Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
СОЦИОЛОГИЯЛЫҚ ИЗЕРТЛЕЎЛЕР ӨТКЕРИЎДИ МӘМЛЕКЕТ ТӘРЕПИНЕН ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА
2019-02-22 | Ҳүжжетлер
Өзбекстан Республикасы Президентиниң
пәрманы
Кейинги жылларда елимизде мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыстың барлық тараўларын демократияластырыўға, инновациялық технологияларды енгизиўге, инсан потенциалын раўажландырыў ушын зәрүр шараятлар ҳәм имканиятлар жаратыўға, халықтың абаданлық дәрежесин арттырыўға қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.
Усындай бир шараятта белгили бир тараўдағы жағдайды сапа жағынан өзгертиў және алдынғы сырт ел ҳәм жергиликли теориялық-методологиялық қураллардан пайдаланыў тийкарында оны раўажландырыў ўазыйпаларын даўам еттириў ҳаққында социологиялық сораўлар өткериўдиң сапа жағынан жаңа ҳәм заманагөй изертлеў әмелиятын қәлиплестириў мәселеси айрықша әҳмийетке ийе.
Халықаралық әмелият ҳәм елимиз тәжирийбеси социологиялық изертлеўлерди социаллық шериклик принциплери тийкарында өткериў процесинде ҳүкиметлик емес шөлкемлердиң потенциалынан және де кеңирек пайдаланыў ҳәм усы мақсетлерде мәмлекетлик буйыртпаны сапалы орынлаў, халықты бул процесске белсенди тартыў ушын шарятлар жаратыў зәрүрлигин көрсетпекте.
Жәмийетлик пикирдиң системалы мониторингин тәмийинлеў және елимиздиң социаллық-экономикалық ҳәм жәмийетлик-сиясий турмысында оның нәтийжелеринен пайдаланыў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды нәтийжели әмелге асырыў мақсетинде:
«Жәмийетлик пикир» жәмийетлик пикирди үйрениў орайы мәкемелери мәжилисиниң оны «Жәмийетлик пикир» республикалық жәмийетлик пикирди үйрениў орайы (кейинги орынларда «Жәмийетлик пикир» орайы деп аталады) етип қайта атаў усынысына келисим берилсин.
Төмендегилер «Жәмийетлик пикир» орайының тийкарғы ўазыйпалары есапланатуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин:
а) төмендегилерде:
мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары системасында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыста– демократиялық реформаларды тереңлестириў ҳәм елимизди модернизациялаўда парламентлик, сиясий партиялар ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының ролин буннан былай да күшейтиўге, мәмлекетлик хызметтиң шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый тийкарларын раўажландырыўға қаратылған реформалар;
суд-ҳуқық тараўында – нызам үстинлигин тәмийинлеўге ҳәм инсан ҳуқықларын исенимли қорғаўға қаратылған реформалар;
экономикада – оның бәсекиге шыдамлылығын арттырыўға, тармақларды модернизациялаўға, либералластырыўға ҳәм диверсификациялаўға, мәмлекеттиң экономикалық процесслерде қатнасын азайтыў бойынша институционал ҳәм структуралық реформаларды әмелге асырыўдың сапасын анықлаўға ҳәм үйрениўге, жеке мүлкшилик ҳуқықларын исенимли қорғаўға қаратылған реформалар;
социаллық тараўда – халықты социаллық қорғаў системасын жетилистириўге, оның бәнтлигин тәмийинлеўге, реал дәраматларын арттырыўға ҳәм ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин күшейтиўге, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, туризм, мәденият, көркем өнер, спорт, илим ҳәм басқа да бағдарлардың сапасын арттырыўға, мәмлекеттиң жасларға байланыслы сиясатын ҳәм арзан турақ жайлар қурыў бағдарламаларын әмелге асырыў илажларын орынлаўға қаратылған реформалар;
қәўипсизлик, миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик, сондай-ақ, сыртқы сиясат тараўларында – елимиздиң қорғаныў қәбилетин, пуқаралар арасында ҳәм динлераралық тынышлық және татыўлықты беккемлеўге, сыртқы сиясат тараўындағы жумыстың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыўға қаратылған реформалар ҳаққындағы жәмийетлик пикирди үйрениў ҳәм таллаў;
б) пуқаралардың көзқарасын қәлиплестириўдиң тийкарғы бағдарларын, олардың сиясий, социаллық-экономикалық, әдеп-икрамлық, ҳуқықый санасының жағдайын ҳәм мазмунын белгилеў, халықтың сиясий, ҳуқықый мәденият дәрежесин үйрениў ҳәм оларды раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеў;
в) жәмийетлик-сиясий ҳәм социаллық-экономикалық раўажландырыўдың жағдайы ҳәм динамикасы ҳаққында, халықтың социаллық пикири ҳаққында исенимли мәлимлемени тарқатыў;
г) сырт ел изертлеў әмелиятында белсенди пайдаланылатуғын ҳәм заманагөй мәлимлеме қатнасларына сүйенетуғын социаллық изертлеўлер өткериўди шөлкемлестириў техникасы ҳәм технологияларын ислеп шығыў, сәйкеслендириў, енгизиў ҳәм олардың кең усылларын қолланыў, жәмийетлик пикирди үйрениўдиң методологиялық тийкарларын таллаў ҳәм жетилистириў.
«Жәмийетлик пикир» орайы, Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Қаржы министрлигиниң:
«Жәмийетлик пикир» орайы тәрепинен Шөлкемлестириўшилер кеңеси тәрепинен ҳәр жылы мақулланатуғын социологиялық изертлеўлердиң режесине муўапық социологиялық изертлеўлер өткериў тәртибин сақлап қалған ҳалда «Жәмийетлик пикир» орайының басшы ҳәм илимий хызметкерлерине бюджет қаржылары есабынан фундаменталь, әмелий-изертлеўлер ҳәм инновациялық жумыслардың илимий-техникалық бағдарламаларын әмелге асырыўға қатнасатуғын илимий-изертлеў мәкемелериниң илимий ҳәм басшы хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў ҳәм оларды материаллық хошаметлеў муғдарларын ҳәм шәртлерин, Орайдың басқа да хызметкерлерине болса Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясына уйымлық қараслы мәкемелер ушын белгиленген мийнетке ҳақы төлеў ҳәм материаллық хошаметлеў шәртлерин енгизиў;
«Жәмийетлик пикир» орайын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қорының қаржылары есабынан тәмийинлеў тәртибин енгизиў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтарын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қорының қаржыларын басқарыў бойынша Парламентлик комиссияға ҳәр жылы «Жәмийетлик пикир» орайының буйыртпаларына бола орайдың ўазыйпаларын әмелге асырыў бойынша илажларды қаржыландырыў ушын зәрүр қаржыларды нәзерде тутыў усыныс етилсин.
«Жәмийетлик пикир» орайы тәрепинен өткерилген социологиялық сораў нәтийжелерин Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ҳәм оның Президиум мәжилислеринде турақлы додалаў ҳәм олар бойынша зәрүр илажлар көриў әмелиятқа енгизилсин.
«Жәмийетлик пикир» орайы тәрепинен өткерилген социологиялық сораў нәтийжелери ғалаба хабар қуралларында, орайлық мәмлекетлик телеканалларда, басылымларда ҳәм Орайдың веб-сайтында турақлы сәўлелендирип барылыўы зәрүрлиги белгиленсин.
Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы «Жәмийетлик пикир» орайы менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте соиологиялық сораўлардың жуўмақларын сәўлелендириў мақсетинде «O‘zbekiston 24» телеканалында турақлы жумыс алып баратуғын «Жәмийетлик пикир» («Общественное мнение») арнаўлы рубрикасы шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин.
2019-2020-жылларда «Жәмийетлик пикир» республикалық жәмийетлик пикирди үйрениў орайын үскенелер, техника ҳәм басқа да қураллар менен тәмийинлеў бағдарламасы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги «Жәмийетлик пикир» орайының тийкарланған есап-санақларына бола оның материаллық-техникалық базасын жақсылаў ушын зәрүр болған үскенелер, техника ҳәм басқа да қуралларды, сондай-ақ, усы Бағдарламада келтирилген сырт ел илимий ҳәм арнаўлы әдебиятларын сатып алыўға қаржы ажыратылыўын тәмийинлесин.
Өзбестан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги еки ай мүддетте Мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў қорының қаржылары есабынан белгиленген тәртипте:
«Жәмийетлик пикир» орайын зәрүр байланыс қураллары, соның ишинде, ҳүкимет байланысы менен, Интернетке кең полосалы жалғаныўды тәмийинлесин және сырт ел экспертлерин тартқан ҳалда видеоәнжуманлар, интернет-форумлар ҳәм телекөпирлерди өткериўде зәрүр техникалық жәрдем көрсетсин;
«Жәмийетлик пикир» орайына телефон ҳәм Интернет тармағы арқалы жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық ҳәм елимиз турмысының басқа да бағдарларына тийисли әҳмийетли мәселелер бойынша халықтың арасында блиц-сораў өткериў ушын сall -орайын шөлкемлестириўде әмелий ҳәм техникалық жәрдем көрсетсин;
«Жәмийетлик пикир» орайының физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын көрип шығыў бойынша мониторинг ҳәм таллаў мақсетинде «Өзбекстан Республикасы Президентиниң Виртуал қабыллаўханасы», «Қоңыраўларды қайта ислеў орайы» (телефон номерлери 10-00, (0800) 210-00-00) ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Халық қабыллаўханаларының мәлимлеме системалары жумысына байланыслы статистикалық ҳәм басқа да мәлимлемелерден пайдаланыўын тәмийинлесин.
Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги сырт ел изертлеў орайлары менен тығыз бирге ислесиў байланысларын жолға қойыўда, заманагөй усыл ҳәм көзқарас тийкарында социологиялық сораўлар өткериўди шөлкемлестириў көнликпелерин арттырыў мақсетинде олардың қәнигели кадрларын тартыўда «Жәмийетлик пикир» орайына жәрдемлессин.
Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги:
2019/2020 оқыў жылынан баслап «Жәмийетлик пикир» орайының буйыртпаларына бола республикадағы жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери тийисли билимлендириў бағдарлары бойынша өндирислик әмелияттан өтиўи ушын усы Орайға турақлы жиберилиўин тәмийинлесин;
республикадағы тийисли жоқары билимлендириў мәкемелери менен биргеликте еки ай мүддетте 2019/2020 оқыў жылынан баслап социология ҳәм социологиялық изертлеўлер кафедраларын ашыўилажлары көрилиўин тәмийинлесин.
«Жәмийетлик пикир» орайы, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы ҳәм «Раўажланыў стратегиясы» орайының Өзбекстан социологлары ассоциациясын шөлкемлестириў және төмендегилерди оның тийкарғы ўазыйпалары етип белгилеў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин:
өз ағзаларының ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин сәўлелендириў және қорғаў;
илимий-изертлеўлер, социаллық нормалар методологиясын жетилистириў бойынша жумысларда, елимиздиң социология жәмийетшилигиниң интеллектуаллық ҳәм илимий-техникалық потенциалын арттырыўға қатнасыў, соның ишинде, социаллық тәжирийбелер өткериў бойынша усыныслар киргизиў;
Өзбекстанда ҳәм сырт елде демографиялық процесслерди үйрениўге ҳәм таллаўға жәрдемлесиў;
социологлар ҳәм басқа да хызметкерлердиң қәнигелигин арттырыў;
жоқары билимлендириў мәкемелериниң оқыў бағдарламаларына социология пәниндеги ең алдынғы жетискенликлерди ҳәм социологиялық изертлеўлерди өткериўдиң инновациялық қатнасларын енгизиў бойынша олар менен бирге ислесиў;
халықаралық ҳәм сырт ел социологлар ассоциациялары менен бирге ислесиў, сапалы социологиялық жумысларды, соның ишинде, сырт елде өткериў мақсетинде консорциум шөлкемлестириў;
Халықаралық социологлар ассоциациясына ағза болыў, пүткилжәҳән социологиялық конгресслерге ҳәм форумларға қатнасыў.
«Жәмийетлик пикир» орайы:
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитети, қаржы, экономика ҳәм санаат, бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары, ишки ислер министрликлери, Мәмлекетлик салық комитети, Мәмлекетлик бажыхана комитети, Бас прокуратурасы, Олий суды, басқа да министрликлер ҳәм уйымлардың статистикалық мағлыўматы;
Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигиниң Ғалаба коммуникациялар мәселелери бойынша орайының бюллетенлери ҳәм күнделикли мағлыўматлар топламы;
сырт ел баспасөз шолыўлары ҳәм илимий-изертлеў институтлары, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги жанындағы Прогнозластырыў ҳәм макроэкономикалық изертлеўлер институты, Қаржы министрлиги жанындағы Бюджет-салық изертлеўлери институтының социаллық-экономикалық тараўға байланыслы таллаў материаллары мәжбүрий жиберилетуғын реестрге киргизилсин.
Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Қаржы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги 2020- ҳәм оннан кейинги жылларға мөлшерленген Өзбекстан Республикасы Инвестициялық бағдарламасын қәлиплестириўде «Жәмийетлик пикир» орайының тийкарланған есап-санақларына бола Орай ҳәм шөлкемлестирилетуғын Өзбекстан социологлары ассоциациясының имаратларында оңлаў-тиклеў жумыслары ҳәм оларды техникалық оқытыў қураллары менен үскенелеў бойынша жойбарлар киргизилиўин белгиленген тәртипте нәзерде тутсын.
Төмендегилерге:
Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы баслығы ўазыйпасын атқарыўшы А.Ж.Хаджаев ҳәм Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги бас директоры А.К.Кўчимовқа – социологиялық сораўлар нәтийжелериниң ғалаба хабар қураллары, орайлық мәмлекетлик телеканаллар ҳәм баспа басылымларда турақлы сәўлелендирилип барылыўы ушын;
министрликлер, уйымлар, басқа да мәмлекетлик уйымлар, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери басшыларына – «Жәмийетлик пикир» орайына оның ўазыйпаларын нәтийжели әмелге асырыўда ҳәр тәреплеме ҳәм толық жәрдемлесиў ушын жеке жуўапкер екени көрсетип өтилсин.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 1997-жыл 25-июньдеги «Ҳуқықый тәрбияны жақсылаў, халықтың ҳуқықый мәденияты дәрежесин арттырыў, ҳуқықтаныўшы кадрларды таярлаў системасын жетилистириў, жәмийетлик пикирди үйрениў жумысын жақсылаў ҳаққында»ғы ПП-1791-санлы Пәрманының 2.1-бәнти өз күшин жойытқан деп есаплансын.
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги:
бир ай мүддетте «Жәмийетлик пикир» орайын усы Пәрманға муўапық оның атамасы өзгертилгени ҳәм әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынғанын есапқа алған ҳалда қайта дизимнен өткерсин;
шөлкемлестирилип атырған Өзбекстан социологлары ассоциациясын белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткерсин, устав уйымларын қәлиплестириўде оған ҳәр тәреплеме жәрдемлессин;
еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усыныслар киргизсин.
Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйи Р.С.Қосимовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы, 2019-жыл 22-февраль
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги