Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ӨЗБЕКСТАН-РОССИЯ ЖАСЛАР БИЗНЕС-ФОРУМЫ
2018-10-30 | Экономика
Елимизде Өзбекстан-Россия жаслар фестивалы өткерилмекте. Фестиваль шеңберинде «Жаслар дөретиўшилик сарайы»нда биринши мәрте Өзбекстан-Россия жаслар бизнес-форумы шөлкемлестирилди.
Илажда еки елдиң жас исбилерменлери өз-ара тәжирийбе алмасыў менен бирге, бирликтеги бизнес жойбарларын әмелге асырыў, жаңа кәрханаларды шөлкемлестириў, информация технологиялары, цифрли коммерция сыяқлы тараўлар бойынша бирге ислесиўди жолға қойыў бағдарында сөйлесиўлер алып барды.
Бизнес-форумның ашылыўында Өзбекстан Саўда-санаат палатасының баслығы Адҳам Икрамов, Россия жаслар аўқамы баслығының орынбасары Татьяна Селивёрстова, Өзбекстан жаслар аўқамы орайлық кеңеси баслығының орынбасары, «Жаслар – келешегимиз» қорының атқарыўшы директоры Бунёдбек Бахромбеков Өзбекстан – Россия қатнасықлары көплеген тараўларда, соның ишинде, мәдений-гуманитарлық бағдарда избе-из раўажланып атырғанын атап өтти.
Усы жылда Өзбекстан жаслар аўқамы орайлық кеңеси ҳәм Россия жаслар аўқамы арасында жаслар мәселелери тараўында өз-ара бирге ислесиў ҳаққында түсинисиў меморандумына қол қойылған еди. Бул ҳүжжет еки ел жаслары арасында байланысларды күшейтиў ҳәм өз-ара пикир алмасыў тийкарында жаслар мәселелери тараўында бирге ислесиўди қоллап-қуўатлаўға ҳәм раўажландырыўға қаратылған.
Меморандумның орынланыўы шеңберинде быйыл 12-17-февраль күнлери Ташкент, Самарқанд, Бухара қалаларында 1-7-октябрь күнлери Россия Федерециясының Москва, Астрахань ҳәм Волгоград қалаларында Өзбекстан – Россия жаслар форумы көтериңки руўхта өткерилди. Россияда өткерилген илаж даўамында Белгород қаласында биринши Россия – Өзбекстан жаслар бизнес-инкубаторы ашылды.
Келешекте Ташкентте биринши Өзбекстан – Россия жаслар бизнес-инкубаторының ашылыўы күтилмекте. Бул ҳаққында Россия жаслар аўқамы баслығының орынбасары Татьяна Силивёрстова форумда мәлим етти.
Оның сөзлерине бола, усы жылы декабрь айында Ташкентте биринши мәрте бизнес-инкубатор шөлкемлестириледи. 2019-жылға барып мине сондай 5 бизнес-инкубатордың жумысын жолға қойыў режелестирилген.
Форумның және бир қатнасыўшысы, Россия жаслар аўқамы Халықаралық бизнес жойбарлар орайының директоры Алексей Ежовтың мәлим етиўинше, ҳәзирги ўақытта Россия Федерациясында 20 дан аслам Россия-Қытай жаслар бизнес-инкубаторы жумыс ислемекте. Келешекте Өзбекстан ҳәм Россия жасларының бизнес-инкубаторлары бул көрсеткишти қуўып жетеди. Бул ушын барлық шараят ҳәм имканиятлар бар. Қала берсе, усы тараўдағы басламаларды еллеримиз избе-из қоллап-қуўатламақта.
Форум қатнасыўшылары елимизде жас исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен таныстырылды.
– «Жаслар – келешегимиз» қорының жәрдеминде өз жумысымызды кеңейттик, – деди «Pop Innovations» ашық акционерлик жәмийетиниң директоры Сардоржон Раҳманов. – Кәрханамыз, тийкарынан, қурылыс материалларын ислеп шығарыўға қәнигелескен. Соңғы жыллары елимизде алып барылып атырған ири дөретиўшилик жумысларына қурылыс материалларын жеткерип бериўде кәрханамыз да қатнаспақта. Бул форум шеңберинде Россия бизнесиниң жас ўәкиллери менен бир қатар бирге ислесиў келисимлерине қол қойдық.
Илаж қатнасыўшылары электрон коммерция тараўын раўажландырыў перспективалары бойынша да пикир алысты.
– 2017-жылда жумыс баслаған компаниямыз қарыйдарларға онлайн саўда хызметлерин усыныс етпекте, – деди «Paynet» төлем системасы ҳәм «LeBazaar» интернет дүканының тийкарын салыўшы Ботир Орифжонов. – Ҳәзир раўажланған мәмлекетлердиң саўда қатнасықлары толық онлайн алыў-сатыўға өтпекте. Онлайн базар системасы елимиз халқы ушын қолайлықлар жаратады. Атап айтқанда, бар офлайн дүканлар да ҳәзир онлайн саўда қатнасықларына кирисиўге урынбақта. Онлайн саўданың жетилисиў нәтийжесинде өз-өзинен мобиль смартфонлар саўдасы кеңеймейте. Форум шеңберинде Россия бизнес ўәкиллери онлайн саўда тараўында бирге ислесиў бойынша келисимге еристик.
Мәлимлеме технология экономиканың әҳмийетли тармақларынан болып, форумда тараўда исбилерменликти раўажландырыўға байланыслы пикирлер де билдирилди. Соның ишинде, «My Taxi» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң басшысы Акмаль Файзиевтиң атап өтиўинше, Өзбекстан мәлимлеме технологиялары базарында табыслы тәжирийбелердиң жоқ екенлиги, қәнигелердиң жетиспеўшилиги ҳәм интернет пенен байланыслы бир қатар машқалалар бар болып, олар тараўдың раўажланыўына үлкен кесент етпекте.
– Бир ғана интернет мысалында алатуғын болсақ, елимизде бул хызметтиң баҳасы басқа мәмлекетлер менен салыстырған бир неше есеге қымбат. Мәлимлеме технологиялары базарының тийкарғы қуралларынан бири интернет болып есапланады. Ол ҳәмме ушын қалтаға қолайлы болмас екен, тараў исбилерменлиги раўажланбайды, – дейди ол. Форум шеңберинде еки елдиң жас исбилерменлери, кәрхана ҳәм компанияларының басшылары қатнасыўында «B2B» форматта ушырасыўлар шөлкемлестирилди. Оларда экономиканың түрли тармақлары бойынша бирликтеги жойбарларды әмелге асырыўға қаратылған келисимлерге қол қойылды.
Илаж шеңберинде өнерментшилик ҳәм сүўрет салыў көргизбеси шөлкемлестирилди. Қатнасыўшылар «Urban fest» аймағы: заманагөй аяқ ойын ҳәм граффити таңлаўы»нда өз шеберлигин сынақтан өткерди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги