Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ПАКИСТАНДА ӨЗБЕКСТАН ТУРИСТЛИК МӘЛИМЛЕМЕ ОРАЙЫ ЖУМЫС БАСЛАДЫ

2019-03-06 | Туризм

Пакистанда Өзбекстан туристлик мәлимлеме орайы шөлкемлестирилди. Илажда мәмлекетимиздиң Пакистандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Фурқат Сиддиқов ҳәм Пакистанда климат өзгериўи министри Зартаж Гул ханым сөзге шығып сөйледи.

Илажда еки мәмлекет министрликлери ҳәм уйымларының ўәкиллери, тараў қәнигелери, журналистлер қатнасты. Бул ҳаққында Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң баспасөз хызмети хабар бермекте.

Елимиз Орайлық Азия мәмлекетлери арасында Пакистан менен тиккелей турақлы ҳаўа транспорт байланысына ийе мәмлекет болып есапланады. Пакистан цивилизация орайы болып табылады. Туристлик орайдың дүзилиўи мәмлекетлеримиз арасында әзелден бирге ислесиў байланысларын жаңа басқышта раўажландырыўға хызмет етеди.

Илажда Ф.Сиддиқов Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар, атап айтқанда, билимлендириў мәкемелери, бизнес имканиятлары, санаат ҳәм туристлик имканиятлары ҳаққында мағлыўмат берди. Пакистанлылардың елимизде билимлендириў, бизнес ҳәм туризм тараўларындағы жумысын жоқары баҳалап, олар ушын кең имканиятлар есиги ашылғанын айрықша атап өтти.

– Бул орай пакистанлы жаслар ушын да кең имканиятлар жаратады, – деди З.Гули. – Буннан былай, олар дүнья цивилизациясына, атап айтқанда, ислам дининиң раўажланыўына мүнәсип үлес косқан үлке, бул жерде жасап өткен уллы уламалар, илимпазлар ҳаққында толық мағлыўмат алыў имканиятына ийе болады.

Хабарда 2018-жылдың март айынан баслап FlyDubai авиакомпаниясы тәрепинен Пакистан-Ташкент авиарейси жолға қойылғаны ҳаққында айтылған. Ҳәзирги ўақытқа шекем Лаҳор-Ташкент авиақатнаўы жолға қойылған еди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться