Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
БАНК СИСТЕМАСЫН РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ БОЙЫНША ӘҲМИЙЕТЛИ ЎАЗЫЙПАЛАР БЕЛГИЛЕП АЛЫНДЫ
2018-11-22 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 22-ноябрь күни банк системасын реформалаў ҳәм банклердиң финанслық турақлылығын беккемлеў, аймақларды ҳәм исбилерменликти раўажландырыўда коммерциялық банклердиң ролин арттырыў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.
Кредит өндиристи ҳәм инфраструктураны раўажландырыў, исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаўда зәрүр дәрек болып есапланады. Бос қаржыларды тартып, оларды кредит сыпатында исбилерменлер ҳәм инвесторларға усынатуғын коммерциялық банклер экономикалық процесслерде әҳмийетли орын ийелейди.
Бул бағдарда көрилген системалы илажлар нәтийжесинде соңғы еки жылда банклер тәрепинен инвестициялық жойбарларды кредитлеў көлеми сезилерли дәрежеде кеңейип, кредит портфели көлеми 3,2 есеге артты. Аймақларды раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде 6 мың 400 жойбар ушын 27 триллион сумлық кредит ажыратылды.
Мәжилисте банк системасында унамлы нәтийжелер менен бирге, бир қатар машқалалар да бар екенлиги атап өтилди. Быйылғы жылда Президентимиздиң Виртуал ҳәм Халық қабыллаўханаларына банк тараўы бойынша 24 мыңнан аслам мүрәжат болғаны соны дәлиллейди.
Видеоселекторда машқалалы кредитлер мәселеси додаланды. Бундай кредитлер жәми кредитлердиң 1,8 процентинен аз болса да, жыл басына салыстырғанда артқаны атап өтилди. Аймақлар кесиминде машқалалы кредитлердиң 76 проценти Ташкент қаласына, 5 проценти Қашқадәрья, 3 проценти Бухара ўәлаятына туўра келеди.
Сондай-ақ, ҳәкимликлер ҳәм тармақлар тәрепинен айырым жойбарлар пухта ислеп шығылмағаны ақыбетинде бир қатар объектлер өз ўақтында иске түспегени ҳәм кредитлердиң қайтыўы созылып атырғаны көрсетип өтилди. Соның ишинде, Ташкент, Самарқанд, Бухара, Жиззақ, Сурхандәрья ўәлаятларында ҳәм Қарақалпақстан Республикасында кредит қаржылары ажыратылған айырым инвестициялық жойбарлар елеге шекем басланбағаны сынға алынды.
Турақ жай фондын оңлаў ҳәм турақ жай имаратларын қурыўға қайтарыў дәреклери менен имканиятлары толық үйренилмей кредит ажыратылыўы нәтийжесинде үмитсиз қарызлар көбеймекте. Мәселен, жеке турақ жай мүлк ийелери ширкетлери ҳәм көп қабатлы турақ жайлар қурылысы бойынша үлкен муғдарда машқалалы кредитлер бар. Олардан ең көби-Ташкент қаласында 32 миллиард сум, Қашқадәрья ўәлаятында 27 миллиард сум, Әндижан ўәлаятында 20 миллиард сум ҳәм Бухара ўәлаятында 14 миллиард сум.
Мәмлекетимиз басшысы машқалалы кредитлерди қайтарыў банклердиң имканиятларын және де кеңейтетуғынын, оларды өндириў бойынша банклер, қарыздар кәрханалар, компания ҳәм ассоциациялар, аймақлардың басшылары биргеликте жумыс алып барыўы зәрүрлиги атап өтилди. Банклердиң кредит ушын ресурслар топлаўдағы белсендилиги де жетерли емес. Халықтың ҳәм юридикалық шахслардың бос қаржыларын банк депозитлерине, биринши гезекте, мүддетли ҳәм жамғарып барылатуғын депозитлерге тартыў банклердиң финанслық турақлылығын беккемлеў имканиятын береди.
Президентимиз коммерциялық банклер тәрепинен финанс институтларының кредит линияларын және де көбирек тартыў ҳәм оларды толық өзлестириўди жеделлестириў зәрүрлигин атап өтти.
Коммерциялық банклердиң устав капиталы тийкарынан мәмлекетлик үлес есабынан арттырылып, жеке сектор қаржылары дерлик қаратылмағаны айрықша сынға алынды.
Өткен еки жылда мәмлекет тәрепинен банклердиң капиталына дерлик 1 миллиард доллар муғдарында қаржылар ажыратылған. Көрилип атырған илажларға қарамастан мәмлекетлик үлеске ийе барлық банклер, соның ишинде, «Қишлоқ қурилиш банк», «Ўзсаноатқурилишбанк», «Асака» банк, «Агробанк», «Микрокредитбанк», «Алоқабанк» ҳәм «Ипотека-банк» устав капиталында физикалық ҳәм юридикалық шахслардың акцияларының үлеси кескин азайған. Соның ушын жеке сектор қаржыларын банклердиң устав капиталына жедел тартыў кереклиги атап өтилди.
Мәжилисте коммерциялық банклердиң бақлаў кеңеслери банклердиң стратегиялық раўажланыў бағдарларын белгилеў ҳәм жумысын жақсылаў бойынша күтилгениндей ислемей атырғанына итибар қаратылып, Орайлық банк, Экономика министрлиги мәмлекет қарамағындағы банклердиң бақлаў кеңеслериниң жумысын сын көзқарастан үйренген ҳалда, олардың қурамын түп-тийкарынан қайта көрип шығыўы ҳәм нәтийжелилигин арттырыўы бойынша көрсетпе берилди. Мәмлекетимиздиң қаржы мәкемелериниң жумысын жетилистириў ушын сырт елден жоқары маманлықтағы қәнигелерди тартыў ўазыйпасы қойылды.
Мәмлекетимиз басшысы исбилерменликти раўажландырыў, халықты жумыс пенен тәмийинлеў мақсетинде микрокредитлер көлемин кескин арттырыў, оларды ажыратыў тәртибин әпиўайыластырыў зәрүрлигин атап өтти.
Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлердиң мәлимлемелери тыңланды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги