Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Мектеп китапханасына китаплар саўға етилди
2019-04-01 | Билимлендириў
Усы жыл 30-март күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов өзи билим алған Кегейли районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы 1-санлы улыўма билим бериў мектебине еки жүзден аслам атамадағы 500 данадан зыят китап саўға етти.
«Өзим оқыған мектебиме мениң китап саўғам» атамасында өткерилген илажда атап өтилгениндей, усы жылы 19-март күни Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басшылығында болып өткен видеоселектор мәжилисиндеги жасларга итибарды күшейтиў, жас әўладты мәденият, көркем өнер, денетәрбиясы ҳәм спортқа кеңнен тартыў менен бир қатарда олар арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў бойынша баслама ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланбақта.
Районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 1-санлы улыўма билим бериў мектеби 1928-жылы ашылды. Мектеп 1992-жылы 417 орынға мөлшерленип тазадан қурылған болса, 2005-жылы ири оңлаў жумыслары алып барылды. Бүгинги күни бул жерде 747 оқыўшыға 86 педагог хызметкер тәлим тәрбия-бермекте. Муғәллимлер менен оқыўшылар ҳәр жылы «Билимлер беллесиўи», «Пәнлер олимпиадасы», «Жылдың ең жақсы муғаллими» сыяқлы таңлаўларда, спорт жарысларында тек районлық басқышта емес, республикалық көлемде жеңимпазлықты қолға киргизип келмекте.
Балаларды китап оқыўға қызықтырыў, мәлимлеме-китапхана жумысларын жетилистириў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте. Кегейли районындағы 9-санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектебиниң 10-класс оқыўшысы Нурсулыў Қоқанова «Ең жақсы китапқумар» таңлаўының Өзбекстан Республикасы басқышында биринши орынды ийелеп, Президент саўғасы-«Спарк» автомашинасы менен сыйлықланды. Усы күни таңлаў жеңимпазына республикамыздың басшысы атынан телевизор саўға етилди.
-Елимизде жасларымыз арасында китапқумарлықты кеңнен үгит-нәсиятлаўға айрықша итибар қаратылмақта,-дейди 1-санлы улыўма билим бериў мектеби директорының руўхый-ағартыўшылық ҳәм тәрбия мәселелери бойынша орынбасары Айпарша Худайбергенова.-Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязовтың өзи оқыған мектебине келип, бир нешше атамадағы китапларды саўға етиўи буның айқын мысалы болып табылады. Олардың барлығы оқыўшыларымыз излеп жүрген, қызығып оқыйтуғын китаплардан ибарат,-десем асыра айтқан болмайман.
Буннан тысқары, мектебимизге 60 дана парта, 120 дана стуль, бир класс ушын комплект 19 дана компьютер, принтерь ҳәм бир дана электрон тахта, 10 дана тахта, 10 дана стеллаж, спорт инвертарлары саўға етилди. Бундай итибары ҳәм ғамқорлығы ушын шексиз миннетдаршылық билдиремиз.
Мектеп китапханасына тапсырылған бул китаплар оқыўшылардың руўхый интеллектуаллық потенциалын, сана-сезимин ҳәм дүнья танымын кеңейтиўге, келешекте кәмил инсанлар болып жетилисиўине, олар арасында китапқумарлық мәдениятын буннан былай да арттырыўға хызмет етеди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги