Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Шавкат Мирзиёев: Қаншелли көп билимли болсақ, соншелли қүдиретли боламыз

2019-01-21 | Сиясат

Германияда оқып атырған, илимий излениўлер алып барып атырған бир топар өзбекстанлы жаслар Берлин қаласында Президент Шавкат Мирзиёевти үлкен қуўаныш пенен күтип алды. Бул ҳаққында президенттиң баспасөз хызмети хабар бермекте.

Мәмлекетимиз делегациясы жайласқан резиденция алдында өз-ара ашық сәўбет болып өтти.

Елимиз басшысы ўатанласларымыздың оқыў ҳәм жумыслары, арзыў-тилеклери менен қызықты.

– Раўажланған мәмлекетлер барлық тараўларда илимий қатнас жасап нәтийжеге ерискен. Бизлер де жүдә үлкен излениўдемиз. Пүткил ҳәрекетлеримиз дүнья менен тең болыўға, халқымызға мүнәсип турмыс жаратыўға қаратылған. Реформаларды сиздей алдыңғы жаслар менен бирге әмелге асырамыз. Барлық үйренген билим, “ноу-хау”ларды Өзбекстанның ҳәр бир тараўы ынтықлык пенен күтпекте. Қаншелли көп билимли болсақ, соншелли қүдиретли боламыз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Президент жасларды оқыў ҳәм изленислерди табыслы жуўмақлап, билим ҳәм тәжирийбелерин елимиздиң раўажланыўына бағдарлаўды усыныс етти.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться