Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

2019-жыл 1-январьдан баслап барлық мектеплерге автобуслар қатнаўы жолға қойылады ма? Анықлық киргизилди

2018-11-08 | Жәмийет

Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги айрым Интернет басылымларында елимиздиң барлық мектеплери 2019-жылдың 1-январына шекем автобуслар менен тәмийинлениўи ҳаққындағы хабарларға анықлық киргизди.

«Усы жылдың 2-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында халық билимлендириў системасын және де раўажландырыў бойынша реформалардың нәтийжелилигин арттырыў мәселелерине арналған жыйналыс өткерилген еди.

Усы жыйналыста 2019-жыл 1-январьға шекем орынлардағы мектеп филиалларын тийкарғы мектепке айландырыў ўазыйпасы қойылды. Тийкарғы мектеп шөлкемлестириў мақсетке муўапық болмаған орынларда емес, оқыўшылардың тийкарғы мектепке барыўы ушын автобус хызметлери енгизилиўи мәселесин үйренип шығыў зәрүрлиги атап өтилди. Бул баслама аўыл балаларының да жақсы шараятларда оқыўын тәмийинлеў, оқыўшылардың узағын жақынлатыўға бағдарланған.

Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги системасында 9,6 мыңнан аслам мектеплер жумыс алып бармақта ҳәм олардың барлығын еки айда автобуслар менен тәмийинлеў мүмкиншилиги жоқ. Сол себепли, бул мәселе биринши гезекте ең зәрүрли болған алыс аймақлардағы мектеплер ушын нәзерде тутылған», – деп жазады Халық билимлендириў министрлиги Баспасөз хаткери.

Буннан алдын «Халқ Сўзи. Онлайн» Президент басшылығындағы жыйналыста аймақлардың талабынан келип шығып, лицей ҳәм колледжлердиң босаған имаратын усы жылдың ақырына шекем Халық билимлендириў министрлиги ийелигине өткериў, 2019-жыл 1-январьға шекем орынлардағы мектеп филиалларын тийкарғы мектепке айландырыў, мектеп автобуслары менен системалы түрде тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берилгени ҳаққында хабар берген еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться