Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Белгиленбеген орынларға шығынды таслаған пуқаралар 552 900 сумға шекем жәрийма төлейди
2018-10-22 | Жәмийет
Бул ҳаққында 2018-жылдың 19-октябрь күни Әдиллик министрлиги тәрепинен өткерилген «Әдиллик мәлимлемеси» атамасындағы брифинг ҳәм баспасөз конференциясында атап өтилди.
«Қоршаған орталықты қорғаў, тәбийғый ресурслардан, соның ишинде, ишимлик суўынан ақылға уғрас пайдаланыў тараўындағы ҳуқықбузарлықлар ушын жуўапкершиликтиң күшейтилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айрым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамның мазмунына бола, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске жаңа статья киргизилгени ҳаққында хабар берилди. Оған муўапық, белгиленбеген орынларға қатты турмыслық шығындыларды ҳәм қурылыс шығындыларын таслаў, сондай-ақ, суйық турмыслық шығындыларды төгиў – пуқараларға 92 150 сумнан 552 900 сумға шекем, лаўазымлы шахсларға болса 552 900 сумнан 921 500 сумға шекемги муғдарда жәрийма салыўға себепши болыўы атап өтилди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги