Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ТАШКЕНТТЕ ШБШ ХАЛЫҚ ДИПЛОМАТИЯСЫНЫҢ ОРАЙЫ ЖУМЫС БАСЛАДЫ

2019-01-30 | ШБШ

Мәмлекетлер ҳәм халықлар арасында өз-ара исеним, жақсы қонсышылық байланысларының даўамлы болыўы дүньяда сиясий, социаллық-экономикалық, сондай-ақ, мәдений-гуманитар тараўлардағы бирге ислесиў ушын жол ашады. Бундай мақсетлерге ерисиўде бүгин халық дипломатиясы механизмлери жетекши орын ийелейди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2017-жыл 8-9-июнь күнлери Астана қаласында болып өткен ШБШ саммитинде шөлкем орайлары – халық дипломатиясының турақлы жумыс алып барыўшы институтларын шөлкемлестириў имканиятларын көрип шығыў басламасын алға қойды. Усы баслама шеңберинде Өзбекстанда Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Халық дипломатиясы орайы дүзилди.

Усы орайдың жумыс баслаўы мүнәсебети менен оның жумыс бағдарлары, мақсет ҳәм ўазыйпаларына бағышланған брифинг өткерилди.

Әнжуманда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалары, Нызамшылық палатасының депутатлары, министрликлер ҳәм уйымлар, дипломатиялық корпус, халықаралық шөлкемлер, пуқаралық жәмийетиниң институтлары, ҒХҚ ўәкиллери қатнасты.

Олий Мажлис Сенаты Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев, ШБШ Халық дипломатиясы орайының директоры Рахматулла Назаров, Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт ел мәмлекетлери менен дослық байланыслары комитетиниң баслығы Рустам Қурбонов орайдың жумыс бағдарлары ҳаққында сөз етти.

ШБШ Бас хаткери Владимир Норовтың илаж қатнасыўшыларына жоллаған мүрәжаты тыңланды.

Бул орайдың Өзбекстанда жумыс баслаўы елимиздиң ШБШға ағза мәмлекетлер менен байланысларды буннан былай да беккемлеўде халық дипломатиясы механизмлеринен нәтийжели пайдаланыў тәрепдары екенин және бир рет тастыйықлайды.

Атап өтилгениндей, дүньяда глобалласыў ҳәм интеграция процеси күшейип баратырған бир шараятда халық дипломатиясы халықаралық қатнасықлардың тийкарғы ҳәм ажыралмас бир бөлегине айланып бармақта. Жәмийетлик шөлкемлер ҳәм бирлеспелердиң жумысын, халықаралық ҳүкиметлик емес шөлкемлердиң бирге ислесиўин күшейтиў бойынша басламалары мәмлекетлер арасында барлық дәрежедеги қатнасықларды раўажландырыўға имканият жаратады. Усы мәнисте, халық дипломатиясы механизмлеринен пайдаланыў арқалы ШБШ шеңберинде өз-ара исеним ҳәм жақын шериклик руўхын беккемлеў мақсет етилген.

– ШБШ шеңбериндеги бирге ислесиў түрли тараўларда жедел раўажланып келмекте, – дейди Россия Федерациясының мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Владимир Тюрденев. – Структура мәмлекетлериниң бирге ислесиўиниң перспективалы идеяларын жүзеге шығарыўға уқыплы кадрлардың жаңа әўлады жетисип шықпақта. Глобалласыў әсиринде жәмийетлераралық пикирлесиўди жеделлестириўге ҳәр қашанғыдан көре көбирек зәрүрлик туўылмақта. Халық дипломатиясы болса түрли мәдениятлар арасындағы бирге ислесиўди жолға қойыў, халықлар тәрепинен жаратылған әсирлик цивилизация нәтийжелерин кеңнен үгит-нәсиятлаўда сиясий дипломатиядан көре тәсирли күшке ийе. Өзбекстанда жумысын баслаған Халық дипломатиясы орайы болса ШБШ шеңберинде дәслепки әне усындай система сыпатында итибарға илайық. Орай жумысын шөлкемлестириў сыяқлы ийгиликли мақсетлерди жүзеге шығарыўда тийкарғы фактор болады.

Бүгинги күнде мәмлекетимиздеги бир қатар мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер орайдың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў жумысларына жәрдемлеспекте. Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт ел мәмлекетлери менен дослық байланыслары комитети, Сыртқы ислер, Мәденият, Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Илимлер академиясы, Көркем өнер академиясы, Жаслар аўқамы, Журналистлер дөретиўшилик аўқамы, Жазыўшылар аўқамының орай шөлкемлестириўшилери екени пикиримизге мысал бола алады.

Орай өз жумысын шөлкемлестириўде ШБШға ағза мәмлекетлер менен мәдений-гуманитар байланысларды кеңейт иў, делегациялардың өз-ара сапарларын шөлкемлестириў, пуқаралық жәмийети институтлары, сондай-ақ, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар шөлкемлери арасында дослық бирге ислесиў орталығын енгизиў ушын зәрүр шараятлар жаратыўға итибар қаратады. Халықлардың бай тарийхы, мәдений мийрасы, дәстүрлерин қәстерлеп сақлаўы мәлимлеме ресурсларын қәлиплестириў бойынша ғалаба хабар қураллары менен жақыннан бирге ислеседи. Түрли бағдарда мәлимлеме-таллаў материаллары таярланып, оларды үзликсиз басып шығарады.

Илажда ШБШ Халық дипломатиясы орайының ўазыйпалары, жумыс бағдарлары, усы жылғы режелерин таныстырыў болып өтти.

Әнжуман шеңберинде Өзбекстанда шөлкемлестирилген ШБШ Халық дипломатиясы орайы менен «Раўажланыў стратегиясы» орайы ҳәм ЕҚБШның Өзбекстандағы ўәкилханасы арасында бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумларға қол қойылды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться