ассоциацияси менен бирге алып барады.
Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети еки ай мүддетте төмендегилерди ислеп шығып, Министрлер Кабинетине киргизсин:

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте бар шарўашылыққа қәнигелескен хожалықлардың, соның ишинде, көп тармақлы хожалықлардың қолда бар қуўатлықларын хатлаўдан өткерип, олардың жетиспейтуғын орнын нәсилли қарамаллар менен толықтырыў бойынша бағдарламаны;

Қаржы министрлиги, экономика ҳәм санаат министрлиги және Әдиллик министрлиги менен биргеликте нәсилшилик хожалықларында жетистирилген ҳәм Агентлик ҳәм оның аймақлық бөлимлери тәрепинен импорт етилген ҳәм аўыл хожалығы кәрханаларына сатылған ҳәр бир бас нәсилли қарамал ушын субсидия бериў тәртибин;

Қаржы министрлиги, экономика ҳәм санаат министрлиги және Әдиллик министрлиги менен биргеликте үйлерде ҳәм шаўашылық бағдарында жумыс алып баратуғын хожалық жүргизиўши субъектлерде бағылып атырған қара малларды қамсызландырыў тәртибин.

Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң:

Самарқанд ветеринария медицинасы институтының Ташкент филиалын шөлкемлестириў;

Қаржы министрлигиниң ветеринария участкаларындағы 1500 хызметкерине қосымша рәўиште қара маллардың нәсилин жақсылаў ҳәм жасалма туқымландырыў ўазыйпасы жүкленип атырғанын есапқа алып, олардың тариф разрядларын 3 разрядқа арттырыў усынысына келисим берилсин.

Агентлик атқарыў аппараты ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң жумысы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары, жергиликли бюджет қаржылары ҳәм бюджеттен тысқары қаржылардың есабынан қаржыландырылады.
Агентликтиң бас директоры, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар «Чорванасл» орайлары директорларына Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги менен келисилген ҳалда ҳәр жылы нәсилшилик жумысы ҳәм жасалма туқымландырыўды шөлкемлестириў ушын 1500 ге шекем жумысшыларды шәртнама тийкарында тартыў ўәкиллиги берилсин.

Бунда тартылған жумысшылар Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги жанындағы Жәмийетлик жумыслар қоры тәрепинен 12 айлық шәртнама тийкарында жумыссызлар ҳәм бәнт болмаған шахслар сыпатында жәмийетлик жумысларға тартылады ҳәм олардың мийнет ҳақысы қордың қаржылары есабынан қаржыландырылады.

Агентлик ҳәм оның аймақлық бөлимлери тәрепинен халық, жеке жәрдемши, дийқан ҳәм шарўашылық бағдарындағы хожалық жүргизиўши субъектлерге көрсетилетуғын хызметлерден және нәсилли қара малларды республикаға импорт етип сатыўдан түскен қаржылар салық салынатуғын базаға киргизилмейди.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери Агентлик пенен биргеликте бир ай мүддетте ҳәр бир районда басламашыларды анықлап:

ишки тутыныў базарын сапалы гөш ҳәм гөш өнимлери менен үзликсиз тәмийинлеў, гөш баҳасының турақлылығын сақлаў мақсетинде 2019-2021- жылларда ҳәр бир районда қарамалларды семиртип бағыўға қәнигелескен кеминде екеўден 300-500 басқа мөлшерленген заманагөй комплекслерди;

ишки тутыныў базарын сапалы сүт ҳәм сүт өнимлери менен үзликсиз тәмийинлеў, сүт баҳасының турақлылығын сақлаў мақсетинде ҳәр бир районда кеминде екеўден 250-300 басқа мөлшерленген сүт бағдарындағы кәрханаларды шөлкемлестириў бойынша илажларды ислеп шықсын.

Агентлик, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаят ҳәм районлар ҳәкимлери:

усы қарардың 23-қосымшасына муўапық 2019-2021-жылларда қара маллардың бас саны, гөш ҳәм сүт ислеп шығарыў көлемин арттырыў бойынша прогноз көрсеткишлери орынланыўын тәмийинлеў;

шарўашылық хожалықларындағы бар қара маллар ушын ажыратылған жер майданларын еки ай мүддетте хатлаўдан өткерсин ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыўдың жағдайын ҳәр бир хожалық кесиминде өз алдына үйренип шықсын, үйрениўлердиң нәтийжеси бойынша бар шәртли мал бас санына салыстырғанда айырмашылық анықланғанда, артықша жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша барлық илажларды әмелге асырсын.

Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети және Агентлик «Халық банки», «Алоқа банк», «Ўзсаноатқурилишбанк» ҳәм «Ипотекабанк» акционерлик коммерциялық банклери менен биргеликте шарўашылық, қусшылық, пал ҳәррешилик ҳәм балықшылық бағдарындағы жойбарларды әмелге асырыўды нәтийжели шөлкемлестириў бойынша турақлы биргеликте жумыс алып барсын.
Агентлик, Қарақалпақстан Республикасы Минитрлер Кеңеси, ўәлаят ҳәм районлар ҳәкимликлери менен биргеликте пахта ҳәм ғәлле егислик майданларына алмаслап егилетуғын шарўа азықлығы ушын жоңышқа толық егилиўин шөлкемлестирсин және жетистирилетуғын зүрәәтти шаўашылық хожалықларына ҳәм халыққа системалы жеткериўди тәмийинлесин.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте:

Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети ҳаққындағы режени;

«Ўзбекчорванасл» агентлиги ҳаққындағы режени;

Өзбекстан Республикасы Ветеринария хызмети ҳәм шарўашылықты раўажландырыў қорының қаржыларынан пайдаланыў ҳәм қәлиплестириў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықласын.

Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Агентлик Ташкент қаласы, Кичик халқа йўли көшеси, 21а-жай мәнзилине жайластырылсын.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәкимлери Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги және Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте еки ай мүддетте Агентликтиң аймақлық бөлимлерине оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында имаратлар ажыратылыўын тәмийинлесин.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм районлар ҳәкимлери және Агентлик бас директоры шарўашылық субъектлерине ажыратылған жер майданларына тек ғана шарўа азықлық егинлери егилиўине жуўапкер етип белгиленсин.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм районлар ҳәкимлери жаңадан шөлкемлестирилген шарўашылық субъектлерине норма бойынша азықлық егинлер егиў ушын жер майданларын ажыратып бериўге жеке жуўапкер есапланады.
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги еки ҳәпте мүддетте:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети есабынан Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң есап-санақларына тийкарланып Агентликти зәрүр мебель, компьютер техникасы ҳәм инвентарьлар менен үскенелеў ушын жеткиликли қаржылар ажыратсын;

Агентликке хызмет автотранспорт қуралларын сатып алыў ушын зәрүр қаржылардың ажыратылыўын тәмийинлесин және Агентлик ҳәм оның аймақлық бөлимлерине 16 хызмет жеңил ҳәм 161 арнаўлы автомобильлерди сақлаўға лимит белгиленсин;

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети есабынан Агентликти нәсилшилик есабынан жасалма туқымландырыўды шөлкемлестириў мақсетинде 24-қосымшаға муўапық зәрүр болған арнаўлы автотранспорт ҳәм материаллық-техникалық қураллары, соның ишинде, дьюар ыдыслары ҳәм басқа да зәрүр әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў ушын талап етилетуғын қаржыларды ажыратсын;

усы қарардан келип шығып, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет параметрлерине тийисли өзгерислер киргизсин.

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 19-декбарьдеги ПҚ-4067-санлы «Өзбекстан Республикасының 2019-жылға мөлшерленген Инвестициялық бағдарламасын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының 7-қосымшасына муўапық быйыл Самарқанд ветеринария институтының қурылысы тамамланбаған оқыў имараты объектин қурыў ҳәм үскенелеў жумыслары жуўмағына жеткерилиўин тәмийинлесин.

2020-жылы қурылыўы режелестирилген институттың объектлерине буйыртпашы сыпатында Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети және Агентликти зәрүр байланыс қураллары, соның ишинде, ҳүкимет байланыс қураллары менен тәмийинлесин.
Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети Әдиллик министрлиги, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти                                    Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы, 2019-жыл 28-март

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться