Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ХАЛЫҚ БИЛИМЛЕНДИРИЎ СИСТЕМАСЫН РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ БОЙЫНША РЕФОРМАЛАРДЫҢ НӘТИЙЖЕЛИЛИГИ ТАЛҚЫЛАНДЫ
2018-11-02 | Билимлендириў
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2-ноябрь күни халық билимлендириў системасын буннан былай да раўажландырыў бағдарындағы реформалардың нәтийжелилигин арттырыў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерди.
Тәлим-тәрбия системасын пүткиллей жаңа басқышқа көтериў мақсетинде усы жыл 5-сентябрь күни мәмлекетимиз басшысының «Халық билимлендириўин басқарыў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы, сондай-ақ, бир қатар қарарлары қабыл етилди.
Усы жыл 1-сентябрьден мектеплерде жумыс алып барып атырған 450 мыңнан аслам педагог ҳәм басшы хызметкерлердиң айлығы арттырылды. Халық билимлендириў хызметкерлерине жай, жер, турмыслық техника, қарамал ҳәм машина сатып алыў ушын жеңилликли кредитлер бериў системасы енгизилди. Олар ушын арнаўлы мәмлекетлик сыйлық шөлкемлестирилди. Оқытыўшыларды басқа жумысларға тартыў, мектеплерде тийкарсыз тексериў өткериў әмелиятына шек қойылды.
Усындай ис-ҳәрекетлер нәтийжесинде халық билимлендириў системасы быйылғы жылы 16 мың жоқары мағлыўматлы жас кадр менен толықтырылды. Дерлик 13 мың ер оқытыўшы мектеплерге қайтты.
Президентимиз тараў алдында және көплеген ўазыйпалар турғакнын, сабақлықлар менен тәмийинлеў, билимлендириў бағдарламаларының сапасы, оқытыўшылардың билим ҳәм қәнигелигин арттырыў, кадрлар жетиспеўшилигин сапластырыў, шет тиллерди оқыў имканиятын кеңейтиў бағдарындағы жумыслар талап дәрежесинде емеслигин атап өтти.
Халық билимлендириў системасында оқыў процесин автоматластырыў, оқыўшыларды мектепке қабыл етиў ҳәм көшириў хызметлерин электрон түрге өткериў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында жеке меншик мектеплерди шөлкемлестириў төмен алып барылып атырғаны атап өтилди.
Мәжилисте усы бағдарларда әмелге асырылыўы зәрүр болған илажлар додаланды.
Атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытта мектеп оқытыўшыларының билими ҳәм қәнигелиги талапқа жуўап бермейди. Системадағы 422 мыңнан аслам педагогтың 65 мыңы орта арнаўлы мағлыўматлы. Тек 11 мың оқытыўшы жоқары категориялы.
Ҳәзирги ўақытта 3 мыңнан аслам педагог кадрларға реал зәрүрлик бар. Соның ишинде, инглис тили, рус тили ҳәм әдебияты, баслаўыш класс, информатика, математика пәнлериниң оқытыўшылары жетиспейди.
Соның ушын Халық билимлендириў министрлиги, Орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў орайы, Мийнет министрлигине вакант лаўазымларға педагогларды тартыў, шетки аймақларға барып ислейтуғын оқытыўшыларды хошаметлеў ҳәм қәнигелигин арттырыў бойынша комплексли илажларды ислеп шығыў ўазыйпасы тапсырылды.
Оқыў-методикалық ҳәм сабақлықлардың сапасын арттырыў да әҳмийетли мәселелерден. Оқыў жылы басланғанына 2 ай толған болса да, 3-, 5-, 8-класс оқыўшылары ушын 33 мыңнан зыят сабақлық жетиспейди. Сабақлықларда қәтеликлердиң көплиги де ашынарлы жағдай. Бул бағдардағы кемшиликлерди сапластырыў бойынша тапсырмалар берилди.
Мәжилисте мектеплердиң имараты, олардың материаллық-техникалық базасы жағдайына да итибар қаратылды.
Мектеплерде 11 жыллық системаға өтилгеннен соң, оқыўшылардың саны 1 миллионға артқан. Бүгинги күнде 138 мектептиң филиалы өз имаратына ийе емес, 55 филиалда оқыўшылардың саны нормадан жоқары.
Инвестициялық бағдарлама шеңберинде 35 мектепте қурылыс-оңлаў жумысларын тезирек жуўмақлаў керек. 5 мыңнан аслам физика, химия ҳәм биология оқыў-лаборатория үскенелери, 43 мың топлам оқыў мебели зәрүр.
Президентимиз белгиленген мектеплердеги қурылыс-оңлаў жумысларын жуўмақлаў, орайласқан инвестициялық қаржылар есабынан оларды үскенелеў кереклигин атап өтти.
Аймақлардың талабынан келип шығып, лицей ҳәм колледжлердиң босаған имаратын усы жылдың ақырына шекем Халық билимлендириў министрлиги қарамағына өткериў, 2019-жыл 1-январьға шекем орынлардағы мектеп филиалларын тийкарғы мектепке айландырыў, мектеп автобуслары менен системалы тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берилди.
Мәжилисте мектеплерде билим бериў ҳәм өзлестириў дәрежеси бүгинги заман талапларына сәйкес емеслиги сынға алынды. 10-11-класс оқыўшыларын кәсип-өнерге үйретиў мақсетинде оқыў-өндирислик комплекслерин шөлкемлестириў ҳәм оларды үскенелеў жумыслары қанаатландырарсыз екени көрсетип өтилди.
Елимиз бойынша классларда оқыўшылардың саны орташа 23, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардың орайларында 40 оқыўшыны қурайды. Бизде ҳәр 13 оқыўшыға бир оқытыўшы туўра келеди, раўажланған мәмлекетлерде бул 10 оқыўшыдан аспайды. Классларда оқыўшылардың санын, ҳәптелик сабақ жүклемесин кеминде 5-10 процентке түсириў керек, деди мәмлекетимиз басшысы.
Улыўма билим бериў мектеплеринде мәлимлеме технологияларының енгизилиўин де қанаатландырарлы деп болмайды. Мысал ушын, айырым мектеплерде информатика пәни елеге шекем ески бағдарламалаў тили тийкарында өтилмекте, бир қатар компьютер үскенелери жарамсыз ҳалға келип қалған.
Сонлықтан, мектеплерде компьютер менен тәмийинленгенлик дәрежесин сын көзқарастан үйренип, оларды үскенелеў бойынша анық мәнзилли бағдарламалар ислеп шығыў, информатика пәнин оқыўтыўдың заманагөй усылларын енгизиў бойынша тапсырмалар берилди.
Елимизде сырт ел тәжирийбеси тийкарында жеке меншик мектеплерди раўажландырыў перпсективалы ўазыйпалардан екени атап өтилди.
Мәжилисте мектеплерди гүзги-қысқы мәўсимге таярлаў жумысларының барысы да додаланды. Халық билимлендириў ҳәм Қаржы министрликлери жергиликли ҳәкимликлер менен биргеликте 2 ҳәпте мүддетте мектеплерди гүзги-қысқы мәўсимге толық таярлаў илажларын көриў зәрүрлиги атап өтилди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги