Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ИТАЛИЯ ДЕЛЕГАЦИЯСЫНЫҢ УШЫРАСЫЎЛАРЫ
2018-11-14 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигинде 14-ноябрь күни Италия сыртқы ислер ҳәм халықаралық бирге ислесиў министриниң орынбасары Манлио ди Стефано басшылығындағы делегация менен ушырасыў болып өтти.
Сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов пенен сәўбетте сиясий-дипломатиялық, саўда, инвестициялық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўларда бирге ислесиўди раўажландырыў, еллеримиз арасындағы пикирлесиўди «Өзбекстан-Европа Аўқамы» түринде беккемлеў, пайдалы шерикликтиң перспективалы бағдарларын белгилеў мәселелери додаланды. Тәреплерди қызықтырған регионаллық ҳәм халықаралық мәселелер бойынша пикир алысылды.
Сөйлесиўде товар айланысын буннан былай да арттырыўдан еки тәреп бирдей мәпдар екени атап өтилди. Усы жылдың өткен тоғыз айының жуўмақлары бойынша өз-ара саўда көлеми 206 миллион АҚШ долларын қурады. Бул 2017-жылға қарағанда 20 процент көп.
Атап өтилгениндей, 2019-жылда болып өтетуғын Саўда, экономика ҳәм санаат тараўында бирге ислесиў ҳәм экспорт кредитлери мәселелери бойынша ҳүкиметлераралық жумысшы топардың гезектеги мәжилиси бул бағдардағы бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў имканиятын береди.
Сол күни Сыртқы ислер министрлигинде Өзбекстан – Италия сиясий мәсләҳәтлесиўлериниң алтыншы дөгереги болып өтти.
Пикирлесиўде еки тәреплеме саўда-экономикалық байланыслардың ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективалары додаланды.
Өзбекстан –Италия ҳүкиметлераралық жумысшы топары институтының жумысын биргеликте раўажландырыў, исбилермен топарлар ўәкиллери арасында байланыслар орнатыў ҳәм беккемлеў имканиятын беретуғын бизнес-форум ҳәм көргизбелер шөлкемлестириў усынысы алға қойылды. Еллеримиз экономиканың реал секторында өз-ара пайдалы қатнасықларды раўажландырыў ушын жетерли потенциал ҳәм имканиятларға ийе екени атап өтилди.
Италия сыртқы ислер ҳәм халықаралық бирге ислесиў министриниң орынбасары Манлио ди Стефано басшылығындағы делегация Инвестициялар бойынша ҳәм Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетлеринде де сөйлесиўлер өткерди, «Өзбекстан металлургия комбинаты» АЖ менен Италияның «Danieli & C.Officine Mecchanicne S.p.A» компаниясы арасында бирликтеги жойбарды әмелге асырыў бойынша инвестициялық келисимге қол қойыў мәресиминде қатнасты.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги