Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ЕҚБШ ПАРЛАМЕНТ АССАМБЛЕЯСЫ ДЕЛЕГАЦИЯСЫНЫҢ УШЫРАСЫЎЛАРЫ
2018-11-21 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Нызамшылық палатасында Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми Парламент Ассамблеясының баслығы Георгий Церетели басшылығындағы делегация менен ушырасыў болып өтти.
Онда Өзбекстанның ЕҚБШ Парламент Ассамблеясы менен бирге ислесиў қатнасықларының бүгинги жағдайы ҳәм келешектеги режелерине байланыслы мәселелер додаланды.
Олий Мажлис Сенатының Баслығы Н.Йўлдошев елимизде нызам үстинлигин тәмийинлеў, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылысты жетилистириў, суд-ҳуқық системасын және де реформалаў, қәўипсизлик ҳәм миллетлераралық татыўлық, сыртқы сиясатта өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў, трансмиллий қәўип-қәтерлер ҳәм қәўипсизликке қарсы гүресиў процесинде алып барылып атырған жумыслар бойынша мағлыўмат берди.
Илажда атап өтилгениндей, бүгинги күнде парламент дипломатиясы өз-ара исенимди беккемлеў ҳәм «халық дипломатиясы»н раўажландырыўдың ең әҳмийетли ресурсы сыпатында тән алынбақта. Соңғы жыллары Өзбекстан ЕҚБШ институтлары, соның ишинде, парламент Ассамблеясы менен әмелий бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге итибар қаратпақта. Трансмиллий қәўип-қәтерлер ҳәм қәўипсизликке қәўиплерге қарсы гүресиў. сондай-ақ, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарында ЕҚБШ Парламент Ассамблеясы менен өз-ара пайдалы бирге ислесиў үлкен әҳмийетке ийе.
Тәреплердиң атап өткениндей, Өзбекстанның ЕҚБШ менен бирге ислесиўди беккемлеўи шөлкемге ағза мәмлекетлер менен байланысларды раўажландырыў, елимизде әмелге асырылып атырған демократиялық реформалардың мазмун-мәнисин дүнья жәмийетшилигине жеткериў ушын жаңа имканиятларды жаратады.
– Өзбекстан дүнья жәмийетшилигинде алып барылып атырған демократиялық реформаларға мүнәсип үлес қосып келмекте,-дейди ЕҚБШ Парламент Ассамблеясының баслығы Георгий Церетели. – Бул тән алыўға ылайық тәрепи. Сондай-ақ, шөлкемимиз бенен бирге ислесиў байланысларының тикленип атырғаны да жүдә әҳмийетли. Бақлаўларымыз даўамында елиңизде бир қатар тараўларда әмелге асырылып атырған жаңаланыўлардың гүўасы болмақтамыз. Самарқандта Инсан ҳуқықлары бойынша Азия форумының өткерилип атырғаны елиңиздиң жәмийетлик-сиясий турмысында әмелге асырылып атырған ири реформалардың нәтийжеси болып есапланады.
Делегация ағзалары парламенттиң төменги палатасында да болды.
Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары С.Отамуродов пенен сөйлесиўде мийманларға елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, мәмлекетлик басқарыўда парламенттиң ролин ҳәм абырайын арттырыў бойынша көрилип атырған әмелий илажлар ҳаққында толық мағлыўмат берилди.
Делегация ўәкиллери Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжеси анық көзге тасланып атырғанын, бул болса тек ғана елимизде емес, ал пүткил региондағы жағдайға да унамлы тәсир өткерип атырғанын атап өтти.
57 мәмлекетти бирлестиретуғын ЕҚБШ Парламент Ассамблеясы менен елимиз парламенти арасында тығыз бирге ислесиў байланысларын кеңейтиў ҳәр еки тәреп ушын да пайдалы екени айрықша атап өтилди.
Шын жүректен ҳәм әмелий руўхта өткен сөйлесиўде Өзбекстанның ЕҚБШ Парламент Ассамблеясы менен байланысларды және де беккемлеўине байланыслы мәселелер ҳәр тәреплеме доланады. Бирге ислесиўдиң жаңа бағдарлары белгилеп алынды.
Зухра МИРЗАБОЕВА,
ӨзАның хабаршысы
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги