Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Қытай Халық Республикасы делегациясының ушырасыўлары
2018-12-18 | Жәмийет
Улыўмақытай дослыққа жәрдемлесиў ассоциациясының баслығы Чень Чжимин басшылығындағы Қытай Халық Республикасы делегациясы мәмлекетимизге келди.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт ел мәмлекетлер менен дослық байланыслары комитетинде 17-декабрь күни делегация ағзалары менен ушырасыў болып өтти.
Комитет баслығының орынбасары Р.Қурбанов мийманларға мәмлекетимизде миллетлераралық татыўлықты ҳәм кеңпейилликти тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған сиясат ҳаққында мағлыўмат берилди.
Чэнь Чжимин Қытай ҳәм Өзбекстан арасындағы дослық байланыслар ҳәм жақын шериклик барлық бағдарлар бойынша қатнасықларды раўажландырыўға жәрдемлесип атырғанын атап өтип, елимизде әмелге асырылып атырған жаңаланыўларға жоқары баҳа берди.
Ушырасыўда 2019-жылға мөлшерленген бирге ислесиў, оның шеңберинде киберқәўипсизлик тараўында экспертлер алмасыў, халық дипломатиясы ҳәм жәмийетте миллетлераралық татыўлықты тәмийинлеў бойынша қәнигелик арттырыўды шөлкемлестириў мәселелери додаланды.
Ташкент ўәлаяты ҳәкими Ғ.Ибрагимов пенен ушырасыўда «Бир мәкан, бир жол» жойбары шеңберинде биргеликте жаратылып атырған жаңа имканиятлар бойынша пикир алысылды.
Чэнь Чжимин Ташкент ўәлаяты Уллы жипек жолы қалалары ассоциациясына толық ҳуқықлы ағза сыпатында қабыл етилгенин атап өтти. Бул ассоциация Уллы жипек жолы бойлап жайласқан 43 сырт мәмлекет қаласы ҳәм ўәлаят және Қытайдың 6 қаласынан ибарат. Ўәлаят басшылығына тийисли сертификат тапсырылды.
Ташкент қаласы ҳәкимлигинде болып өткен сөйлесиўде дос қалалар – Ташкент ҳәм Шанхай арасында 25 жылдан берли даўам етип атырған табыслы бирге ислесиў ҳаққында сөз болды. Бул сәнени белгилеў шеңберинде бир қатар мәдений илажлар шөлкемлестириў режелестирилген. Ташкент қаласы ҳәкимлигине де Уллы Жипек жолы қалалары ассоциациясының сертификаты тапсырылды. Еки тәреплеме бирге ислесиў мәселелери ҳәм перспективалары додаланды.
Делегация ағзалары Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйи, Мәмлекетлик басқарыў академиясы ректоры Р.Қосимов пенен ушырасты. Дослық сөйлесиўде Өзбекстан менен Қытай қатнасықларының тарийхый тамырлары, бүгинги жағдайы ҳәм перспективасы ҳаққында пикир алысылды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги