Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Шавкат Мирзиёев: Адамлар заманагөй шараятқа ийе үйлерде жасаўы керек

2019-01-11 | Сиясат

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев Самарқанд қаласы Қарасуў массивинде қурылып атырған заманагөй елатлы массивти барып көрди.

Президентимиз елимиз аймақларына сапар етиўлери ўақтында ең әҳмийетли социаллық-экономикалық мәселелер қатарында халық ушын қолайлы жасаў шараятын жаратыўға айрықша итибар қаратады. Самарқанд ўәлаятында да соңғы жылларда бул бағдарда салмақлы жумыслар исленбекте.

Атап айтқанда, Самарқанд қаласы халқының турақ жайға зәрүрлиги жоқарылығын инабатқа алып, 2018-жылғы бағдарламаға қосымша түрде көп қабатлы арзан жайлар қурыў киргизилген еди. Соған муўапық, Самарқанд районы Қарасуў массивинен Самарқанд қаласы ушын 50 гектарға шамалас жер ажыратылып, кең көлемли дөретиўшилик-абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды.

2018-жылдың өзинде «Ўзшаҳарқурилишинвест» инжиниринг компаниясы буйыртпасы тийкарында жәми 1 мың 344 шаңарақтан ибарат 32 7 қабатлы көп қабатлы арзан жай қурылды. Буннан тысқары, «Қишлоқ қурилиш инвест» инжиниринг компаниясы тәрепинен Қорғаныў, Ишки ислер, Айрықша жағдайлар министрликлери, Миллий гвардия хызметкерлери ҳәм жас шаңарақларға мөлшерленген 5 қабатлы 12 турақ жай қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.

Соның менен бирге, аймақта жеке меншик бақша, қалалық ишки ислер бөлими, саўда ҳәм турмыслық хызмет комплекси, «Регистан» супермаркети қурып питкерилди. 540 орынлық улыўма билимлендириў мектебиниң қурылысы жуўмақланбақта.

Усы тәризде бул жерде қысқа пурсатта заманагөй елатлы массив бой тикледи. Жаңа жайларда адамлардың турмыстан разы болып жасаўы ушын барлық қолайлықлар итибарға алынған. Ҳәр бир шаңарақ индивидуал жылытыў қазанлары менен тәмийинленген. Жайлардың алдында балалар ойын майданшалары қурылған.

Мәмлекетимиз басшысы Жасур Турсунқулов ҳәм Жамшид Каттақуловлардың шаңарақлары көшип барған жаңа квартираларды кирип көрди, үй ийелери менен сәўбетлести. Халықты арзан турақ жай менен тәмийинлеўге итибар буннан кейин де күшейтилетуғынын атап өтти.

Усы жерде Қарасуў массивинде 2019-жылы пайдаланыўға тапсырылатуғын жайлардың жойбарлары, соның ишинде, «Агромир билдингс» компаниясы тәрепинен Түркияның заманагөй технологиясы тийкарында монолит усылында қурылып атырған көп қабатлы турақ жайлардың презентациясы өткерилди. Бул жайлардың абзаллығы тез ҳәм сапалы қурылады. Мәселен, 16 қабатлы жайды бир айда қурып питкериў мүмкин, жер силкиниўге шыдамлылығы да жоқары.

Быйылғы жылда «Ўзшаҳарқурилишинвест» инжиниринг компаниясы тәрепинен жаңа массивте 7 қабатлы 12, «Қишлоқ қурилиш инвест» инжиниринг компаниясының буйыртпасына муўапық 7 жайдың қурылысы жедел алып барылмақта.

Президентимиз усы жайларды тез мүддетте қурып питкерип, адамларды үйретиў кереклигин атап өтти.

-Самарқанд туризм орайы болыўы керек. Соның ушын бул жерде көп қабатлы жайлардың қурылысын көбейтемиз. Қала орайында ең заманагөй талапларға жуўап беретуғын жайлар қурылып, халықты тәмийинлеймиз. Жайлар менен бирге инженерлик системалары, инфраструктуралар да раўажландырылады. Жайларды қурыўдан алдын оның ийеси, қайсы қабатта, неше бөлмели жайда жасаўына шекем анық болыўы зәрүр,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Самарқанд сейсмикалық жақтан да қолайлы аймақта жайласқаны себепли келешекте ўәлаяттың Каттақорған, Ургут, Пахтачи, Нарпай, Қушработ районлары орайларында да көп қабатлы жайлардың қурылыўы зәрүрлиги атап өтилди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться