Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ИНВЕСТИЦИЯЛЫҚ ЖОЙБАРЛАРДЫ ИСЛЕП ШЫҒЫЎ ҲӘМ ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЎ БОЙЫНША ТИЙКАРҒЫ ЎАЗЫЙПАЛАР БЕЛГИЛЕНДИ
2019-01-09 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 8-январь күни быйылғы жылғы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўды жеделлестириў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.
Онда ҳүкимет ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, мәмлекетимиздиң сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалары басшылары қатнасты.
Жедел инвестициялық сиясат турақлы экономикалық раўажланыўға ерисиўдиң ең әҳмийетли шәртлеринен бири болып табылады. Сонлықтан мәмлекетимиз басшысының басламасы менен 2019-жыл елимизде «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы», деп жәрияланды.
2019-жылғы Инвестициялық бағдарламаға 16,6 миллиард долларлық 3 мыңнан зыят жойбар киргизилген. Бул 2018-жылға салыстырғанда 16 процент көп. Соның ишинде, быйылғы жылғы Инвестициялық бағдарлама шеңберинде улыўма нырқы 3,2 миллиард доллар болған 140 өндирис қуўатлылығын пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген.
Видеоселектор мәжилисинде усы ири ҳәм әҳмийетли жойбарларды өз мүддетинде ҳәм сапалы әмелге асырыў мәселелери додаланды.
Атап өтилгениндей, сырт мәмлекетлер ҳәм инвесторлар менен жедел жумыс алып барылып атырғаны жәми инвестициялардың 25 процентин тиккелей сырт ел инвестициялары қурамақта. Атап айтқанда, быйылғы жылда тиккелей сырт ел инвестициялары қатнасындағы 320 жойбар шеңберинде 4,2 миллиард доллар өзлестирилиўи нәзерде тутылған.
Президент тиккелей сырт ел инвестициялары қатнасындағы жойбарларды сөзсиз әмелге асырыў, сырт ел инвесторларына ҳәр тәреплеме жәрдем бериў ҳүкиметтиң ең әҳмийетли ўазыйпасы болыўы кереклигин атап өтти. Инвестициялардың тийкарғы бөлегин өзлестириўди жылдың соңғы айларына созыў әмелиятына шек қойып, барлық тармақлар ҳәм аймақларда буны биринши ярым жыллықта кеминде 35 процентке, тоғыз айлықта 70 процентке жеткериў зәрүрлиги атап өтилди.
Бул бағдардағы ўазыйпалар Министрлер Кабинети комплекслери бойынша талланды. Сырт ел инвестицияларының үлеси өткен жылға салыстырғанда азайған тараў ҳәм тармақлар көрсетип өтилди. Жыл ақырына шекем қосымша инвестицияларды тартыў, оларды тиккелей сырт ел инвестицияларына талап жоқары болған тараў ҳәм аймақларға бағдарлаў, усы ресурслардың өзлестирилиўин қадағалаўға алыў бойынша тапсырмалар берилди.
Мәжилисте тиккелей сырт ел инвестициялары есабынан аймақлық жойбарларды әмелге асырыў мәселесине айрықша итибар қаратылды.
Усы бағдардағы жумыслар нәтийжесинде өткен жылы 1 миллиард доллардан зыят инвестициялар өзлестирилген, 133 жаңа кәрхана иске түсирилген. Бирақ ҳәкимлер ҳәм олардың инвестиция бойынша орынбасарлары жумысты шөлкемлестириўде кемшиликлерге жол қойғаны ақыбетинде Ташкент қаласы, Қарақалпақстан Республикасы, Самарқанд, Әндижан, Ферғана, Наманган, Сурхандәрья, Сырдәрья ўәлаятларында айырым объектлер пайдаланыўға тапсырылмай қалған.
Мәмлекетимиз басшысы бундай жойбарларда жүзеге келген машқалаларды сапластырыў бойынша тармақ кестелерин ислеп шығыў ҳәм орынланыўын қадағалаўға алыў бойынша тапсырма берди.
Быйылғы жылда тиккелей инвестициялардың қатнасында 209 аймақлық жойбар әмелге асырылып, 1,9 миллиард доллар ямаса өткен жылға салыстырғанда 2 есе көп қаржы өзлестирилиўи режелестирилген. Мәжилисте усы ҳәм мәмлекетимиз елшилериниң жәрдеминде қәлиплестирилген қосымша жойбарларды әмелге асырыў ушын ҳәр бир аймаққа республика уйымларының басшылары жуўапкер етип бириктирилди.
Ендигиде аймақлар ҳәм тармақларда тиккелей сырт ел инвестицияларының қатнасындағы жойбарлар көлемин кеңейтиў, оларды әмелге асырыўда қатаң қадағалаў механизмин орнатыў ушын жаңа система шөлкемлестирилетуғыны мәлим етилди. Оған муўапық:
биринши-ўәлаят ҳәкимлери ҳәр ҳәптеде бир район ямаса қалаға барып, елшилер менен байланыс орнатқан ҳалда, ол жерге тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў илажларын көреди. Тап усы тәризде тармақ басшылары да ҳәр ҳәптеде бир ўәлаятқа барып, сол жердеги кәрханалары менен бирге әмелдеги жойбарларды орынлаўды жеделлестириў ҳәм қосымша инвестициялық жойбарлар бойынша жумысты шөлкемлестиреди. Зәрүр жағдайларда жергиликли басшылар ҳәм исбилерменлерге инвестициялық жойбарларды ислеп шығыўды үйретеди. Бас министр ҳәм оның орынбасары елшилердиң қатнасында аймақлар ҳәм тармақларға тартылған сырт ел инвестицияларын өзлестириў жағдайын турақлы додалап барады. Нәтийжелерге қарай, ҳәкимлер ҳәм тармақлардың басшылары хошаметленеди ямаса оларға мийнет ҳақысының 50 проценти муғдарында жәрийма қолланады.
Аймақларға бириктирилген республика уйымлары басшылары ўәлаят ҳәкимлери ҳәм елшилер менен биргеликте ҳәр бир район (қала)да тиккелей сырт ел инвестициялары қатнасындағы жойбарларды әмелге асырыў жағдайын үйренип, олардың орынланыўын жеделлестириў бойынша анық илажлар көреди. Сондай-ақ, қосымша жойбарлар бойынша усыныслар ислеп шығады ҳәм сырт ел инвесторларын тартады.
Екинши-Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети аймақлар ҳәм тармақлардың инвестициялық жойбарлары бойынша усынысларын улыўмаластырып, нәтийжелилигин баҳалайды ҳәм бирден-бир электрон «онлайн» базаны қәлиплестиреди.
Үшинши-Сыртқы ислер министрлиги ҳәм аймақларға бириктирилген елшилер бирден-бир электрон базаға киргизилген жойбарларға инвесторларды тартады.
Төртинши-Министрлер Кабинети сайлап алынған перспективалы жойбарларды әмелге асырыў ушын сырт ел инвесторлары менен тийисли келисимлерди рәсмийлестириў илажларын көреди ҳәм орынланыўын қадағалаўға алыў бойынша «жол картасы»н тастыйықлайды.
Шавкат Мирзиёев жаңа жойбарларға инвесторларды тартыўды және де жеделлестириў ушын ҳәр жылы барлық аймақларда кеминде бир мәрте сырт ел инвесторларының қатнасында инвестициялық форумлар өткериў, сондай-ақ, сырт елдеги ири халықаралық инвестициялық форумларда елимиз исбилерменлериниң қатнасыўын тәмийинлеў зәрүрлигин атап өтти. Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Сыртқы ислер министрлигине быйылғы жылда аймақларда шөлкемлестирилетуғын инвестициялық форумлардың реже-кестелерин қәлиплестириў бойынша көрсетпелер берди.
-Ең әҳмийетлиси, инвестициялық жойбарларды дурыс жайластырыў керек. Бул бағдарда инвесторлардың бирден-бир талабы-жойбар мөлшерленген жер зәрүр инфраструктура тармақларына ийе болыўы болып табылады. Соның ушын жақында урбанизация процесин жетилистириў бойынша Президент қарарын қабыл еттик, Буннан тийкарғы мақсет- инфраструктура бар ҳәм раўажланыўы қолайлы болған жерлерге инвесторлар тартылса, санааттың системалы раўажланыўына ерисе аламыз. Санаат бар жерде жумыс орынлары ҳәм дәрамат болады, турақ жайлар, социаллық объектлер, қалашалар қурылады,-деди Шавкат Мирзиёев.
Видеоселектор мәжилисинде және бир әҳмийетли мәселе-сырт ел инвесторлары жойбарларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў мәселеси додаланды. Халықаралық тәжирийбеден келип шыққан ҳалда, сырт ел инвесторларын қоллап-қуўатлаў қорын шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.
Быйылғы жылда коммерциялық банклер сырт ел банклериниң жәми 740 миллион доллар тиккелей кредитлерин тартыўы белгиленген. Мәжилисте узақ мүддетли, төмен процентли тиккелей сырт ел кредит ресурсларын тартыў жумысларын күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди.
Тиккелей инвестициялардың қатнасында исенимли жойбарлар портфелин қәлиплестирип барыў системасын жаратыў мәселеси де додаланды.
Быйылғы жылда 84 жойбар шеңберинде халықаралық финанс институтлары ҳәм донорлардың 2,7 миллиард доллар қаржысын өзлестириў нәзерде тутылған. Мәжилисте бул жойбарлар Министрлер Кабинети комплекслери кесиминде талланып, оларды өз мүддетинде ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша илажлар белгилеп берилди.
Буннан тысқары, 2 мың 800 социаллық тараў ҳәм инфраструктура объектин қурыў ҳәм оңлаў режелестирилген. Мәмлекетимиз басшысы халқымыздың турмыс сапасына тийисли бул мәселеге айрықша итибар қаратып, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери, мектеплер, денсаўлықты сақлаў объектлери, жоллар, ишимлик суўы тармақларын қурыў ҳәм реконструкциялаў бойынша белгиленген жумысларды жеделлестириў зәрүрлигин атап өтти.
Видеоселектор мәжилисинде Инвестициялық бағдарламаға киргизилген жойбарлардың орынланыўын шөлкемлестириў бойынша көрилип атырған илажлар ҳаққында ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлар, хожалық бирлеспелери басшылары ҳәм ўәлаят ҳәкимлериниң есаплары тыңланды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги