Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ОРАЙЛЫҚ АЗИЯДА БИРГЕ ИСЛЕСИЎ БОЙЫНША ӨЗБЕКСТАН БАСЛАМАЛАРЫ УЛЫЎМА РЕГИОН МӘПЛЕРИНЕ ХЫЗМЕТ ЕТЕДИ
2019-02-20 | Сиясат
Ташкентте 19-февраль күни «Орайлық Азияда өз-ара байланыс: қәўиплер ҳәм жаңа имканиятлар» темасында халықаралық конференция басланды.
Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен белгиленген Өзбекстан Республикасы сыртқы сиясатының тийкарғы әҳмийетли бағдарларын әмелге асырыў шеңберинде өткерилип атырған илаж Сыртқы ислер министрлиги ҳәм БМШтың Орайлық Азияда превентивлик дипломатия бойынша регионаллық орайы менен биргеликте шөлкемлестирилди.
Илажда Аўғанстан, АҚШ, Бельгия, Уллы Британия, Иран, Германия, Грузия, Ҳиндстан, Израиль, Испания, Қазақстан, Канада, Египет, Қытай, Корея, Кувейт, Әзербайжан, Қырғызстан, Латвия, Малайзия, Нидерландия, Пакистан, Польша, Россия, Сауд Арабстаны, Таиланд, Түркия, Венгрия, Украина, Өзбекстан, Финляндия, Франция, Швеция, Япония мәмлекетлериндеги таллаў орайларының 100 ден аслам ўәкиллери қатнаспақта.
Конференцияда Европа Аўқамы, Америка мәмлекетлери шөлкеми, Арктика мәсләҳәтлесиў кеңесиниң регионаллық структуралары, сондай-ақ, Жәҳән банки, Жәҳән саўда шөлкеми, Европа инвестициялық банки ҳәм басқа да халықаралық қаржы институтларынан қатнасыўшылар келген.
Өзбекстанның ишки ҳәм сыртқы сиясатында тынышлық, пайдалы ҳәм исеним руўхындағы шериклик принциплери тийкарғы болып есапланады. Шавкат Мирзиёев Президентлик лаўазымына кирискен дәслепки күнлерден-ақ елимизде өз-ара мәплерди есапқа алыў тийкарында сырт мәмлекетлер, бәринен бурын, қоңсылас еллер менен жақыннан бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылатуғынын атап өткен еди.
Бундай мақсетлер 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында өз көринисин тапқаны мәмлекетимиздиң ашық, дослық ҳәм прагматикалық сиясаттағы исенимли позицияға садықлығын және бир мәрте дәлийллейди. Онда қәўипсизлик, миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейилликти тәмийинлеў, терең ойланған, өз-ара пайдалы ҳәм әмелий руўхтағы сыртқы сиясий жумысты жүргизиў, жақсы қоңсышылық орталығын қәлиплестириў сыяқлы мәселелер тийкарғы бағдарлар сыпатында белгиленген.
Өткен қысқа ўақытта регион мәмлекетлери арасында исеним дәрежеси сезилерли артты. Қоңсы мәмлекетлерге сапарлар, Қазақстан, Қырғызстан, Түркменстан, Тәжикстан ҳәм Аўғанстан Президентлериниң елимизге сапар етиўлери нәтийжесинде регионда саўда байланыслары жеделлести, регионлараралық бирге ислесиў бойынша пайдалы шешимлер табылып, транспорт коммуникациялары имканиятларын муўапықластырыў, Мәмлекетлик шегараларды демаркациялаў ҳәм демилитациялаў етиў бойынша сөйлесиўлер жеделлести.
Самарқандта 2017-жылдың июнь айында өткерилген «Орайлық Азия: бирден-бир тәрийх ҳәм улыўма келешек, турақлы раўажланыў жолындағы бирге ислесиў» темасындағы жоқары дәрежедеги халықаралық конференция нәтийжесинде 2018-жыл 22-июнь күни БМШ Бас Ассамблеясының жалпы мәжилисинде «Орайлық Азия регионында тынышлықты, турақлылықты ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеў бойынша регионаллық ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў» резолюциясы қабыл етилди. Бул Орайлық Азия мәмлекетлериниң қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм регионаллық бирге ислесиўди беккемлеўде исенимли көз қарасларға ийе екенлигин және бир мәрте тастыйықлайды.
Орайлық Азия энергия ҳәм минерал ресурсларға бай, мәдений-гуманитарлық ҳәм үлкен инсан капиталына ийе. Соның менен бирге, регион ушын халықаралық терроризм, экстремизм ҳәм нәшебентлик затлар саўдасының қәўпи бар. Көп жыллардан берли Аўғанстанда даўам етип атырған қарама-қарсылықлар заманымыздың қыйын машқалаларынан бири болып қалмақта. Аўғанстанда тынышлыққа ерисиў болса Орайлық Азияда турақлы раўажланыўды тәмийилеўдиң әҳмийетли шәрти болып табылады.
Усы мәнисте, бүгин Өзбекстан Аўғанстандағы қарама-қарсылықты шешиўдеги халықаралық ис-ҳәрекетлердиң сезилерли күшейгенин қанаатланыўшылық пенен атап өткен ҳалда, жақын қоңсы мәмлекетти регионаллық саўда-экономикалық инфраструктура жойбарларына тартыўға қаратылған умтылысларды даўам еттирмекте.
Бүгинги күнде Президент Шавкат Мирзиёевтиң Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының мәсләҳәтлесиўлерин турақлы өткериў басламасы региондағы барлық мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлер тәрепинен айрықша қоллап-қуўатланбақта.
Мәмлекетимиз басшысы Астанада өткен усы форматтағы дәслепки ушырасыўда сөйлеген сөзинде ең әҳмийетли халықаралық және регионаллық мәселелер бойынша кеңнен пикир алысыў, олар бойынша улыўма позицияны келисип алыў зәрүрлилигин усынды. «Орайлық Азияда қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў тараўында нәтийжели регионаллық бирге ислесиўди кеңейтиў ушын жаңа резерв ҳәм әмелий механизмлерди излеў керек», деп атап өткен еди мәмлекетимиз басшысы.
«Орайлық Азияда өз-ара байланыс: қәўиплер ҳәм жаңа имканиятлар» темасында өткерилип атырған халықаралық конференция усы бағдардағы әҳмийетли мәселелерди додалаў, улыўма көзқарасларды ислеп шығыў ҳәм перспективадағы ўазыйпаларды белгилеп алыўда үлкен әҳмийетке ийе болып табылады.
Президентимиздиң басламасы менен шөлкемлестирилген бул конференция регион ҳәм дүньяның бир қатар мәмлекетлери, халықаралық шөлкемлер тәрепинен қоллап-қуўатланды.
Конференция ашылыўында шығып сөйлеген Өзбекстан Республикасының сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов, БМШ бас хаткериниң арнаўлы ўәкили, Орайлық Азияда превентивлик дипломатия бойынша регионаллық орайының баслығы Наталья Герман соңғы жылларда Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының сиясий күши себепли саўда-экономикалық, социаллық-гуманитарлық, инвестициялық қатнасықларда унамлы динамика бақланып атырғанын, бул болса дүньядағы социаллық-экономикалық раўажланыўға тиккелей тәсир ететуғынын атап өтти.
Қырғызстан Республикасы стратегиялық изертлеўлер миллий институты директоры Куванчбек Шадибеков Президент Шавкат Мирзиёевтиң өз-ара пайдалы келисимлерди әмелге асырыў басламалары регион мәмлекетлери арасындағы исенимди беккемлеп, халықларымыздың турмыс дәрежесин жақсылаў ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўге хызмет етип атырғанын атап өтти.
Қазақстан Республикасы Президенти жанындағы Қазақстан стратегиялық изертлеўлер институты директорының орынбасары Санат Кушкумбаев тарийхый, географиялық, экономикалық, демографиялық жақтан Орайлық Азия орайында жайласқан Өзбекстанның ис-ҳәрекетлери себепли шегара, саўда, энергетика, суў ресурслары бойынша жедел сөйлесиўлер алып барылып атырғанлығын атап өтти.
Тәжикстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық изертлеўлер орайы директорының орынбасары Парвиз Муҳаммадзода Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен өткерилип атырған бул халықаралық конференция оғада әҳмийетли мәселелерге қаратылғанын ҳәм өз ўақтында алға қойылғанын атап өтти.
Түркменстан Қаржы ҳәм экономика министрлигиниң ўәкили Искандер Оразов конференция ҳәр тәреплеме пикир алысыў, өз-ара муўапық көзқарасларды ислеп шығыў ҳәм регионаллық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў ушын қолайлы имканият екенин билдирди. Илаждың регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў бойынша әҳмийетин жоқары баҳалады.
Аўғанстан Ислам Республикасы Президентиниң Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили офиси қәнигеси Фавзия Арал Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Орайлық Азия ҳәм Аўғанстан арасындағы дипломатиялық қатнасықларды жеделлестириў, Аўғанстанда тынышлық орнатыў ҳәм экономикалық раўажланыўға ерисиў бойынша умтылыслары өз нәтийжелерин берип атырғанын атап өтти. Бүгинги кең көлемли конференция да тәреплердиң барлық бағдарлардағы бирге ислесиўин жоқары басқышқа алып шығыўда және бир әҳмийетли қәдем екенин атап өтти.
Халықаралық конференция сектор мәжилислеринде даўам етти. Онда саўда, экономика, транспорт-коммуникация, қәўипсизлик, экология, энергетика. туризм тараўларында байланысларды беккемлеў мәселелери додаланды. Билимлендириў, илим бағдарларындағы бирге ислесиў бойынша пикир алысылды, алға қойылған әҳмийетли басламалар кеңнен додаланды.
Орайлық Азияда саўда-экономикалық бирге ислесиўди буннан былай да тереңлестириў регионда еркин саўда тәртибин нәтийжели енгизиў, бажыхана ҳәм шегара тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыўға тиккелей байланыслы екени атап өтилди.
Конференция қатнасыўшылары регион мәмлекетлериниң исеним руўхындағы мәсләҳәтлесиўлерин унамлы баҳалап, бул жумысларды даўам еттириў саўда, экономика, транспорт, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге хызмет ететуғынын атап өтти.
Арал апатшылығының ақыбетлерин сапластырыўда баслаўшысы Өзбекстан тәрепи болған БМШтың Аралбойы аймағы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарында Траст фонды имканияларынан нәтийжели пайдаланыў, Аўғанстанда тынышлық орнатыў, социаллық-экономикалық инфраструктураны тиклеў бойынша пикир алысылды.
Регион мәмлекетлериниң теңиз портларына ҳәм халықаралық базарларға шығыў имканиятын беретуғын транспорт және логистика системаларын жаратыў, бар туристлик имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў есабынан туризм тараўының экономикадағы үлесин арттырып барыў мәселелерине де итибар қаратылды.
Конференцияның биринши күнинде «Саўда-экономикалық тараўлардағы бирге ислесиў», «Регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў», «Экология ҳәм энергетика, суўдан ақылға уғрас пайдаланыў», «Туризм, мәдений-гуманитарлық тараўлардағы қатнасықлар» темаларында сектор мәжилислери өткерилди. Мәмлекетимиздиң және сырт ел илимпазларының, абырайлы экспертлердиң аналитикалық баянатлары тыңланды ҳәм додаланды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги