Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

БРИТАНИЯЛЫ ЭКСПЕРТЛЕР ӨЗБЕКСТАНЛЫ БАСШЫ ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРДЫҢ ТӘЖИРИЙБЕСИН ҮЙРЕНБЕКТЕ

2019-01-29 | Жәмийет

Ташкентте Британия Кеңесиниң ҳаял-қызларда жетекшилик қәбилетин арттырыў, бул ушын қолда бар имканиятларды көрип шығыў ҳәм халықаралық тәжирийбени үйрениўди нәзерде тутатуғын бағдарлама шеңберинде үш күнлик семинар-тренинг басланды.

Семинар-тренингтиң дәслепки илажы «Бүгинги жетекшилик: басшы ҳаял-қызлар ушын жаңа имканиятлар» темасында шөлкемлестирилди. Онда мәмлекетимиздиң жоқары билимлендириў системасында басшы лаўазымларында жумыс алып барып атырған ҳаял-қызлар, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары, Ҳаял-қызлар комитети, «Оила» илимий-әмелий изертлеў орайы ҳәм Уллы Британияның «Advance HE» коммерциялық емес шөлкеминиң ўәкиллери қатнасты.

Дөгерек сәўбетинде Уллы Британия ҳәм Арқа Ирландия Бирлескен Патшалығының Өзбекстандағы елшиханасының ўәкили Дэвид Спайерс мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың белсендилигин арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар Уллы Британия Кеңеси тәрепинен қоллап-қуўатланатуғынын атап өтти. «Advance HE» атқарыўшы директоры Алисон Жонс ҳәм басқа да экспертлер Өзбекстанның жоқары билимлендириў тараўында жумыс ислеп атырған басшы ҳаял-қызлардың тәжирийбеси, басламалары ҳәм умтылыслары менен қызықты.

«Advance HE» Уллы Британияның дерлик барлық жоқары оқыў билимлендириў мәкемелери ҳәм Австралияның 50 процент университетлерин қамтып алған болып, шөлкем жоқары билимлендириў тараўында билимлендириў процесин жетилистириў ҳәм басқарыў, сондай-ақ, тең ҳуқықлылық ҳәм ҳәр түрлиликти тәмийинлеў жумысларын алып бармақта.

Семинар-тренинг шеңберинде билимлендириў тараўында ҳаял-қызлардың жетекшилиги мәселелерине бағышланған жалпы додалаў да өткерилди. Оған Өзбекстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Танзила Норбаева қатнасты.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться