Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
КАНАДА КОМПАНИЯСЫ ӨЗБЕКСТАНҒА ӨЗ ХЫЗМЕТЛЕРИН УСЫНБАҚТА
2019-02-13 | Технологиялар
Инновациялық раўажланыў министрлигинде Канаданың «Blockfusion» компаниясының ўәкиллери Алекс Мартини-Ло Манто, Жордан Окслей, Кант Триведи менен ушырасыў болып өтти.
Мийманлар «Blockfusion» блокчейнлер инфраструктурасын жарататуғын дүньядағы ең ири компаниялардан бири екени, криптографияны ғалаба енгизиўди хошаметлеў мақсетинде криптохызметлер комплексин усынатуғын жаңа жойбарларды киргизиў менен шуғыллатуғыны ҳаққында айтты. Сөйлесиў даўамында Өзбекстанға жоқары технологияларды енгизиў, соның ишинде, қуяш батареялары ҳәм панеллери, жоқары тезликтеги 5G байланыс пенен тәмиийнлеў мәселелери додаланды.
Тәреплер компания өнимлери ҳаққында толық мағлыўматлар усынылғаннан кейин сөйлесиўлерди даўам еттириўге келисип алды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги