Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ӨЗБЕКСТАН – ГЕРМАНИЯ: МӘДЕНИЙ-ГУМАНИТАРЛЫҚ БИРГЕ ИСЛЕСИЎ ПЕРСПЕКТИВАЛАРЫ
2019-02-11 | Мәденият
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт еллер менен дослық байланыслары комитетинде 8-февраль күни «Өзбекстан – Германия мәдений гуманитарлық бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери» темасында дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди.
Оған тийисли министрликлер ҳәм уйымлар, Германия Федеративлик Республикасының Өзбекстандағы елшиханасы, Конрад Аденауэр ҳәм Фридрих Эберт атындағы қорлардың елимиздеги ўәкилханаларының ўәкиллери қатнасты.
Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт еллер менен дослық байланыслары комитети баслығының орынбасары К.Эшонхўжаев, Германия Федеративлик Республикасының елимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Г.Оверфельд ҳәм басқалар Президент Шавкат Мирзиёевтиң Германияға сапары еллеримиз арасындағы мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шыққанын атап өтти.
– Өзбекстан менен Германия арасында илим ҳәм билимлендириў тараўындағы бирге ислесиў узақ жыллық тарийхқа ийе, – деди Германия Федеративлик Республикасының елимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Гюнтер Оверфельд. – Кейинги ўақытларда илим, мәденият, жоқары билимлендириў, улыўма орта билимлендириў ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи, тил үйрениў, мәдений естеликлер ҳәм қәдриятларды тиклеў сыяқлы бағдарларда еки тәреплеме байланыслар жедел раўажланбақта.
Дөгерек сәўбетинде мектеп билимлендириўинде немис технологияларынан нәтийжели пайдаланыў, соның ишинде, «Мектеплер: келешек шериклери» (PASCH) басламасын әмелге асырыў, еки халық арасында мәдений байланысларды кеңейтиўдиң перспективалары бойынша да пикир алысылды.
Бүгинги күнде елимизде 19 мыңға шамалас студент немис тилин үйренбекте. Улыўма билимлендириў мектеплеринде жумыс алып барып атырған немис тили оқытыўшылары 3 мыңнан зыят. 800 ден аслам өзбекстанлы студент ҳәм илимий изертлеўши Германия жоқары билимлендириў мәкемелеринде билим алмақта. Алдыңғы сырт ел тәжирийбесин үйрениў, ҳәр қыйлы тараўдағы заманагөй технологияларды Өзбекстанда енгизиўди өз ишине алатуғын усындай имканиятлар тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте Германия академиялық алмасыўлар хызмети, Ташкенттеги Гёте институты, Конрад Аденауэр ҳәм Фридрих Эберт атындағы қорлардың ўәкилханалары, Немис халық университетлери ассоциациясының халықаралық бирге ислесиў бойынша институты шөлкемлери тәрепинен жаратылмақта.
Өзбекстанда жасайтуғын немис миллетиндеги пуқаралардың «Видергебурт» мәденият орайы, Самарқанд, Бухара ҳәм Ферғана ўәлаятларындағы немис мәденият орайлары да мәдений-гуманитарлық тараўдағы байланысларды беккемлеўге хызмет етпекте.
Сөйлесиўде тәреплер Өзбекстан – Германия мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўиниң перспективалары бойынша өз пикир-усынысларын билдирди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги