Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Пахтаның жаңа сорты жаратылды
2019-01-17 | Илим
Хорезм Мамун академиясының селекционер илимпазлары тәрепинен жүргизилген илимий изертлеўлер нәтийжесинде пахтаның жаңа – «Нийет» сорты жаратылды.
Мағлыўматларға қарағанда, бул сорт талшығының технологиялық көрсеткишлери Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша қадағалаў инспекциясы қасындағы «Агросанаат комплексинде хызмет көрсетиў орайы» унитар кәрханасының лабораториясында анализленген.
Лабораторияға 2018-жылы жетистирилген пахта өниминен талшық үлгилери жеткерип берилди. Пахта талшығының үлгилериның сапалық көрсеткишлери лабораторияда HVI системасы арқалы сынақтан өткерилген.
Анализлердиң көрсетиўинше, бул жаратылған жаңа сортлар талшығының сапасы оған санаатлық өндирис тәрепинен қойылған талапларға жуўап береди. «Нийет» пахта сортын 2019-жылы Хорезм ўәлаятының айрым районларында сынақ тәризинде егиўге рухсат берилди.
Интеллектуаллық мүлк агентлиги тәрепинен Маман академиясына өсимлик сорты ушын патент берилди, бул сорт авторлары Д.Аккужин, Ш.Қодиров, И.Абдуллаев, Ф.Жуманиёзов, У.Абдураҳимов, Р.Машарипова, Б.Ўриновлардан ибарат.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги