Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ЖАЎЫНГЕР-ВЕТЕРАНЛАРҒА ҲҮРМЕТ КӨРСЕТИЛДИ
2019-02-01 | Жәмийет
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 24-январьдағы бийлиги менен Өзбекстан «Veteran» жаўынгер-ветеран ҳәм майыплар бирлеспеси дүзилгениниң 25 жыллығы мәмлекетимизде кең белгиленбекте.
Аўғаныстан ҳәм басқа шегара аймақларында хызмет еткен 65 мыңға шамалас жаўынгер-ветеранлар, урыс майыплары, қаза тапқан жаўынгерлердиң шаңарақ ағзаларын социаллық ҳәм ҳуқықый жақтан қорғаў, денсаўлығын қайта тиклеўге көмеклесиў мақсетинде 1994-жылдың 2-февраль күни Өзбекстан «Veteran» жаўынгер-ветеран ҳәм майыплар бирлеспеси дүзилген еди.
Бирлеспе жаўынгер-ветеранларды жумысқа жайластырыў, турақ-жай масәлесин шешиў менен байланыслы мақсетли бағдарламаларды әмелге асырады. Жас әўладты әскерий хызметке таярлаўға жәрдемлеседи. Өз гезегинде, жаўынгер-ветеранлар ҳәм урыс майыпларындағы жарақатлар байланыслы руўхый өзгерислерди жоқ етиўши түрли тиклеў орайларын шөлкемлестириў, оны раўажландырыўды мақсет еткен.
Шөлкемниң белсенди позициясы тек ғана Өзбекстанда емес, ал сырт елде де тән алынады. Бирлеспе ҳәзирги ўақытта ҒМДА Ҳүкимет басшыларының кеңеси жанындағы Жаўынгер-интернационалистлер ислери бойынша комитетиниң муўапықластырыўшы кеңеси, «Боевое Братство» халықаралық аўқамның жоқары кеңеси, «World Veterans Federation» (Париж) халықаралық ветаранлар федерациясы ҳәм БМШ экономикалық ҳәм социаллық кеңесиниң ағзасы болып саналады.
Бул шөлкемниң басламасы менен бес мыңнан аслам ул-қызлардың руўхый-ағартыўшылық ҳәм мәдений билимлерин асырыўға қаратылған 40 тан аслам әскерий спорт, ўатансүйиўшилик дөгереклери ҳәм топарлары дүзилди. 2001-2004-жыллары Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик шегараларды қорғаўшы комитетиниң Бостанлық районындағы оқыў базасында «Жас шегарашы», «Ўатан қорғаўшысы» әскерий-спорт саламатластырыў лагерьлери дүзилди. Бул лагерьлерде мәмлекетимиз көлеминде еки мыңға шамалас балалар ҳәм өспиримлер ўатансүйиўшилик темасындағы шынығыўларда тарбияланып, басланғыш әскерий таярлық бағдарында республика спартакиадаларында қатнасты.
Шөлкем тәрепинен 2010-жылдан берли «TURON PATRIOT» мәмлекетлик емес билимлендириў орынларда әскерий-спорт топарлары ҳәм әскерий-ўатансүйиўшилик дөгереклери Ташкент, Бухара, Қоқан, Наманган ҳәм Термиз қалаларының бир неше мектеплери жананында жумыс ислеп келмекте. Бунда жәми 600 ден аслам жаслар билим алмақта.
Өткен дәўир ишинде жаўынгер-ветеренлар, урыс майыплары, ҳәм қаза тапқан жаўынгерлердиң шаңарақ ағзаларын социаллық-ҳәм ҳуқықый тәрептен қорғаў, денсаўлығын қайта тиклеўде жәрдем бериў бойынша үлкен жумыслар исленди. Сондай-ақ, санаторийларда емлениў ҳәм денсаўлығын тиклеў ушын жаўынгер-ветеранларға, қаза тапқанлардың шаңарақ ағзаларына 600 ден аслам жолланба алыўға жәрдем көрсетилди. Майыплығы болған 15 шахсқа протезлер алыўда жәрдем берилип және 17 майыплар арбашасы тапсырылды. Бирлеспе ҳәм ҒМДА Ҳүкимет басшылары кеңесиниң ҳәрекети менен биринши топар майыплары Шониёз Мавлонов, Гулмирза Шеранов ҳәм Алижон Шокировқа жеңил автомашина саўға етилди. Сондай-ақ, қаза тапқанлардың естелигине хүрмет көрсетиў бойынша да ийгиликли жумыслар алып барылмақта. Сонын ишинде, жаўынгер әскерий ҳәрекетлерде, Өзбекстан Республикасының конститутциялық дүзимин ҳәм ғарезсизлигин қорғаўда қаза тапқан әскерлердиң қойымшылықларын абаданластырыў, оларға бағышлап орнатылған ҳәйкел, естеликлерин тәртипке салыў бойынша әмелий ислер алып барылмақта.
Жаўынгер-ветеранлар ҳәм қаза тапқан әскерлердин шаңарақ ағзалары жасап атырған үй дәрўазасына «Бул жерде урыс ветераны, интернационалист жаўынгер Р.Пардаев жасайды» ҳәм «Бул жерде қаза тапқан әскер А.Исмоиловтың шаңарақ ағзалары жасайды» деген сыяқлы мемориал тахта орнатылмақта.
Салтанатлы илажға қатнасыў ушын Россия Федерациясы, ҒМДА мәмлекетлеринен мийманлар келди Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери академиясы ҳәм мәмлекетлик музейде болды.
ҒМДА Ҳүкимет басшылары кеңеси жанындағы Жаўынгер-интернационалистлердиң жумыслары бойынша комитетиниң муўапықластырыўшы кеңесиниң мәжилиси өткерилди. Онда кеңестиң өткен жылғы исленген жумыслары бойынша есабаты тыңланды, келешектеги жумысы додаланды.
– Биз медициналық-социаллық бағдар, ветеран-жаўынгердиң өмирин жақсылаў, жергиликли келиспеўшиликлердиң алдын алыў ҳәм ең тийкарғысы, Өзбекстан тәжирийбесин басқа мәмлекетлерде қолланыўға келисип алдық, – деди ҒМДА Ҳүкимет басшылары кеңеси жанындағы жаўынгер-интернационалистлер ислери бойынша комитетиниң баслығы Александр Ковалев. – Усы мақсетте басқа да мәмлекетлерде жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўға үлкен итибар қаратамыз. 2017-жылы Өзбекстанға келген едим. Арадан бар-жоғы еки жыл өтип, барлық тараўларда үлкен өзгерислерге ерисипсиз. Бир ғана Аўған урысы қатнасыўшыларының денсаўлығын тиклеў, шаңарақ ағзаларына материаллық жәрдем бериў және оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланыўы бизди қуўандырды.
Өзбекстан «Veteran» жаўынгер-ветеран ҳәм майыплар бирлеспеси дүзилгениниң 25 жыллығының салтанатлы илажлары даўам етпекте.
2-февраль күни илаж қатнсыўшыларының Ғарезсизлик майданындағы Ҳәсиретли ана естелигине гүл қойыў режелестирилген. Жаўынгер-ветеранлар жаратқан буйымлар көргизбеси ҳәм «Туркстан» көркем өнер сарайында концерт бериледи.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги